Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады

04.01.2023СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

4-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Ҳүкимет ҳәм министрликлер алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди

30.12.2022СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-декабрь күни ҳәкимшилик реформаларды әмелге асырыў, Ҳүкимет қурамы ҳәм жумыс системасын өзгертиў мәселелери, мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2023-жылдағы ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерилди.

Өзбекстан Президенти Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы менен телефон арқалы сөйлести

29.12.2022СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти ҒМДАның рәсмий емес саммитине қатнасты

26.12.2022ҒМДАДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басламасы менен өткерилген ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелерин додалады

24.12.2022СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-декабрь күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Әскерий прокуратура жумысы ҳаққында мәлимлеме берилди

23.12.2022СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Президент Шавкат Мирзиёев Әскерий прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың есабаты менен танысты.

Өзбекстан Президенти Венгрия бизнеси менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын кең имканиятлар бар екенин атап өтти

12.12.2022ЭкономикаДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни Венгрияның ең ири «ОТР» банки басқармасының баслығы Шандор Чаньиди қабыл етти.