Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ҳүкимет ҳәм министрликлер алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди
2022-12-30 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-декабрь күни ҳәкимшилик реформаларды әмелге асырыў, Ҳүкимет қурамы ҳәм жумыс системасын өзгертиў мәселелери, мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2023-жылдағы ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерилди.
Мәжилис алдында ҳәкимшилик реформалардан келип шығып, Президент пәрманлары менен қарарларына муўапық, лаўазымларға жаңадан тайынланған Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм министрлер жәрияланды. Олар жуўапкер болған тараўлардағы әҳмийетли мәселелер, халқымыз алдындғағы жуўапкершилиги көрсетип өтилди.
Жылдың қыйын болғанына қарамастан, экономикада унамлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди. Атап айтқанда, усы жылы жалпы ишки өним көлеми 5 проценттен жоқары пәтте артқан. Экспорт көлеми 14 прцентке өсип, 19 миллиард долларды қураған. Экономикаға 8 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары кирип келген.
Социаллық тараўда халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў мақсети тийкар болып қалмақта. Быйыл тарийхымызда биринши мәрте пенсия ҳәм социаллық напақалар муғдары минимал тутыныў қәржетлеринен аз болмаған дәрежеге шықты. Мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, халықты узақ жыллар қыйнап келген мәселелерди шешиўге үлкен қаржылар қаратылды. 2 миллионнан артық кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық жәрдем берилмекте. Аймақларда билимлендириў ҳәм медицина дәргайлары, ишимлик суўы тармақлары, жоллар қурылмақта.
Мәжилисте келеси жылы да экономиканың турақлы өсимин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар додаланды. Атап айтқанда, санаатта 5 проценттен, аўыл хожалығында 3 проценттен ҳәм хызметлер тараўында 14 проценттен артық өсимге ерисиў мақсети белгиленди.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине бизнес ушын шараятларды жақсылаў ҳәм салық базасын кеңейтиў, халықтың сатып алыў қәбилетин арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигине ири тармақларда нәтийжелиликти арттырыў, санаат бармаған районлардың потенциалын үйренип, олардың «өсиў ноқатлары»н иске қосыў ўазыйпалары қойылды. Экономиканы тек ғана инвестиция ҳәм экспорт алдынға тартыўы, келеси жылы экспорт көлемин 23 миллиард доллардан арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Улыўма баҳасы 8 миллиард долларлық 300 ден аслам жойбар иске қосылатуғыны ҳәм және 40 ири жойбар басланатуғыны атап өтилди.
Транспорт тараўында жолаўшы тасыў хызметлерин жақсылаў, барлық жоллардың санлы картасын ислеп шығыў, жолларда сервисти көбейтиў илажлары белгиленди.
Сондай-ақ, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илим, туризм, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтикада коррупцияны жоқ етиў, мәмлекет қарамағына мүтәж наўқаслар менен системалы ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Министрлер излениўи, пүткил системасы менен әмелде өзгерис ислеўи керек. Ҳәммемиз әпиўайы ҳәм пидайы болып, халықты сүйип, қатты мийнет етиўимиз зәрүр. Мақсетимиз-халқымызды разы етиў,-деди Президент.
Сын көзқарас руўхында болып өткен мәжилисте усы жылы жол қойылған кемшиликлер көрсетип өтилип, тийисли илажлар белгиленди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги