Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелерин додалады

2022-12-24 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-декабрь күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар, туўысқан Әзербайжан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер себепли Өзбекстан-Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы қатнасықлары барлық бағдарларда жедел раўажланып баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Атап айтқанда, жылдың басынан товар алмасыў 50 процентке артты. Ҳәр қыйлы бағдарларда, соның ишинде, энергетика тараўында, автомобильлер ислеп шығарыўды кеңейтиў, пахта-тоқымашылық ҳәм жипек жетистириў кластерлерин шөлкемлестириў, қурылыс материаллары ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарыў бойынша кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги инвестициялық фонды шөлкемлестирилмекте.

Мәмлекет басшылары тиккелей саўда шәртнамалары ҳәм узақ мүддетли инвестициялық келисимлердиң портфелин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы күнлери Өзбекстан Республикасы делегациясы бирге ислесиў жойбарларының әмелге асырылыўын тезлестириў илажларын келисиў ушын Баку қаласында болып турғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында болып өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться