Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Улыўма мағлыўмат

 

Өзбекистан Республикасының Министрлер Кабинети атқарыўшы ҳәкимиятты әмелге асырады. Өзбекистан Республикасының Министрлер Кабинети Өзбекистан Республикасының Бас министри, оның орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң баслықларынан ибарат. Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң баслығы Министрлер Кабинетиниң қурамына өз лаўазымы бойынша киреди.

Министрлер Кабинети:

  1. Нәтийжели экономикалық, социаллық, қаржылық, пул-кредит сиясатының жүргизилиўи, илим, мәденият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаўды және экономиканың ҳәм социаллық саланың басқа да тармақларын раўажландырыў бойынша бағдарламалар ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы ушын жуўапкер болады;
  2. Пуқаралардың экономикалық, социаллық ҳәм басқа да ҳуқықларын және нызамлы мәплерин қорғаў бойынша илажларды әмелге асырады;
  3. Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының жумысын муўапақластырады және бағдарлайды, олардың жумысының үстинен нызамда белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди;
  4. Өзбекистан Республикасы нызамларының, Олий Мажлис қарарларының, Өзбекистан Республикасы Президенти пәрманларының, қарарлары ҳәм бийликлериниң орынланыўын тәмийинлейди;
  5. Өзбекистан Республикасының Олий Мажлисине ҳәр жылы елимиздиң социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша баянатлар усынылады;
  6.  Өзбекистан Республикасының Конституциясы ҳәм Өзбекистан Республикасының нызамларында нәзерде тутылған басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

Министрлер Кабинети конституциялық нормалар шеңберинде ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық Өзбекистан Республикасының пүткил аймағындағы бәрше уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар және пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған қарарлар менен бийликлерди шығарады.

Министрлер Кабинети өзиниң жумысында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң алдында жуўапкер.

Әмелдеги Министрлер Кабинети жаңадан сайланған Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң алдындағы өз ўәкилликлеринен азат болады, бирақ Министрлер Кабинетиниң жаңа қурамы қәлиплестирилемен дегенше елимиз Президентиниң қарарына муўапық өз жумысын даўам еттирип турады.

Министрлер Кабинети өзиниң жумысын Өзбекистан Республикасының «Өзбекистан Республикасының Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Нызамына муўапық алып барады.

Министрлер Кабинети өзиниң ўәкилликлери шеңберинде:

  • экономикалық, социаллық-мәдений процесслерди басқарады, мүлкшиликтиң бәрше түрлерин үйлестириў ҳәм олардың теңлиги, экономиканы монополиядан шығарыў, базар экономикасының ҳуқықый механизмин иске қосыў тийкарында еркин исбилерменлик ушын шараят жаратады;
  • хожалық жүритиўдиң жаңа түрлери — концернлер, консорциумлар, тармақлараралық бирлеспелер, түрли уйымлар ҳәм басқа да усыған уқсас шөлкемлерди жаратыўға және беккемлеўге жәрдемлеседи, экономиканы раўажландырыў ҳәм халықтың талап-итияжларын канаатландырыў зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда олардың жумысын бағдарлайды және муўапықластырады;
  • Өзбекистан Республикасында ақша ҳәм кредит системасын беккемлеў илажларын әмелге асырыўға жәрдемлеседи, бирден-бир баҳа сиясатын өткериў, мийнетке ҳақы төлеў муғдарының белгиленген кепилликлерин және социаллық тәмийнат дәрежесин тәмийинлеў илажларын ислеп шығады ҳәм әмелге асырады;
  • Өзбекистан Республикасының Мәмлекетлик бюджетин, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасын экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыўдың перспективалы көрсеткишлерин және ең әҳмийетли бағдарламаларын ислеп шығады ҳәм олардың орынланыўын шөлкемлестиреди;
  • басқарыў структурасын жетилистириў ҳаққында, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, ведомстволар және Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўының басқа да уйымларын дүзиў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў ҳаққында усыныслар ислеп шығады;
  • илим ҳәм техниканы раўажландырыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў илажларын әмелге асырады;
  • пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, олардың мийнет етиўге, социаллық ҳәм ҳуқықый қорғалыўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў және қорғаў илажларын көреди, социаллық тәмийнат системасын жетилистиреди;
  • денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириўин раўажландырыў ҳәм жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын белгилейди, мәдениятты раўажландырыўға жәрдемлеседи;
  • Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик қәўипсизлиги ҳәм қорғаныў қәбилетин, мәмлекетлик шегаралардың қорғалыўын тәмийинлеў, мәмлекетлик мәплерди қорғаў, жәмийетлик тәртипти сақлаў илажларын әмелге асырыўға жәрдемлеседи;
  • мәмлекетлик басқарыў уйымларының тәбиятты қорғаў илажларын биргеликте өткериў және республикалық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе ири экологиялық бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша жумысларды муўапықластырады, ири авариялар ҳәм апатшылықлардың, сондай-ақ, тәбийғый апатшылықлардың ақыбетин жумсартыў илажларын көреди;
  • Өзбекистан Республикасының шет мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердеги ўәкиллигин тәмийинлейди, ҳүкиметлераралық шартнама және келисимлер дүзеди, оларды орынлаў илажларын көреди;
  • сырткы экономикалық жумыс, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў саласындағы басшылықты әмелге асырады.

Министрлер Кабинети «Правда Востока» газетасының шөлкемлестириўшиси, сондай-ақ, «Халқ сўзи» ҳәм «Народное слово» газеталарының да шөлкемлестириўшиси есапланады.

Мәнзил: 100078, Ташкент қаласы, Ҳүкимет үйи, Мустақиллик майданы, 5

Улыўма бөлим: +998 (71) 239-8676 

 Devonxona: +998 (71) 239-8260, +998 (71) 239-8486

Пуқараларды қабыллаў, хат ҳәм арзаларды көрип шығыў бөлими :

Teл.: +998 (71) 239-8114

Fаks: +998 (71) 239-8463