Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы Бас министри
Өзбекистан Республикасы Бас министри Министрлер Кабинети хызметин шөлкемлестиреди ҳәм оған басшылық етеди, оның нәтийжели жумыс алып барыўы ушын жеке өзи жуўапкер болады, Министрлер Кабинетиниң мәжлислеринде басшылық етеди, оның қарарларына қол қояды, халықаралық қатнасықларда Министрлер Кабинетиниң атынан жумыс алып барады және Ҳүкиметлераралық шәртнамалар ҳәм келисимлерге қол қояды, Өзбекистан Республикасының Президенти менен келисилген ҳалда Бас министрдиң орынбасарлары арасынды ўазыйпаларды бөлистиреди, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўын Министрлер Кабинетиниң мәжилисинде көрип шығыў талап етилмейтуғын мәселелер бойынша қарарлар қабыл етеди, Өзбекистан Республикасы Президентине ўәлаятлардың ҳәкимлерин ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимин тайынлаў және лаўазымынан азат етиў ҳаққында усыныснама киргизеди, Өзбекистан Республикасының нызамларында нәзерде тутылған басқа да ўазыйпаларды атқарады.
Өзбекистан Республикасы Бас министри кандидаты Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасынa сайлаўда ең көп депутатлық орнын алған сиясий партия ямаса тең муғдардағы ең көп депутатлық орынларын қолға киргизген бир неше сиясий партия тәрепинен усыныс етиледи.
Өзбекистан Республикасының Президенти Бас министр лаўазымына усыныс етилген кандидатты көрип шыққаннан соң он күн мүддет ишинде оны Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына көрип шығыўы ҳәм тастыйықлаўы ушын усыныс етеди.
Бас министр лаўазымынa кандидат Өзбекистан Республикасының Олий Мажлисинде оның кандидаты көрип шығылып атырғанда ҳәм тастыйықланып атырғанда Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген ҳәрекет бағдарламасын усынады.
Бас министр кандидаты оның ушын тийислисинше Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенаты ағзаларының улыўма санының ярымынан көби тәрепинен даўыс берилген жағдайда тастыйықланған есапланады.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ағзалары Бас министрдиң усынысына муўапық Өзбекистан Республикасының Президенти тәрепинен тастыйықланады.
Өзбекистан Республикасының Бас министри менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы арасында келиспеўшиликлер турақлы түс алған ҳалда Нызамшылық палатасы депутатлары улыўма санының кеминде үштен бир бөлеги тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң атына рәсмий түрде киргизилген усыныс бойынша Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қоспа мәжилисиндеги додалаўға Бас министрге болған исенимсизлик вотумын билдириў ҳаққындағы мәселе киргизиледи.
Бас министрге болған исенимсизлик вотумы тийислисинше Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзаларының улыўма санының кеминде үштен еки бөлеги даўыс берген жағдайда қабыл етилген есапланады. Бундай жағдайда Өзбекистан Республикасы Президенти Бас министрди лаўазымынан азат етиў ҳаққында қарар қабыл етеди. Бунда Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң толық қурамы Бас министр менен бирге отставкаға шығады.
Жаңа Бас министр кандидаты Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасындағы бәрше сиясий партиялардың фракциялары менен тийисли мәсләҳәтлесиўлер өткеригеннен соң Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарына көрип шығыў ҳәм тастыйықлаўға усыныс етиў ушын жибериледи.
Олий Мажлис тәрепинен Бас министр лаўазымына кандидат еки мәрте қайтарылған жағдайда Өзбекистан Республикасының Президенти Бас министр ўазыйпасын ўазыйпасын атқарыўшыны тайынлайды ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисин тарқатып жибереди.
Бас министр өз ўәкилликлерине киретуғын мәселелер бойынша бийликлар шығарады.
Бас министр Министрлер Кабинетиниң жумысы ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентине турақлы рәўиште мәлимлеме берип барады.
Бас министр жоқ ўақытта оның ўазыйпасын Бас министрдиң орынбасарларынан бири атқарады.