Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады
2023-01-04 | Сиясат
4-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыў пәти, соның ишинде, өз-ара товар алмасыўдың артып атырғаны, Өзбекстан ҳәм Россияның жетекши компанияларының қатнасыўында қоспа кәрхана ҳәм кооперациялық жойбарлары санының артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетлеримиз аймақлары арасындағы жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў, усы мақсетте ҳәр жылы Ташкент қаласында өткерилип атырған «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық көргизбеси ҳәм Өзбекстан-Россия Аймақлар форумының имканиятларын нәтийжели иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Нефть-газ тараўындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2022-жылдың 26-27-декабрь күнлери Санкт-Петербург қаласында болып өткен ҒМДА рәсмий емес саммитиниң пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўи әдеттегидей қызғын, дослық ҳәм әмелий руўхта болып өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги