Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Порталда жаңалық

Дыққат, өрт қәўипсизлиги күнлери!

2016-11-10

Ҳүрметли Ўатанласлар Бизге белгили, қыс мәўсиминде пуқаралардың жылытыў қурылмаларына болған талабы бираз артады. Бул өрт қәўпиниң артыўына себеп болады.

Өзбекистан Республикасы Бас министриниң 2016-жыл 7-ноябрьдеги тапсырмасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 18-ноябрьдеги 309-санлы қарарына тийкарланып усы жылдың 10-ноябринен 2017-жылдың 10-январына шекем елимизде «Өрт қәўипсизлиги күнлери» өткериледи. Қарарда көрсетилгениндей, бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет экономика тармақларын ҳәм социаллық тараў объектлерин, сондай-ақ, турақ-жай фондын өрт қәўипсизлиги талапларына муўапық ҳалға келтириў және оғада зәрүр мәмлекетлик әҳмийетке ийе ямаса өрт ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған объектлерде өрт қәўипсизлигин беккемлеў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыўдан ибарат.

Әзиз ЎатанласларS Сизден бул илажға белсене қатнасыўыңызды сорай отырып, бул дәўирде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етип, Сиз тек ғана бул илаждың белсенди қатнасыўшысына айланып қалмастан, ал усы арқалы мәмлекеттиң ҳәм өзиңиздиң жеке мүлкиңизди, турақ-жайыңызды өрттен қорғаған, сондай-ақ, жақынларыңыздың ҳәм перзентлериңиздиң қәўипсизлигин тәмийинлеген боласыз.

Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы «Өрт қәўипсизлиги күнлери» илажларының өткерилиўинде белсене қатнасқан инталы жерлеслеримизге алдыннан шын жүректен миннетдаршылық билдиреди.

Поделиться