Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Миллий байрамлар
14 январь – Ўатан қорғаўшылары күни | |
8 март –Халық аралық ҳаял-қызлар күни | |
21 Maрт - Наўрыз Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин өзбек халЁынен кейин өзбек халқының ески үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери күшке кирди, соның ишинде Наўрыз байрамын белгилеў өзине тән түрге ийе болды. Бул байрам барлық халықлардың дослық ҳәм бирлик белгисине ийе болған улыўмахалықлық байрам. Бүгинги күнде Наўрыз байрамы Әлийшер Наўайы майданында салтанатлы түрде белгиленеди. | |
9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни | |
1 сенябрь – Ғәрезсизлик күни θзбекистанда жасап атырған түрли миллет ўәкиллери, дини ҳәм келип шығыўына қарамастан θзбекистанның барлық аймақларында қызғын түрде белгиленеди. | |
1 октябрь – Устаз ҳәм оқытыўшылар күни Мектеп ҳәм оқыў орынларының оқыўшылары турмыстың дәслепки билимлерин берген устазларға терең иззетте болып келмекте.Усы күни оқытыўшыларды миннетдаршылқ пенен гүллер, саўғалар менен өмир жолындағы мийнети ушын шын жүректен қутлықлайды. | |
8 декабрь –Конституция күни | |
Рамазан Ҳайты Усы шәртлерди орынлағаннан соң үш күннен ибарат болған Рамазан Ҳайты басланады. "Рамазан ҳайты"ның биринши күни демалыс күни есапланады. | |
Қурбан Ҳайты Мусылманлар тәрепинен нышанланатуғын дүньядағы ең үлкен диний байрамлардан бири. Бул байрамның негизи, өз улын Алла жолына қурбан етиўге таяр болған Пайғамбар Ибраҳим (а.с.) менен байланыслы болған тарийхый ўақыяға тақалады, сонда оның ҳәрекети Алла тәрепинен тоқтатылып орнына ҳайўан (қой, түйе ҳәм басқа жанлық) қурбан етилиўи буйырылады. Байрам үш күн даўам етеди ҳәм мусылманар бул күнлерди шаңарақ ҳәм туўысқанлары ортасында өткереди. Байрам күнлери адамлар узақ-жақында жасаўшы жақынларының жағдайынан хабар алады, мүтәжине жәрдем береди. "Қурбан Ҳайты"ның биринши күни демалыс күни есапланады. |