Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мәмлекетлик белгилер
ΘЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАЙРАҒЫ
θзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағы θзбекистан Республикасының 1991 жыл 18 ноябрдеги 407-XII-санлы«θзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы менен тастыйықланған.
θзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағы θзбекистан Республикасы мәмлекетлик суверенитетиниң белгиси болып табылады.
θзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағы xалық аралық қатнасықларда θзбекистан Республикасының тымсалы есапланады.
θзбекистан Республикасының Мәмлекетлик байрағы — байрақтың пүтин узынлығы бойлап өткен таў сарғыш рең, ақ рең ҳәм тойғын жасыл реңли үш енине тартылған туўры төртмүйешлик формасындағы гезлеме болып табылады.
ΘЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ГЕРБИ
Мәмлекетлик герби θзбекистан Республикасының 1992жыл 2 июльдеги 616-XII-санлы «θзбекистан Республикасы мәмлекетлик герби ҳаққында»ги Нызамы менен тастыйықланған.
θзбекистан Республикасы мәмлекетлик герби төмендегидей көриниске ийе: таўлар, дәрьялар ҳәм шеп тәрепи бийдай масақларынан, оң тәрепи болса шанақлары ашылған ғаўаша шақаларынан ибарат шеңберге оралған гүллеген ойпат бойлап қуяш нурларын ifisg турады. Гербтиң жоқарғы бөлиминде Республиканың ҳүр екенлигиниң белгиси ретинде сегизмүйешлик сүўретленген болып, оның ишки бөлиминде ярым ай ҳәм жудыз сүўретленген.. Гербтиң орайында бахыт ҳәм еркинликти сүйиўши белги —қанатларын жайған Қумай қусы сүўретленген.. Гербтиң төменги бөлиминде θзбекистан Республикасының мәмлекетлик байрағын сәўлелендириўши шеңбер лентасының бәнтинде «θзбекистан» деп жазылған.
θзбекистан Республикасы мәмлекетлик гербиниң реңли көринисинде: Қумай қусы ҳәм дәрьялар — гүмис реңде; қуяш,масақлар, пахта ханалары ҳәм «θзбекистан» жазыўы — алтын реңде; ғаўаша шақалары ҳәм жапырақлары, таўлар ҳәм ойпат — жасыл реңде; ханалардағы пахта —ақ реңде;лента — θзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағының реңлерин сәўлелендириўши үш реңде;сегизмүйешлик — алтын менен ойылған ҳалда ҳаўа реңде;ярым ай ҳәм жулдызлар —ақ реңде сүўретленген.
ΘЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИθзбекистан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң тексти ҳәм музыкасы θзбекистан Республикасының 1992жыл 10 декабрьдеги 768-XII-санлы «θзбекистан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққындағы»ғы Нызамы менен тастыйықланған.
θзбекистан Республикасының Мәмлекетлик Гимни θзбекистан Республикасының Мәмлекетлик суверенитетиниң белгиси болып табылады.
θзбекистан Республикасының Мәмлекетлик Гимнине зор ҳүрмет пенен қараў θзбекистан Республикасының ҳәр бир пуқарасының ўатан сүйиўшилик ўазыйпасы болып табылады.
Мутал Бурханов музыкасы
Абдулла Арипов сөзи
...
...
Серқуёш ҳур ўлкам, элга бахт, нажот,
Сен ўзинг дўстларга йўлдош, меҳрибон!
Яшнагай то абад илму фан, ижод,
Шуҳратинг порласин токи бор жаҳон!
Нақорат:
Олтин бу водийлар - жон Ўзбекистон,
Аждодлар мардона руҳи сенга ёр!
Улуғ халқ қудрати жўш урган замон,
Оламни маҳлиё айлаган диёр!
Бағри кенг ўзбекнинг ўчмас иймони,
Эркин, ёш авлодлар сенга зўр қанот!
Истиқлол машъали тинчлик посбони,
Хақсевар, она юрт, мангу бўл обод!
Нақорат:
Олтин бу водийлар - жон Ўзбекистон,
Аждодлар мардона руҳи сенга ёр!
Улуғ халқ қудрати жўш урган замон,
Оламни маҳлиё айлаган диёр!
...
Өзбекстан Республикасының мәмлекет мақтаў қосығын жүклеп алыў