Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Министрлер Кабинетиниң аппараты

Аппарат республика Ҳүкиметиниң хызметин шөлкемлестириўшилик ҳәм мәлимлеме-таллаў жақтан тәмийинлейди, Министрлер Кабинети ҳәм оның Президиум мәжилислерин, Өзбекистан Республикасы нызамлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Ҳүкимет қарарларының жойбарларын таярлайды, оларды әмелге асырыў бойынша әмелий ис-илажларды ислеп шығады және системалы рәўиште орынланыўын қадағалайды.

Аппарат өз хызметин Өзбекистан Республикасының Бас министри басшылығында әмелге асырады.

Аппарат оған жүкленген ўазыйпалар ҳәм функцияларды атқарыўда Өзбекистан Республикасы Президенти, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының аппаратлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислеседи.

Аппараттың ўазыйпалары болып төмендегилер/span>есапланады:

  • мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер менен бирликте Өзбекистан Республикасының Конституциясында, «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамында, басқа нызамларда ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметине берилген ўәкилликлердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
  • республиканы социаллық-экономикалық раўажландырыў тенденцияларын комплексли анализ етиў, макроэкономикалық көрсеткишлер динамикасының, структуралық ҳәм институционаллық қайта өзгертириўлердиң, Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети орынланыўының системалы мониторингин алып барыў;
  • макроэкономикалық турақлылықты, экономиканың тармақлары менен секторларында базар реформаларын және де тереңлестириўди, исбилерменликти кең раўажландырыўды, аймақларды комплексли раўажландырыўды тәмийинлейтуғын, сондай-ақ экономиканы турақлы пәт пенен өсириўге, халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс дәрежесин избе-из арттырыўға бағдарланған ең әҳмийетли ўазыйпалар бойынша усыныслар ислеп шығыў;
  • орайлық экономика кеңселерин ҳәм олардың аймақлық уйымларын, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органларын тартқан ҳалда мәмлекетлик бағдарламалары, сондай-ақ, экономиканың тармақлары ҳәм мәмлекет аймақларында экономикалық, социаллық ҳәм административлик реформалар барысының системалы анализин шөлкемлестириў;
  • инвестиция бағдарламасы, экономиканың базалық тармақларын модернизациялаў , техникалық жақтан жаңалаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў ҳәм жергиликлестириў бағдарламаларының әмелге асырылыўы үстинен мониторинг системасын жаратыў;
  • мәмлекетти раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлеринен ҳәм оның экономикалық қәўипсизлигинен келип шығып, республиканың сырт еллер, мәмлекетлердиң регионаллық бирлеспелери, халықаралық экономикалық шөлкемлер ҳәм финанслық институтлар менен сыртқы экономикалық байланысларды және де раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм республиканың экспортлық потенциалын арттырыўға қаратылған сыртқы экономикалық бирге ислесиў бойынша баслы ўазыйпалар туўралы усыныслар ислеп шығыў;
  • қабыл етилип атырған қарарлардың экономиканың айрықша тармақларына, аймақларға ҳәм улыўма мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына қысқа мүддетли ҳәм узақ мүддетли тәсирин комплексли баҳалаўды өз ишине алатуғын нызам ҳүжжетлери ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары ҳәр тәреплеме экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертиза етилиўин тәмийинлеў;
  • раўажландырыўдың мақсетли мәмлекетлик бағдарламаларының әмелге асырылыўы, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың бәрше дәрежелеринде Өзбекистан Республикасының нызамлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Ҳүкимет қарарларының орынланыўының системалы қадағаланыўын тәмийинлеў.

Аппарат өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын төмендеги функцияларды әмелге асырады:

  • Өзбекистан Республикасы Конституциясында, «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Нызамында, басқа да нызамларда ҳәм Өзбекистан Республикасының Президенти ҳүжжетлери менен тапсырмаларында Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша анық ис-илажларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады;
  • Өзбекистан Республикасы Президенти, Өзбекистан Республикасының Бас министри ҳәм оның орынбасарларының тапсырмалары бойынша тийисли аналитикалық мағлыўматнама, статистикалық материаллар және усынысларды улыўмаластырады ҳәм таярлайды, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасының Министрлер Кабинетинде көрип шығыў талап етилетуғын мәселелерди ҳәр тәреплеме ислеп шығады;
  • мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен республика Ҳүкиметине Өзбекистан Республикасының нызамлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Ҳүкимет қарарлары, халықаралық шәртнамалар ҳәм республика Ҳүкиметинде көрип шығыў талап етилетуғын басқа да ҳүжжетлердиң жойбарларын киргизиўде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети Регламенти талапларының орынланыўын тәмийинлейди;
  • Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен көрип шығыў ушын киргизилетуғын ҳәм республика Ҳүкимети тәрепинен қабыл етилетуғын нызам ҳүжжетлери және басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ҳәр тәреплеме экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткереди;
  • мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен Өзбекистан Республикасының нызамлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Ҳүкимет қарарларының орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды шөлкемлестиреди, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша шөлкемлестириўшилик ис-илажлар ҳәм қадағалаў режелерин ислеп шығады;
  • машқалалы мәселелерды шешиў ҳәм экономиканың тармақлары менен тараўларын, сондай-ақ, республика аймақларын динамикалық раўажландырыў бойынша келешектеги ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша усыныслар ҳәм анық (алдын алыўшы) ис-илажларды ислеп шығады ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасарларына және Бас министрге усынады;
  • экономика ҳәм социаллық тараўдың әҳмийетли баслы ўазыйпалары, мәмлекетлик бағдарламаларының әмелге асырылыўы, Өзбекистан Республикасының нызамлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Ҳүкимет қарарларының орынланыўы бойынша тийисли системаласқан мағлыўматлар базасын қәлиплестиреди ҳәм жүргизеди;
  • республика Ҳүкимети ҳәм оның Басшылығы мәжилислерин, Өзбекистан Республикасы Президенти, Өзбекистан Республикасының Бас министри ҳәм оның орынбасарларының қатнасыўындағы жыйналыслар ҳәм басқа да илажлардың өткизилиўин тәмийинлейди, қабыл етилген қарарлардың әмелге асырылыўын қадағалайды;
  • Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң комиссиялары, кеңеслери ҳәм басқа да жумысшы уйымлардың жумысларын шөлкемлестиреди, олар тәрепинен қабыл етилген қарарлардың орынланыўын муўапықластырады ҳәм қадағалайды;
  • республика Ҳүкиметиниң нызам жойбарларын таярлаў режелерин ислеп шығады ҳәм әмелге асырады, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен киргизилген нызам ҳүжжетлериниң жойбарлары ҳәм басқа да мәселелер бойынша Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм олардың комитетлери менен өз-ара бирге ислеседи, сондай-ақ, оларды жалпы мәжлислерде талқылаў ҳәм қабыл етиўде қатнасады;
  • физикалық ҳәм юридикалық шахслардың Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине жоллаған мүрәжатларын «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының талапларына муўапық көрип шығады;
  • сыр сақлаў режимин, мәмлекетлик сыр болған мағлыўматлар және нызам менен қорғалатуғын басқа да мәлимлемелердиң қорғалыўын тәмийинлейди;
  • жәмәәтшиликтиң Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети хызмети ҳаққында белгиленген тәртипте хабардар етилиўин шөлкемлестиреди;
  • Аппарат Өзбекистан Республикасының нызамларына, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары, бийликлери ҳәм тапсырмаларына, сондай-ақ, республика Ҳүкиметиниң қарарларына муўапық басқа да функцияларды атқарады.

Аппараттың структурасына Аппарат басқарыўшысы ҳәм оның орынбасары, Аппараттың структуралық бөлимлери – мәмлекет экономикасының әҳмийетли комплекслери, тармақлар ҳәм тараўлары бойынша мәлимлеме-талқылаў департаментлери, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң секретариаты, Өзбекистан Республикасы Бас министри орынбасарларының аппаратлары, Аппарат басқарыўшысы ҳәм оның орынбасарының секретариатлары, Ҳуқықый экспертиза ҳәм халықаралық шәртнамалар басқармасы, функционал бөлимлер киреди.

Мәлимлеме-талқылаў департаментлериниң қурамында секторлар, Ҳуқықый экспертиза ҳәм халықаралық шәртнамалар басқармасының қурамында болса бөлимлер шөлкемлестириледи.

Аппарат структурасы ҳәм хызметкерлериниң шекленген саны Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланады.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң аппарат басқарыўшысы өз статусы, материаллық тәмийнаты, социаллық-турмыс, транспорт ҳәм медициналық хызмет көрсетиў шараятлары бойынша министрге теңлестириледи, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы менен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи.

Аппарат басқарыўшысының тийкарғы ўәкиллик ҳәм ўазыйпалары:

  • Министрлер Кабинетиниң аппарат хызметин шөлкемлестиреди ҳәм аппаратқа жүклетилген ўазыйпалардың орынланыўы ушын жуўапкер есапланады;
  • Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрман ҳәм қарарлары, Ҳүкимет қарарларының жойбарлары экспертизасы және сапалы таярланыўын шөлкемлестириў бойынша Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары менен тығыз бирге ислесиўде болады;
  • Министрлер Кабинетине киргизилетуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердың жойбарларын, аналитикалық материалларды терең ҳәм сапалы таярлаў, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрман ҳәм қарарлары, Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети қарарларының жойбарларын ҳәр тәреплеме экспертизадан өткериў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң мәлимлеме-талқылаў департаментлери хызметиниң муўапықластырылыўын тәмийинлейди;
  • Нызамлар, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрман ҳәм қарарлары, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекистан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳәм Ҳүкиметте көрип шығылыўы зәрүр болған басқа да ҳүжжетлердиң жойбарлары Министрлер Кабинетине киргизилиўинде атқарыўшы уйымлар тәрепинен белгиленген регламент талапларына әмел етилиўиниң үстинен қадағалаўды әмелге асырады;
  • атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен атқарыўшылық интизамын беккемлеў және Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрман, қарар ҳәм тапсырмалары, Ҳүкимет қарарларының орынланыўын қадағалаў ис-илажларын әмелге асырады;
  • Өзбекистан Республикасының Ҳүкимети аппараттың оған тиккелей бойсынатуғын структуралық бөлимлериниң хызметине басшылық етеди, Бас министр Секретариаты ҳәм Бас министр орынбасарлары секретариатларының жумысын муўапықластырады;
  • Ҳүкимет қарарларына муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.