08:55:17 (GMT+5)    19.02.2025

Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
ЯнварьФевральМарт
АпрельМайИюнь
ИюльАвгустСентябрь
ОктябрьНоябрьДекабрь
Календарь

Ўақыялар

Февраль 2025
Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
12
3456789
10111213141516
17181920212223
2425262728  
       
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы менен телефон арқалы сөйлести

2022-12-29 | Сиясат

29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жоллады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип щығылды.

Усы жылдың  14-15-июль күнлери Түркменстан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары ҳәм 20-21-октябрь күнлери Өзбекстан Президентиниң Түркменстанға рәсмий сапарында, сондай-ақ, көп тәреплеме шөлкемлер шеңбериндеги ушырасыўларда ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Барлық тийкарғы бағдарлардағы бирге ислесиўдиң әдеўир жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда көлеми артпақта, санаат, энергетикада кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта, нәтийжели аймақлар аралық байланыслар раўажланбақта, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламалары жүзеге шығарылмақта.

Парламентлер аралық пикирлесиў, соның ишинде, Орайлық Азия регионында жаңа дәрежеге көтерилгени атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Президенти ҳәм Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы жақынласып киятырған Жаңа Жыл байрамыы менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан халықларымызға абаданлық, тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться