Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықаралық бирге ислесиў
1991-жыл 31-август - Өзбекистан Республикасының ғәрезсизлиги рәсмий жәрияланған күн – мәмлекетимиздиң халықаралық шерикликке кең көлемли ҳәм динамикалық интеграциясы басланған сәне есапланады.
Бүгинги күнде . Өзбекистан дүньяның 130 дан алсам мәмлекети менен дипломатиалық байланыслар орнатқан.
Ташкентте 45 шет мәмлекеттиң елшиханалары, 8 абыройлы консульхана, 19 халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары, 18 халықаралық қаржы шөлкемлериниң ўәкилханалары, 1 дипломатиалық статусқа ийе болған саўда ўәкилханалары жумыс алып бармақта. .
Бүгинги күнде сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлерде Өзбекистан Республикасының 47 дипломатиялық ҳәм консульлық ўәкилханалары жумыс алып бармақта.
Өзбекистан 100 ден аслам халықаралық шөлкемлерге ағза болып, ҳәр түрли көп тәреплеме бирге ислесиў структуралары менен байланысларды раўажландырмақта.
Елимиздиң Сыртқы сиясий жумыс концепциясына муўапық, Өзбекистанның сыртқы сиясатының тийкарғы ең әҳмиетли жөнелиси Орайлық Азия регионы болып, елимиздиң турмыслық әҳмийетли мәплери усы регион менен тығыз байланыслы.
Өзбекистанның Орайлық Азиядағы сиясаты регионда тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўге, регионаллық қәўипсизликтиң ең әҳмийетли машқалаларын шешиўге, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайды сапластырыўға жәрдемлесиўге, Орайлық Азияның трансшегаралық суў бассейнлери ресурсларынан дурыс ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўды және регионда экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге, шегараларды делимитация демаркация етиў процесслерин жуўмақлаўға, жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүрес бағдарында нәтийжели илажлар көриўге, бәрше қоңсы еллер менен өз-ара тығыз, пайдалы ҳәм әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған.
Өзбекистан өзиниң жақын қоңсылары менен катнасықларда ҳәмийше ашық, дослық ҳәм прагматик сиясат алып барыў тәрепдары болып қалады, региондағы бәрше ең әҳмийетли сиясий, экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды Орайлық Азия еллери тәрепинен өз-ара мәплерди есмапқа алған ҳалда, әмелий сөйлесиў ҳәм халықаралық ҳуқық нормалары тийкарында шешилиўин жақлайды..
Өзбекистан Аўғанстанға салыстырғанда дәстүрий тәризде жақсы қоңсышылық ҳәм дослық сиясат алып барады жане бул мәмлекеттиң ишки ислерине араласпаў, оның менен өз қатнасықларын еки тәреплеме тийкарда, аўған халкы таңлаған ҳүкиметти қоллап-қуўатлаў сиясатын өзине мақул көреди. Өзбекистанның пикиринше, Аўғанстанда урысты тоқтатыў ҳәм тынышлық орнатыўдың бирден-бир жолы – сиясий жол болып, аўған машқаласы бағдарында түрли қарама-қарсы тәреплер арасында сөйлесиўлер жолы менен өз-ара келисимге ерисиў ҳәм мәмлекеттиң тийкарғы миллий және этникалық топарларының ўәкиллерин өз ишине алған ҳүкимет дүзиўден ибарат.
Өзбекистанның сыртқы сиясатының ең әҳмийетли жөнелиси ҒМДА ға ағза еллер болып табылады. Өзбекистанды бул мәмлекетлер менен тарийхый қәлиплескен сиясий, экономикалық, транспорт- коммуникациялық ҳәм басқа да байланыслар бирлестирип турады. Өзбекистан ҒМДА ның бәрше еллери менен еки тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын тең ҳуқықлы, өз-ара пайдалы, бир-бирин ҳүрмет етиў тийкарында жолға қойыўды даўам еттиреди.
Өзбекистан Республикасы менен Россия Федерациясы арасындағы Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама (2004-жыл 16-июнь), Аўқамлас қатнасықлар ҳаққындағы шәртнама (2005-жыл 14-ноябрь), сондай-ақ, Стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳаққындағы декларация (2012-жыл 4-июнь) тийкарында Россия Федерациясы менен дослық байланысларын избе-из раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме беккемлеў еки елдиң мәплерине сәйкес келеди және регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликтиң беккемлениўине хизмет етеди. Саўда-экономикалық байланысларды ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў және диверсификациялаў, трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў ҳәм регионда тынышлық турақлылықты сақлаў мәселелериндеги бирге ислесиў - Өзбекистан ҳәм Россия арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли бағдары болып табылады.
Америка Қурама Штатлары менен ухсас мәплер тийкарында ҳәр тәреплеме өз-ара пайдалы ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў Өзбекистанның сыртқы сиясатында үлкен әҳмийетке ийе болып қалмақта. Бул қатнасықлар 2002-жылдың 12-мартында қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен АҚШ арасында Стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиў тийкарлары ҳаққындағы декларацияға тийкарланады. Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылық орнатыўға жәрдемлесиў, трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған модернизация ҳәм реформалар процесслерин қоллап-қуўатлаў мәқсетинде инвестициялар және технологиялар саласындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери еки тәреплеме байланыслардың әҳмийетли бөлеги есапланады.
Өзбекистан Европаның жетекши мәмлекетлери менен, сондай-ақ, Европа Аўқамы ҳәм НАТО менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен итибар қаратады. Саўда, инвистициялық ҳәм қаржылық бирге ислесиўди раўажландырыў, жоқары технологиялар трансфери, илим, техника, билимлендириў, экология, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият саласындағы өз-ара пайдалы байланыслар, сондай-ақ, регионаллық қәўипсизликти беккемлеў Өзбекистанның Европа еллери және шөлкемлери менен бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарлары болып табылады.
Өзбекистан өзиниң жақын регионаллық қоңсысы және глобаллық машқалаларды шешиўде әҳмийетли орын тутатуғын мәмлекет сыпатында Қытай Халық Республикасы менен стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўден мәпдар. Қытай менен еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў 2012-жыл 6-июньде қол қойылған Өзбекистан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы арасындағы Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы қоспа декларацияға, және 2013-жыл 9-сентябрьде қол қойылған Дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама, соның менен бирге, Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм тереңлестириў ҳаққындағы бирликтеги декларацияға тийкарланады.
Азия – Тыныш океаны регионындағы барлық жетекши еллер менен өз-ара пайдалы тийкарда саўда-экономикалық қатнасықларды кеңейтиў, Өзбекистан экономикасының ең әҳмийетли салаларына инвестциялар ҳәм жаңа технологияларды тартыў, сондай-ақ, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм туризм салаларындағы байланысларды раўажландырыў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары болып есапланады.
Өзбекистан Республикасы Кубла Азия еллери менен ҳәр тәреплеме ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў тәрептары, соның ишинде, Хиндстан ҳәм Пакистан менен саўда-экономикалық және транспорт-коммуникация салаларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан мәпдар.
Жақын ҳәм Орта Шығыс еллери менен өз-ара пайдалы қатнасықлар саўда-экономикалық, транспорт коммуникациялары, қаржы ҳәм инвестиция салаларында избе-из раўажланбақта, соның ишинде, IHT ҳәм ITB шеңберинде.
Өзбекистан абыройлы халықаралық шөлкемлер арасында, бәринен бурын БМШ жумысында белсене қатнасып келмекте. Өзбекистан БМШ ты дүньяда тынышлық ҳәм қәўипсизликти сақлап турыў, ҳәзирги тез пәт пенен даўам етип атырған глобализация процесинде мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў бағдарындағы бирден-бир универсал шөлкем деп биледи.
Республикамыз регионаллық шөлкемлер арасында да белсене қатнаспақта. Өзбекистан Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде регионаллық қәўип-қәтерлерге қарсы, ағза еллердиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў, өз-ара инфраструктуралық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы бирге ислесиўди күшейтиў тәрепдары.
Өзбекистанның Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамы шөлкеми шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўиниң ең әҳмийетли бағдарларынан саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери, транспорт-коммуникация тармақларын раўажландырыў, трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў болып есапланады.