Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Тарийхый мағлыўмат

Өзбек халқы дүньядағы ең әййемги халықлардан бири есапланып, оның бай ҳәм әййемги мәмлекетшилик тәжирийбеси бар.

Өзбекистан аймағында дәслепки бийғәрез мәмлекет структуралары бизиң эрамызға шекемги биринши мың жыллықтың басларында пайда болып, дерлик 3000 жыл даўамында жетилисип барғаны ҳәм дүнья мәмлекетшилигиниң раўажланыўында ең жоқары дәрежеге көтерилгени бәршеге мәлим. Ферғана ойпатлығының Сох районындағы Селунғур үнгиринен, Ташкент ўәлаятының Ангрен қаласы жақынындағы Көлбулақ мәканынан ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының Байсун таўындағы Тесиктас үңгиринен табылған археологиялық естеликлер усы аймақта 1-1,2 млн жыл бурын дәслепки палеолит дәўириниң адамлары жасағанлығынан дәрек береди.

&атанымыздың көплеген аймақлары – Хорезм, Сурхандәрья, Зарафшон, Ферғана ҳәм басқа да аймақлар цивилизацияның раўажланыў орайларынан бири есапланады.
Бизиң эрамызға шекемги VI-IV әсирлерде Орайлық Азия аймағына ахаманийлер, соңынан грек-македонлар бастырып киреди. Басқыншыларға қарсы елимиздиң мәрт ўатансүйгишлери – Тумарис, Шырақ ҳәм Спитамен урыс алып барды.

Өзбек мәмлекетшилик тарийхы өзиниң үзиликсиз раўажланыў процесинде ең жоқары раўажланыў дәўирлерин бастан өткерген. Бизиң эрамызға шекемги 3 ҳәм эрамыздың 3 әсирлер аралығында Өзбекистан аймағында Даван, Кан, Кушон ҳәм Хорезм сыяқлы мәмлекетлер гүллеп–жаснаған. Әсиресе, Кушон мәмлекети өзиниң раўажланған мәденияты ҳәм көркем өнери менен басқа мәмлекетлерден ажыралып турған.

Орта әсирлердиң басларында Өзбекистан аймағында Хионийлер, Хидорийлер, Эфталитлер ҳәм Түрк қағанлығы ҳүкимдарлық етген. Бул дәўирде жоқарыдағы мәмлекетлер жүдә үлкен аймақларда нызамшылықты енгизиў бойынша жумысларды алып барған, сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлер менен саўда-сатық ислеген.

VIII-IX әсирлерде Өзбекистан аймағы араблар тәрепинен ийелеп алынды. Соның менен бирге, усы дәўирде аймаққа жаңа мәдений ағым да кирип келди. Басқыншыларға қарсы гүресте материаллық ҳәм руўхый жоғалтыўлар менен бирге IX-XII әсрлерде өзбек халқының қәлиплесиўи жүз береди. Усы дәўирде түрк тили жоқары статусты ийелеп, әдебий тилдиң қәлиплесиўи басланады.

IX-XII әсирлерде Саманийлер, Қараханийлер ҳәм Хорезмшахлардың ҳүкимдарлық дәўирлеринде бир қатар, атап айтқана, мәдений турмыстағы өзгерислер жүз береди. Усы дәўирде ўатанымыздың абыройын пүткил дүньяға танытқан уллы илимпаз ҳәм ойшыллар Ал-Хоразмий, Аҳмад Ал-Фарғоний, Әбиў Райҳан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сино, аз-Замахшарий ҳәм басқалар усы жерде өмир сүрген және дөретиўшилик пенен шуғылланған. Соның менен бирге, Имам Ал-Бухарий, ат-Термизий, Нажмиддин Кубро, Баҳаўиддин Нахшбандий ҳәм басқа да илимпазлар менен ойшыллар диний илимлердиң раўажланыўына өзлериниң үлкен үлесин қосқан.

XIII әсирдиң басында Шынғысхан басшылығындағы монгол армиясы Хорезмшахлар мәмлекетин жеңип, Орайлық Азияның пүткил аймағын ийелеп алды. &атанымыздың мәрт жигитлери - Жалолиддин Мангуберди, Темур Малик ҳәм басқалар өз халқын келгинди басқыншылардан азат етиў жолында мәртлерше гүрес алып барды.

XIV әсирдиң екинши ярымында (1370 ж) Орайлық Азияның сиясий майданына Әмир Темур кирип келеди. Әмир Темур ҳәм оның әўладларының дәўири елимиз тарийхында түрли тарийхый, социаллық ҳәм мәдений процесслерге бай дәўир болды. Бул дәўирде Орайлық Азияда узақ даўам еткен монголлар ҳүкимдарлығына шек қойылды. Әмир Темур ҳәм Темурийлар дәўиринде шөлкемлестирилген орайласқан мәмлекет елимизди ҳәр тәреплеме, әсиресе экономикалық ҳәм социаллык-мәдений тәрептен гүрлеп раўажланыўы ушын шараят жаратып берди. Әмир Темур орайласқан мәмлекет жаратқан ҳалда, басқарыўдың мәмлекетлик аппаратын тәртипке салды, елимиздиң шегараларын күшейтти ҳәм беккемледи, армияны күшейтти, халықтың социаллық – экономикалық шараятын жақсылады, өнерментшилик ҳәм саўда-сатықтың және де раўажланыўы ушын шараят жаратты, салық системасын реформалады, сондай-ақ, халықаралық байланысларды да жақсылады. Әмир Темур медецина, математика, астрономия, тарийх, әдебият, филология, диний илимлерге үлкен итибар қаратты. Оның сарайында Мавлоно Абдужаббор Хоразмий, Мавлоно Шамсуддин Мунший, Мавлоно Абдулло Лисон, Мавлоно Бахриддин Аҳмад, Алоуддин Коший, Жалол Хокий сыяқлы ойшыллар жумыс иследи

Мырза Улығбек, Хусайн Байқара ҳәм Захириддин Мухаммед Бабур ҳүкимдарлығы ўақтында илим, әдебият және көркем өнер раўажланды. Мине усы дәўирде уллы шайыр Әлишер Наўайы түрк тилинде өзиниң шығармаларын жаратты ҳәм өзбек халқының руўхый мийрасын байытыўға өзиниң теңи-тайы жоқ үлесин қосты.

Әмир Темурдың алып барған ҳәрекетлериниң арқасында монголлардың ўатанымызға ислеп атырған басқыншылық жүрислерине шек қойылды ҳәм басқа халықлар да монголлардың басқыншылығынан азат етилди. Сондай-ақ, Әмир Темурдың усманийлер үстинен ерискен жеңиси Европаны усманийлерден сақлап қалды. .

XVI-XVII әсирлерде Өзбекистан аймағында Шайбанийханлар ҳәм Аштарханийлар мәмлекети ҳүкимдарлық етти. Аштарханийлар дәўиринде орайласқан мәмлекетлер ыдырап, олардың тарқалыўына алып келди. Нәтийжеде, XVIII әсирде Бухара әмирлиги, Хийўа ҳәм Қоқан ханлықлары пайда болды.

Россия империясының Орайлық Азияға бастырып кириўиниң нәтийжесинде, XIX әсирдиң екинши ярымынан 1991-жылға шекем Россия империясы ҳәм Совет Аўқамының қурамында болды.

. Өткен әсирдиң 80-жылларында басланған сиясий ҳәм экономикалық дағдарыс Өзбекистанның ғәрезсизлик ушын гүресин тезлестирип жибериўге шараят жаратты. Нәтийжеде, усы узақ мүддетли тарийхый ўақыялардан соң 1991-жылдың 31-августында Ислам Кәримов басшылығында елимиз ғәрезсизлиние ерисилди.

Өзбекистанның мәмлекетлик ғәрезсизлиги аңсат болмаған сиясий ҳәм социаллық-экономикалық шараятларда қолға киргизилди. 130 жыл даўам еткен ҳүкимдар колониялық режими республиканың бийғәрез раўажланыўы ушын имканият бермеген.

Ғәрезсизликтиң жәрияланыўы халқымыз ҳәм басшылардың алдына бәрше салаларда түпкиликли реформаларды әмелге асырыў лазымлығы мәселесин қойды. И.Кәримов басшылығында Хүкимет тәрепинен әмелге асырылған ишки ҳәм сыртқы сиясаттың нәтийжесинде Өзбекистан дүнья жүзи шериклиги тәрепинен бийғәрез мәмлекет сыпатында тән алынды. Қысқа мүддет ишинде Өзбекистан өзиниң жеке раўажланыў моделин анықлап алды.

Республикамыз Биринши Президенти И.Кәримов тәрепинен ислеп шығылған ҳәм енгизилген раўажланыўдың “Өзбек модели” елимиздиң социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўының тийкарын жаратты. Қысқа ўақыт ишинде ғәлле ҳәм нефть ғәрезсизлигине ерисилди. Ғәрезсизлик жылларында Өзбекистан аграр мәмлекеттен санааты жедел пәтлерде раўажланып баратырған, заманагой техника ҳәм технологияларды экспорт ететуғын елге айланды. Таңланған раўажланыў жолының дурыслығын 2008-жылда басланған дүнья жүзилик қаржы-экономикалық дағдарыс тастыйықлады. "Өзбек модели" дағдарысты табыслы сапластырды ҳәм халықаралық қаржы шөлкемлери және экспертлер тәрепинен ҳақылы рәўиште жоқары унамлы баҳаланды.

Тарийх дүньядағы ҳеш қандай мәмлекет те дунья жүжи шериклигинен ажыралған ҳалда айрықша раўажлана алмайтуғынын көрсетти. Дурыс ҳәм ақылға уғрас алып барылып атырған сыртқы сиясаттың арқасында ҳәзирги күнде Өзбекистанды дүньяның 180 артық мәмлекети тән алған, 130 артық мамлекет пенен болса дипломатиялық байланыслар орнатылған. Өзбекистан Республикасы БМШ, ҒМДА, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да усы сыяқлы көплеген халықаралық шөлкемлердиң ағзасы есаплады.

Бүгинги күнде Өзбекистан Австрия, Уллы Британия, Германия, Греция, Индонезия, Иран, Испания, Италия, Канада, Қытай, Малайзия, Корея Республикасы, Россия, АҚШ, Таиланд, Туркия, Франция, Чехия, Швейцария, Швеция сыяқлы мәмлекетлер менен экономикалық, сиясий ҳәм мәдений салаларда еки тәреплеме және өз-ара пайдалы бирге ислесиўди алып бармақта.

Өзбекистан Республикасының Конституциясында тийкарынан Өзбекистан Республикасындағы бәрше пуқаралар миллети, тили ҳәм динине қарамастан бирдей ҳуқыққа ийе делинген. Бүгинги күнде республикамызда жүзден аслам халықлардың ўәкиллери бир-бирин түсинген ҳалда жасамақта, оларға бәрше шараятлар жаратылған. Өзбекистанда Республикалық Интернационал мәденият Орайы ҳәм жүзден аслам Миллий-мәдений орайлар жумыс алып бармақта.