Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

Өзбекистан ҳәм Болгария Президентлери бир-бирин қутлықлады

13.09.2017Сиясат

Өзбекистан Республикасы менен Болгария Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бир-бирин қутлықлады.

Өзбекистан Президентиниң басламалары – сырт ел ғалаба хабар қуралларының дыққат орайында

13.09.2017Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 10-сентябрь күни Астана қаласында болып өткен Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитинде шығып сөйлеген сөзи сырт елдиң ғалаба хабар қуралларында үлкен қызығыўшылық оятты. Оларда мәмлекетимиз басшысының сөзинде билдирилген тийкарғы пикирлерге айрықша итибар қаратылған көплеген материаллардың басып шығарылғаны да буннан дәрек береди.

Депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң 2017-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўын додалады

12.09.2017Сиясат

2017-жыл 11-сентябрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң усы жылдың 8 ярым жыллығындағы орынланыў жуўмақларын көрип шықты.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

11.09.2017Сиясат

Өзбекистан Президенти Қытай ҳүкимети делегациясын қабыл етти

09.09.2017Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-сентябрь күни Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети сиясий-ҳуқықый комиссиясының хаткери, Өзбекистан – Қытай ҳүкиметлераралық бирге ислесиў комитетиниң жәрдемши баслығы Мэн Цзяньчжу басшылығындағы Бирликтеги комитеттиң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге келген Қытай Халық Республикасы ҳүкимети делегациясын қабыл етти.

Өзбекистан Президентиниң Қазақстанға сапары ҳаққында

07.09.2017Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың мирәт етиўине бола 2017-жылдың 9-10-сентябрь күнлери Қазақстанда болады ҳәм Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитинде қатнасады.

Өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары

07.09.2017Сиясат

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбоевтың мирәт етиўине бола 5-6-сентябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.