Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Президентиниң басламалары – сырт ел ғалаба хабар қуралларының дыққат орайында

2017-09-13 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 10-сентябрь күни Астана қаласында болып өткен Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммитинде шығып сөйлеген сөзи сырт елдиң ғалаба хабар қуралларында үлкен қызығыўшылық оятты. Оларда мәмлекетимиз басшысының сөзинде билдирилген тийкарғы пикирлерге айрықша итибар қаратылған көплеген материаллардың басып шығарылғаны да буннан дәрек береди.

Атап айтқанда, Би-Би-Си Өзбек хызмети (bbc.com/uzbek) Президентимиз Шавкат Мирзиёев өз шығып сөйлеген сөзинде ислам дүньясының машқалалы мәселелери, бәринен бурын, илим ҳәм технологиялар бағдарында раўажланған мәмлекетлерден сезилерли дәрежеде изде қалып атырғаны туўралы атап өткенин жәриялаған.

Интернет басылым Президентимиздиң Ташкент қаласында Ислам цивилизациясы орайын шөлкемлестириў бойынша басламасына айрықша итибар қаратқан.

Сондай-ақ, Би-Би-Си Шавкат Мирзиёевтиң мусылман дүньясында илим ҳәм технологиялардың раўажланыў дәрежесине берген баҳасына, ИБИШға ағза мәмлекетлер үлкен қаржы потенциалына ийе болса да, экономикаға инновациялық идеялар менен технологияларды енгизиўде белсендилик көрсете алмай атырғанын өкиниш пенен атап өткенине, илим ҳәм технологияларды раўажландырыўға қосылған үлес ушын Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң халықаралық сыйлығын шөлкемлестириў ҳәм оны ғалаба ен жайдырыў басламасына оқыўшылар дыққатын қаратқан.

«Озодлик» радиосы (ozodlik.org) Өзбекистан Президенти мусылман еллери илимпазларының илимди ҳәм технологияларды раўажландырыўға қосқан үлесин мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде ИБИШ сыйлығын шөлкемлестириўди усыныс еткени, бул, әсиресе, жас илимпазларға илимий-технологиялық бағдарлардағы изленислерди буннан былай да жеделлестириўге хошамет болатуғынын атап өткен.

uaport.net Интернет басылымы өз мақаласында былай жазады: «Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Ислам дүньясының жәҳән илимине ҳәм цивилизациясына қосқан теңсиз үлеси менен мақтаныўға толық ҳақылы екенин, Орайлық Азияның аймағы болса, Шығыс Ренессансының ири орайы сыпатында белгили ҳәм танымалы болғанын атап өтти. Алгоритмниң тийкарын салыўшы Ал-Хоразмий, жетик илимпаз Ал-Фарғоний, көплеген пәнлердиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Ибн Синоның бай илимий ҳәм руўхый мийрасының бийбаҳа әҳмийети барған сайын артпақта».

«Биз Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар саласында бирге ислесиў бойынша Турақлы комитетиниң жумысын жоқары баҳалаймыз ҳәм оның жумысында буннан былай да белсене қатнасыўды режелестиргенбиз. Шөлкемимиздиң бул бағдарда он жыллық ҳәрекетлер бағдарламасының нәтийжелери белгиленген мақсетлерге ерисилгенинен дәрек береди, деди Өзбекистан Президенти», деп жазады Интернет басылымы.

vb.kg интернет порталы Шавкат Мирзиёевтиң ИБИШға ағза мәмлекетлердиң жоқары билимлендириў мәкемелериниң халықаралық дәрежеси төменлиги бағдарындағы сөзлерине итибар қаратқан: «Ағза мәмлекетлердиң тек ғана 11 жоқары билимлендириў мәкемеси дүньяның 500 ең жақсы университети рейтингинен орын алған. Ямаса 2015-жылы дүнья бойынша патент алыў бағдарындағы мүрәжатларда бул еллердиң үлеси тек бир пүтин оннан тоғыз процентти қураған».

sputniknews-uz.com  мәмлекетимиз басшысының ИБИШға ағза айырым мәмлекетлер өзиниң қаржы потенциалынан илимди ҳәм технологияларды раўажландырыўда пайдаланбай атырғаны ҳаққында мына сөзлерди келтиреди: «Көпшилик мусылман еллери бай тәбийғый ресурсларға, үлкен қаржы потенциалына ийе болса да, экономикаға инновациялық идеялар менен технологияларды енгизиўде белсендилик көрсете алмай атырғанын өкиниш пенен атап өтиў зәрүр».

«Өзбекистан басшысы еллер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў және глобаллық ықлым өзгериўи мәселесине көбирек итибар қаратыў, жоқары нәтийжели компьютер орайларын жаратыў, жас илимпазлар ҳәм жаслар менен комплексли ислесиў арқалы усы жағдайдан шығыў мүмкин екенлигин атап өтти», деп келтирилген дәректе.

Kazpravda.kz басылымы ИБИШ Турақлы комитетиниң ағза мәмлекетлер аймағында алты Жоқары нәтийжели компьютер орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына муўапық, мәмлекетимиз басшысы Өзбекистан усындай орайлардан бирин өз аймағында орналастырыўға таяр екенин билдиргени және Мусылман дүньясы жас илимпазларының халықаралық орайын дүзиўди усыныс еткенине айрықша итибар қаратқан.

Шавкат Мирзиёевтиң гезектеги ИБИШ Илим ҳәм технологиялар саммитин Өзбекистанда өткериў ҳаққындағы усынысы да сырт ел ғалаба хабар қуралларының айрықша итибарын тартты.

Бул мәселе туўралы тоқталып, Kant.kg мәмлекетимиз басшысының төмендеги сөзлерин келтиреди: «Ағза мәмлекетлердиң турақлы экономикалық раўажланыўы, халықтың мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў мақсетинде Илим ҳәм технологиялар бойынша саммитти ҳәр үш жылда бир мәрте өткериўди ҳәм усы усыныс қоллап-қуўатланған жағдайда, кейинги саммитти 2020-жылы Өзбекистанда өткериўге таяр екенимизди билдирмекшимен».

Усы баслама ca-news.org веб-сайты материалында да сәўлелендирилген: «Астана саммитинде шығып сөйлеген Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев ИБИШның илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммити Астана декларациясы бәнтлеринен бирин келтиреди: «Ислам бирге ислесиў шөлкемине ағза еллер Өзбекистан Президентиниң ИБИШ Илим ҳәм технологиялар бойынша екинши саммитин Өзбекистанда өткериў ҳаққындағы усынысын қанаатланыўшылық пенен қабыл етеди».

«Биз ИБИШ Бас секретариаты ҳәм КОМСТЕК (ИБИШның илим ҳәм технологиялар саласында бирге ислесиў бойынша Турақлы комитети)ти Өзбекистан ҳүкимети менен Өзбекистанда ИБИШ Илим ҳәм технологиялар бойынша екинши саммитин шақырыўға зәрүр таярлық жумысларын баслаўға ўәкиллик беремиз», делинеди декларацияда.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Астана қаласында болып өткен ИБИШ саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи көпшилик социаллық тармақларда кең тарқалды, Интернет тармағының пайдаланыўшылары тәрепинен унамлы баҳаланды ҳәм жақсы қоллап-қуўатланды. Шығып сөйлеген сөз бойынша көплеген түсиндирмелердиң билдирилгени ҳәм ондағы пикирлердиң ҳәр қыйлы басылымларда қайта басып шығарылғаны да усыннан дәрек береди.

Улыўма айтқанда, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ИБИШ саммитинде Шөлкемниң илимди ҳәм технологияларды раўажландырыў саласындағы ис-ҳәрекетлерин жеделлестириўге байланыслы билдирилген басламалар Интернет жәмийетшилиги тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм кеңнен қоллап-қуўатланды, бүгин де Интернет басылымлардың ҳәм социаллық тармақлардың дыққат орайында болып тур.

Поделиться