Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Президенти Қытай ҳүкимети делегациясын қабыл етти

2017-09-09 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-сентябрь күни Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети сиясий-ҳуқықый комиссиясының хаткери, Өзбекистан – Қытай ҳүкиметлераралық бирге ислесиў комитетиниң жәрдемши баслығы Мэн Цзяньчжу басшылығындағы Бирликтеги комитеттиң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге келген Қытай Халық Республикасы ҳүкимети делегациясын қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Өзбекистан ҳәм Қытай арасында өз-ара пайдалы, көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғанлығын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекистан Президентиниң усы жылдың май айында Қытайға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтергени, еллеримиздиң ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклигин беккемлеўге ҳызмет еткени айрықша атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми турақлы түрде өсип бармақта. Усы жылдың январь-июль айларында товар алмасыў көлеми 2,5 миллиард доллардан артты.

Қытайдың жетекши компаниялары ҳәм банк-қаржы институтлары менен бирге ислесиўде энергетиканы, нефтьгаз, химия, машина қурылысын, электротехниканы, жеңил санаат тармақларын, исенимли транспорт-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда тийкарғы инвестициялық бағдарламалар ҳәм жойбарлар таярланбақта және әмелге асырылмақта.

Еки мәмлекет аймақлары ҳәм бизнес жәмийетшилиги арасындағы байланыслар белсене раўажланбақта. Илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў кеңеймекте.

Ушырасыўда Өзбекистан ҳәм Қытай арасындағы әмелий бирге ислесиў, биринши гезекте, саўда-экономика, капитал, қаржы ҳәм транспорт-коммуникация салаларындағы байланыслардың перспективалары додаланды.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиң толық орынланыўында ҳәм экономиканың жоқары технологиялы тармақларындағы жаңа жойбарлырды әмелге асырыўда Өзбекистан – Қытай ҳүкиметлераралық бирге ислесиў комитети айрықша орын тутатуғыны атап өтилди.

Мэн Цзяньчжу Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа қабыл ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди, Қытай Халық Республикасы баслығы Си Цзиньпинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Қытай Өзбекистан менен ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге таяр ҳәм оннан мәпдар екени атап өтилди.

Президентимиздиң пәрманына муўапық, еллеримиз арасында дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў, узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды және де кеңейтиў, сондай ақ, ири экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын Мэн Цзяньчжуға «Дослық» ордени тапсырылды.

Поделиться