Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан ҳәм Болгария Президентлери бир-бирин қутлықлады

2017-09-13 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы менен Болгария Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен еки мәмлекет басшылары бир-бирин қутлықлады.

Болгария Президенти Румен Радев өзиниң қутлықлаўында Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевты усы сәне менен қутлықлап, былай дейди: «Еллеримиз арасында жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиў, өз-ара пайдалы салалардағы еки тәреплеме бирге ислесиў жоқары итибарға ылайық. Өзбекистаның Орайлық Азияда мәмлекетлераралық әмелий сөйлесиўди беккемлеў бойынша Сизиң басшылығыңызда әмелге асырып атырған ҳәрекетлерин Болгария ҳүрмет ететуғынын билдирмекшимен. Социаллық-сиясий ҳәм мәдений раўажланыўдың тийкары болған тынышлықты, қәўипсизликти ҳәм турақлылықты сақлаў Болгария Республикасы ҳәм Өзбекистан Республикасы ушын бирдей қәдирли болып табылады».

Президент Румен Радев «Болгария Республикасы Өзбекистан Республикасы ҳәм Европа аўқамы арасындағы қатнасықлардың раўажланып атырғанын унамлы баҳалайды. Шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге 2017-жыл 1-июль күни Тоқымашылық билдириўи де қосылғаны буннан дәрек береди. Бул еллеримиз арасындағы қатнасықларды раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жарататуғынына, экономикалық бирге ислесиў потенциалын кеңейтиўге ҳәм жүзеге шығарыўда жаңа перспективалар ашататуғынына беккем исенемен», деп атап өткен.

Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында «Биз Болгария Өзбекистан ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алғанын және мәмлекетимиздиң суверенитетин қатаң қолап-қуўатлағанын жоқары қәдирлеймиз», деп айрықша атап өтилген.

Өзбекистан Президенти «өткен дәўирде еллеримиз арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиў дәстүрлерине тийкарланған шын жүректен ҳәм әмелий қатнасықлар орнатылғаны»н атап өткен.

«Өзбекистан – Болгария шерикшилигин избе-из кеңейтиў ушын үлкен потенциал ҳәм кең имканиятлар бар екенине беккем исенемиз», делинген қутлықлаўда.

Өзбекистан Президенти «болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еки тәреплеме байланысларға жаңа пәт бағышлайтуғынына, еллеримиз арасындағы өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли қатнасықларды кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге хызмет ететуғынына, оларды анық әмелий мазмун менен байытатуғыны»на исеним билдирген.

Поделиться