Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ АМЕРИКА-ӨЗБЕКСТАН САЎДА ПАЛАТАСЫНЫҢ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

22.10.2018СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-октябрь күни Өзбекстанда АҚШ бизнеси ҳәптелиги илажларында қатнасыў ушын елимизге келген Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Россия Федерациясы Президенти ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти менен рәсмий емес ушырасыўы ҳаққында

22.10.2018Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтиң мирәт етиўи бойынша 20-октябрь күни Өзбекстан, Россия ҳәм Қазақстан мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қазақстанның Түркистан ўәлаятында болды.

АЙМАҚЛАР АРАСЫНДА ҲӘМ ЭНЕРГЕТИКА ТАРАЎЫНДА БИРГЕ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА ДӘЎИРИ

19.10.2018СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте «Өзбекстан-Россия» аймақлараралық форумы шөлкемлестирилди. «Өзэкспоорай»да болып өткен форумда Россия аймақлары, жетекши компаниялары менен өндирис кәрханаларының басшылары-жәми мыңнан аслам адам қатнасты.

Татарстан Республикасы менен бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды

19.10.2018Сиясат

Россия Федерациясының Татарстан Республикасы Президенти Рустам Минниханов басшылығындағы делегация 18-октябрь күни мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған татар миллий мәдений орайларының белсендилери менен ушырасты.

Россия Президенти Ташкентке келди

19.10.2018СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.