Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ АМЕРИКА-ӨЗБЕКСТАН САЎДА ПАЛАТАСЫНЫҢ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

2018-10-22 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-октябрь күни Өзбекстанда АҚШ бизнеси ҳәптелиги илажларында қатнасыў ушын елимизге келген Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң жедел раўажланып баратырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Усы жыл май айында АҚШқа әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапардың пайдалы нәтийжелери стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирин баслаў имканиятын берди.

АҚШтың «Женерал Электрик», «Боинг», «СиЭнЭйч Индастриал», «Жон Дир», «Ханивелл», «Силверлиф», «Уайт энд Кейс» ҳәм басқа да көплеген компаниялары менен саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм инновациялық тараўлардағы өз-ара бирге ислесиў кеңеймекте.

Бүгинги күнде машина қурылысы, нефть-газ ҳәм газ-химия, электр энергетикасы, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларын қамтып алған қуны 5 миллиард доллардан аслам перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың басынан елимизде АҚШ инвестицияларының қатнасында 25 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди, өз-ара саўда көлеми еки есеге көбейди.

Өз-ара   пайдалы бизнес бирге ислесиўди беккемлеўде қурамына АҚШтың дүньяға белгили 37 компаниясы, инвестициялық корпорациялары ҳәм банклери кирген Америка-Өзбекстан саўда палатасы әҳмийетли роль атқарып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда экономиканың түрли тармақларында әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў, бәринен бурын, технологиялар тараўындағы шерикликти раўажландырыўдың анық перспективалары додаланды.

Ерисилген келисимлер менен қол қойылған келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў, сондай-ақ, Палатаның жаңа ағзаларын тартқан ҳалда, инвестициялық жойбарларды таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

АҚШ компанияларының Өзбекстан базарында узақ мүддет жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Кэролин Лэмм мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ҳәм Палата ағзаларының елимиздеги жумысына көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдеми ушын АҚШ исбилерменлер жәмийетшилиги атынан терең миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстанда барлық тараў ҳәм бағдарларда әмелге асырылып атырған реформа ҳәм жаңаланыўлар исбилерменлик басламаларын табыслы жүзеге шығарыўда кең имканиятлар жаратып атырғаны атап өтилди.

Америка-Өзбекстан саўда палатасы еллеримиз арасындағы нәтийжели саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўде белсене қатнасыўға таяр екени айрықша атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться