Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Татарстан Республикасы менен бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды
2018-10-19 | Сиясат
Россия Федерациясының Татарстан Республикасы Президенти Рустам Минниханов басшылығындағы делегация 18-октябрь күни мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған татар миллий мәдений орайларының белсендилери менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитетинде өткерилген ушырасыўда Өзбекстан менен Россия арасындағы жедел мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң нәтийжесинде халқымыздың дослық байланыслары беккемленип, ҳәр қыйлы тараўларда өз-ара бирге ислесиўге жол ашып атырғаны атап өтилди.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде татар миллетине тийисли 240 мыңға жақын, Татарстанда өзбек миллетине тийисли 120 мыңнан аслам халық жасамақта.
Илаж шеңберинде Татарстан Республикасы ҳәм Ташкент ўәлаяты арасында социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 40 тан аслам келисимге қол қойылды.
Татарстан Президенти татар миллий мәдений орайларының белсендилерине естелик саўғалар тапсырды.
Өзбек ҳәм татар халықлары арасындағы жақынлықты беккемлеў мақсетинде ҳәр қыйлы илажларды өткериўге байланыслы пикир-усыныслар билдирилди.