Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

Саммит қатнасыўшылары Ташкентке келди

28.11.2019Сиясат

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қазақстан  Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын 28-ноябрь күни Ташкентке келди.

Түркменстан Президенти Ташкентке келди

28.11.2019СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола айланыслы Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов әмелий сапар менен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келди.

Шавкат Мирзиёев Татарстан делегациясын қабыл етти

26.11.2019Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-ноябрь күни Татарстан Республикасы Президенти Рустам Минниханов басшылығындағы Россия делегациясын қабыл етти.

Турақ-жайлардың қурылысы бойынша жаңа системаны әмелге асырыў илажлары белгиленди

22.11.2019СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-ноябрь күни аўыл ҳәм қалаларда халықты турақ-жай менен тәмийинлеўдиң жаңа системасын енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын илажларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Халықты социаллық қорғаў тараўында жаңа система енгизиледи

22.11.2019СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни халықты социаллық қорғаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.