Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықты социаллық қорғаў тараўында жаңа система енгизиледи
2019-11-22 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни халықты социаллық қорғаў тараўындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Соңғы еки жылда социаллық напақа алатуғынлардың саны 1,3 есеге, напақаның муғдары 2 есеге арттырылғаны, ислеп атырған пенсионерлерге пенсияны толық төлеў тәртиби енгизилгени атап өтилди. Лекин система менен байланыслы машқалалар сақланып қалмақта. Быйылғы жылдың 9 айында Халық қабыллаўханаларына социаллық напақалар тайынлаўға байланыслы 36 мың шағым хат болғаны да усыдан дәрек береди.
Мәселен, социаллық қорғаўға мүтәж халықтың қатламын анықлаў, есапқа алыўдың бирден-бир өлшеми жоқ. Пенсия ҳәм напақалардың муғдарын белгилеўде әҳмийетли фактор болған тутыныў себети ҳәм жасаў минимумы енгизилмеген. Социаллық әҳмийетке ийе кеселликлер бойынша бийпул емлениў ушын берилетуғын ордерлер бәрқулла да зәрүр пуқараларға жетип бармай атыр.
Бундай жағдайлар халықтың жәрдемге мүтәж бөлегине турақ жай ажыратыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ата-ана төлеминен азат етиў сыяқлы мәселелерде де ушырасады. Меҳрибанлық үйинде тәрбияланған жасларды жай ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў, жалғыз кекселерге қараў, турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў бойынша да кемшиликлер бар.
Халықты социаллық қорғаў тараўындағы жумысларды муўапықластыратуғын бир пүтин система жоқ, бул мәселелер менен 30 ға шамалас мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм комиссиялар шуғылланбақта. Мәжилисте халықаралық тәжирийбе тийкарында бул тараўда пүткиллей жаңа система енгизиў мәселелери додаланды.
Бул ушын, бәринен бурын, социаллық жәрдемге мүтәжлерди анықлаў ҳәм оларды есапқа алыў, төлемлердиң мәнзиллилигин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик статистка комитетине халықаралық шөлкемлердиң экспертлерин тартып, тутыныў себети ҳәм жасаў минимумын есаплаў тәртибин және тутыныў нормаларын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Оны дәслеп белгили бир қала ҳәм ўәлаятта тәжирийбеден өткерип, соң әмелге енгизиў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Сондай-ақ, халықтың жәрдемге мүтәж қатламын анықлаў ҳәм напақа төлеўдиң анық өлшемлерин енгизиў, социаллық жәрдем алыўшылардың бирден-бир реестрин қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берилди. Бул реестрдиң абзаллығы сонда, салық, ишки ислер, кадастр, банк, денсаўлықты сақлаў, пенсия, мийнет, коммунал ҳәм мәҳәлле уйымлары мағлыўматлары бирден-бир базаға бириктириледи. Нәтийжеде ҳүжжетлерди жыйнаўға кететуғын ўақыт ҳәзирги бир неше күннен бир неше саатқа қысқарады, пуқаралар бир уйымға мүрәжат етиў арқалы барлық мәселелерди шеше алады.
Социаллық қорғаў тек ғана төлеў менен шекленип қалмай, ал жәрдемге мүтәжлердиң «аяққа турыўы»на жәрдемлесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Мысал ушын, майыплығы болған шахсларға тийисли мийнет шараятын жаратып бериў арқалы олардың 80 процентин пайдалы мийнетке тартыў мүмкин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине майыплық топарлары бойынша кәсиплер классификаторын қайта көрип шығыў, олардың ислеўине қосымша имканиятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Меҳрибанлық үйлеринде тәрбияланған жаслардың социаллық бейимлесиўи, соның ишинде, оларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша бағдарлама ислеп шығып ўазыйпасы қойылды.
Социаллық қамсызландырыў системасын реформалаў, сондай-ақ, үш дәрежели пенсия тәмийнаты системасына өтиў арқалы пенсия төлемин төлеўден мәпдарлықты арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Онда, биринши дәрежеде мәмлекет минимал пенсия муғдарын белгилейди. Екинши дәрежеде хызметкердиң мийнет ҳақысынан белгиленген бир сумма усланып, оның жеке есап-бетинде топланады ҳәм Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан кем болмаған процент есаплап бериледи. Үшинши дәрежеде хызметкер пенсия қорына ажыратылатуғын қаржы муғдарын өзи белгилейди.
Бул система қолланылсы, пуқара кепилликли мәмлекет пенсиясын алыў менен бирге өз қәлеўине бола, пенсия жасында қанша пенсия алыўын өзи белгилеў имканиятына ийе болады.
Сонлықтан Қаржы министрлигине Жәҳән банки ҳәм абырайлы финанс шөлкемлериниң экспертлери менен биргеликте пенсия системасын реформалаў концепциясын ислеп шығыў, сондай-ақ, социаллық қамсызландырыў түрлерин қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги системаны «шок терапиясы» усылында реформалаў халықтың ҳәр түрли қатламына түрлише тәсир ететуғынын айрықша атап өтип, жуўапкерлерге 2030-жылға шекем халықты социаллық қорғаў стратегиясын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берди. Бул ушын 2020-жылдың биринши ярымы жуўмақланғанға шекем халықты социаллық қорғаў бойынша жаңа системаны ҳәр бир аймақта тәжирийбеден өткериў ўазыйпасы қойылды.
Жалғыз кекселерди социаллық қоллап-қуўатлаў, жасайтуғын жери болмаған шахсларды реабилитациялаў орайларының жумысын жетилистириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша илажлар белгиленди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги