Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Саммит қатнасыўшылары Ташкентке келди

2019-11-28 | Сиясат

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қазақстан  Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын 28-ноябрь күни Ташкентке келди.

Жоқары мәртебели мийманларды Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Алдын хабар бергенимиздей, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушрасыўы 29-ноябрь күни болып өтеди.

Ушырасыўда сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм басқа да тараўларда регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланады. Сондай-ақ, халықаралық сиясатты ҳәм регионаллық қәўипсизликти  тәмийинлеўге байланыслы мәселелер бойынша пикир алысылады.

Ушырасыў соңында жуўмақлаўшы ҳүжжеттиң қабыл етилиўи күтилмекте.

Поделиться