Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Түркменстан Президенти Ташкентке келди
2019-11-28 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола айланыслы Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов әмелий сапар менен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келди.
Жоқары мәртебели мийманды Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.
Салтанатлы күтип алыў мәресиминен кейин Түркменстан делегациясы өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды.
Президентлер бүгин еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалайды.
Ушырасыў даўамында саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда биргеликтеги жойбарлардың әмелге асырылыў барысы, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша пикир алысыў режелестирилген.
Улуғбек Асроров, Темур Мамадаминов (сүўрет), ӨзА
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги