Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Миллий валюта
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жыл үлгисиндеги нырқы 1 сум болған банкноты өлшеми 120x62 мм болған, пүтин банкнотта бир тегис жайласқан сегиз қырлы нағыслар формасындағы қаралтым сызықлар көринисинде суў белгиси түсирилген ақ қағазда таярланған. Банкноттың шеп тәрепинде оның пүтин ени бойлап қорғаўшы жиби өткерилген. Банкноттың алдынғы ҳәм арқа тәреплери тийкарынан ашық жасыл-қызғылт иреңге ийе. Банкнот шетлеринен рамканы орап турыўшы ақ жол өткен.
Банкнот алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлиминде көк иреңнен қызғылт-көк иреңге өтип барыўшы нағыслы суўрет үстинде тойғын жасыл саялы "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жазылған болып, усы текст үстинен бир жуп тойғын жасыл сызық өткен. Бул сызықлар арасына үзликсиз сызық түринде микробаспа усылында "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" сөзлери жазылған. Банкноттың төменги орайлық бөлиминде рамка менен оралған, шетлери қызғылт иреңге өтип барыўшы жасыл фонда "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст 3 қатарға жазылған.
Банкноттың шеп бөлиминде гильоширлеў усылында түсирилген ҳәм қызғылт ҳәмде қызғылт-көк иреңли жиңишке сызықлардан ибарат нағыс үстинде Өзбекистан Республикасының тойғын жасыл иреңли Герби түсирилген. Герб астында латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети саннан ибарат болған номер қара иреңде сәўлеленген.
Банкноттың оң бөлиминде гильоширлеў усылында түсирилген ҳәм қызғылт ҳәмде қызғылт-көк иреңли жиңишке сызықлардан ибарат болған нағыс үстинде жасыл иреңли шеңбер тәризли нағыс жайласқан болып, оның ортасында тойғын жасыл ирең менен оралған "1" саны сәўлеленген. Сан астында банкнот шығарылған жыл - "1994" тойғын жасыл иреңде көрсетилген.
Банкноттың арқа тәрепи нағыслы шеңбер ҳәм иши ҳәрқыйлы нағысларға толтырылған узынлаў овал гезекпе-гезек келетуғын рамка менен оралған. Бул рамка орайлық бөлиминиң еки тәрепинде қызғылт-көк иреңли нағыслы шеңберлер жайласқан болып, олар алдынғы тәрептеги шеңберлерге туўра келген. Рамка ишинде қызғылт-жасыл фон менен Ташкент қаласындағы Әлишер Наўайы атындағы Мәмлекетлик Академиялық Үлкен театры имаратының фасад бөлими ҳәм майдандағы фонтан сәўлеленген.
Банкноттың шеп бөлиминде, қызғылт иреңли фондағы нағыс ишинде "1" саны жайласқан. Нағыстың төменги бөлеги жасыл түсте. "1" саны қызғылт-көк ирең болып, ортасында жасыл сызықлар бар. Рамканың төменги бөлими жийеклериндеги оваллар ишинде қаралтым-жасыл саялы ақ иреңде "БИР СУМ" деп жазылған. Оваллардың ортаға қараған тәрепиндеги нағыслы жасыл шеңберлер ишинде нағыслы "1" санлары жайласқан.
Еки шеңбер ортасының шеп бөлиминде қызғылт иреңге айланатуғын жасыл рамка ишинде 2 қатарға жайластырылған "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМЛЫ ТҮРДЕ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген жазыў бар. Банкноттың алдынғы ҳәм арқа тәреплериниң орайлық бөлиминде нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги бар. Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен арнаўлы түрде жақты түсирилип көрилгенде, оның алдынғы тәрепиниң орайлық бөлиминдеги "1" саны көзге тасланады. Банкноттың тойғын жасыл иреңли сериясы ҳәм номери, оның алдынғы ҳәм арқа тәреплериниң ашық жасыл ирең менен толтырылған орайлық бөлими, сондай-ақ, банкноттың көгилдир ҳәм жасыл талшықлары жарқырап көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жыл үлгисиндеги нырқы 3 сум болған банкнотының өлшеми 120x62 мм болып, пүтин банкнотта бир тегис жайласқан сегиз қырлы нағыс формасындағы ҳәм қаралтым сызықлар көринисиндеги суў белгиси түсирилген ақ қағазда таярланған. Банкноттың шеп тәрепиндеги шетинен шама менен 1/3 бөлеги аралығында оның пүтин ени бойлап қорғаныс жиби өткен. Алдынғы тәрепи тийкарынан қызғыш-қоңыр ҳәм жасыл-сарғыш иреңлерде, арқа тәрепи болса, қызғыш-қоңыр ҳәм сарғыш иреңлерде берилген. Банкноттың алдынғы тәрепи орайының жоқарғы бөлегинде қызғыш-қоңыр саялы ҳәриплер менен "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген сөзлер жазылған.
Текст астында жасыл-қызғыш-қоңыр түстеги сызықлар менен шырмалып кеткен нағыс бар. Банкноттың шеп бөлиминдеги бир-бирине шатысып кеткен қызыл ҳәм сарғыш түстеги толқын тәризли сызықлардан ибарат гильоширленген нағыс үстинде Өзбекистан Республикасының Герби тойғын қызғыш-қоңыр иреңде сәўлеленген. Банкноттың шеп бөлиминдеги Герб астында латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети санлы номер қара иреңде көрсетилген. Банкноттың оң бөлиминдеги гильоширленген нағыс үстинде тойғын қызғыш-қоңыр иреңдеги сегиз қырлы нағыс жайласқан. Ол миллий стильде исленген болып, ортасында нағыслы "3" саны бар. Сегиз қырлы нағыс астында банкноттың шығарылған жылын көрсетиўши қызғыш-қоңыр иреңдеги "1994" Санлары жайласқан.
Банкноттың төменги бөлиминде үш қырлы форма ишинде тойғын қызғыш-қоңыр иреңде "3" саны жайласқан. Бул санлар аралығындағы трапеция формасындағы рамка ишинде "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген сөзлер 3 қатарға жайластырылған. Трапеция формасындағы усы рамканың 3 тәрепинде (еки шети ҳәм астында) қызғыш-қоңыр түстеги "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" үзликсиз микротексти жазылған. Төменги рамка астында банкнот узынлығы бойлап ени 2 мм болған нағыслы сызық өткен.
Банкноттың арқа тәрепиндеги рамканың оң ҳәм шеп бөлимлери ортасында иши жасыл нағыслы болған алты қырлы 2 ақ нағыс бар. Бул нағыслар банкноттың алдынғы тәрепиндеги алты қырлы ақ нағыслар үстине түседи.
Банкноттың ортасында сарғыш фон менен Бухара қаласындағы "ЧАШМАИ АЮБ" тарийхый-архитектуралық естелиги сәўлеленген. Банкноттың шеп бөлиминде тойғын сары нағыслы рамкада гильоширленген сызықлар менен тойғын қызғыш-қоңыр саялы нағыслы "3" саны сәўлеленген. Банкноттың оң бөлегиниң төменги мүйешинде тойғын сары иреңдеги жасыл саялы нағыслы "3" саны сәўлеленген. Рамканың төменги бөлеги қыя сызықлар менен 3 бөлекке ажыратылган болып, оның шеп ҳәм оң тәреплериндеги қыя төртмүйешлер ишинде қызғыш-қоңыр фонда жасыл саялы ақ иреңде "УЧ СУМ" сөзлери жазылған. Ортадағы қыя туўра мүйешли рамкада сарғыш фон астында "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМЛЫ ТҮРДЕ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" жазыўы жайластырылған.
Банкноттың алдынғы ҳәм арқа тәреплери Орайлық бөлиминде нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги бар. Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен жақтыландырылғанда, оның алдынғы тәрепи ортасында "3" саны жарқырап көзге тасланады. Сол жердиң өзинде сарғыш түстеги гильоширленген нағыс болып, тойғын жасыл иреңде банкноттың сериясы ҳәм саны, арқа тәрепи орайында болса, сарғыш бояўдаға деталлар — көгилдир ҳәм жасыл иреңли талшықлар көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жыл үлгисиндеги нырқы 5 сум болған банкноты 142x69 мм өлшемдеги ақ қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ ашықлықта Өзбекистан Республикасы Герби түсирилген локаль суў белгиси бар. Банкноттың шеп тәрепинде оның пүтин ени бойлап қорғаныс жиби прессленген болып, онда ақ түстеги "ӨЗБЕКИСТАН” сөзи избе-из тәкирарланып, олардың биринде ҳәриплер туўра, екиншисинде болса қыя жайласқан.
Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан көк ҳәм қызғыш-қоңыр иреңде, арқа тәрепи болса көк, жасыл ҳәм қызғылт-көк иреңлерде. Банкноттың Орайлық бөлиминде Бухара қаласындағы "МИНОРАИ КАЛОН" естелигиниң архитектуралық суўрети үстинде көк иреңде Өзбекистан Республикасы Герби жайласқан. Оның еки тәрепинде геометриялық формдағы нағыслар ишинде көк-ақ иреңдеги еки "СҮЙМУРЫҚ" қусы сәўлеленген. Герб астындағы архитектуралық сүўрет үстинде тойғын көк саялы ақ иреңде нағыслы "5" саны жайласқан болып, оның астында тойғын көк саялы ақ иреңде "БЕС СУМ" сөзлери бар. Санлардың ортасында жайласқан сарғыш рамкада "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст көк иреңде жазылған. Банкноттың оң тәрепиниң төменги бөлиминде нағыс сәўлеленген болып, оның ортасындағы жасыл нағыс фонында ашық қоныр жийекли ақ иреңде "5" саны бар. Нағыс үстинде банкнот шығарылған жылды билдириўши ашық қоңыр түстеги "1994" санлары жазылған.
Тийкарғы рамканың еки шетиндеги қызғыш-көк иреңли еки сызық арасында көк-қызғыш иреңде "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген үзликсиз микротекст жайластырылған болып, оны лупа жәрдеминде оқыў мүмкин. Банкнот орайының төменги бөлиминдеги көгилдир иреңли геометриялық фон астында, "МИНОРАИ КАЛОН" көринисиниң жанында еки "5" саны болып, олар жасырын баспа усылында басылған ҳәм қуяш нуры яки шамға тутып қарағанда көринеди. Банкнот шеп тәрепиндеги рамканың жоқарғы бөлиминде ҳәмде оң тәрепиндеги рамканың төменги бөлиминде қара иреңде жазылған латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети саннан ибарат номер бар.
Банкноттың арқа тәрепинде Ташкент қаласының Миллий бағына Әлишер Наўайыға бағышлап орнатылған архитектуралық-ҳәйкелшилик композициясы сәўлеленген. Естелик көк иреңде болып, оның ортасында қызғылт-көк иреңге өтиўши ашық көгилдир түстеги аспа фоны сәўлеленген. Сүўреттиң төменги мүйешлериндеги рамка ишинде көгилдир түсли еки нағыс жайласқан болып, олардың ортасында ақ иреңдеги көк жийекли "5" санлары бар. Санлар ортасында сарғыш иреңдеги рамка ишинде "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст еки қатарға жайластырылған.
Банкноттың ортасында нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги бар. Банкноттың алдынғы тәрепи орайында ультрақызғылт-көк нурлар тәсиринде "5" саны, Орайлық рамкада ашық сарғыш ҳәм тойғын жасыл иреңлерде банкноттың сериясы ҳәм номери, арқа тәрепиниң орайында болса, ашық сарғыш иреңде сәўлеленген деталлар ҳәмде көгилдир ҳәм жасыл талшықлар жарқырап көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жыл үлгисиндеги нырқы 10 сум болған банкноты 142x69 мм өлшемдеги ақ қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ жазықлықта Өзбекистан Республикасы Герби формасы түсирилген локаль суў белгиси бар. Банкноттың шеп тәрепинде оның пүтин ени бойлап қорғаныс жиби прессленген. Онда ақ иреңдеги "ӨЗБЕКИСТАН" сөзи көп мәрте тәкирарланған болып, олардың биринде ҳәриплер туўра болса, екиншисинде қыя жайласқан. Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан қызғылт-көк, ашық қызғылт-көк, көк, көгилдир ҳәм сарғыш иреңлерде, арқа тәрепи болса, тийкарынан көк-көгилдир, қызғылт-көк ҳәм қызғыш-қоңыр түсте.
Банкнот алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлеги орайындағы көк рамка ишине тойғын көк саялы ақ ҳәриплер менен "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жайластырылған. Төмениректе ақ домалақ, фонда көк ирең менен Өзбекистан Республикасы Герби сәўлеленген. Оның астында "10" саны ҳәм астында "ОН СУМ" сөзлери жазылған. Банкноттың төменги бөлиминде ашық сарғыш сызықлы тар рамка жайласқан болып, оның ишинде бир қатарға "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст тойғын қызғылт-көк иреңде жазылған. Банкнот оң тәрепиниң төменги бөлиминде көгилдир ҳәм сарғыш-жасыл иреңли нағыс болып, оның ортасында көгилдир фонда ақ иреңли нағыслы "10" саны жайластырылған. Нағыс үстинде банкнот шығарылған жылды көрсетиўши "1994" санлары бар. Шептеги ҳәм оң тәрептеги рамкалардың сыртқы, төменги тәрепи үзликсиз микробаспа усылында басылған ҳәм қызғылт-көк сызықлар менен жийекленген болып, лупа жәрдеминде "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген жазыўды көриў мүмкин.
Банкноттың оң ҳәм шеп тәреплериниң төменги мүйешлериндеги Орайлық рамкада нағыстың жиңишке фоны астында жасырын баспа усылы менен басылған "10" саны болып, ол қуяш нурларына яки шамға тутылғанда көринеди. Банкноттың шеп тәрепиндеги рамканың жоқарғы бөлиминде ҳәм оң тәрепиндеги рамканың төменги бөлиминдеги нағыс астында латын әлиппесиниң еки ҳәрипли сериясы менен жети санлы номери қара иреңде басылған.
Банкноттың арқа тәрепинде қызғылт-көк иреңге өтиўши көк-көгилдир нағыслы рамка ишинде Самарқанд қаласындағы тарийхый-архитектуралық естелик - "ТЕМУРИЙЛЕР МАВЗОЛЕЙИ" ("ГӨРИ ӘМИР") сәўлеленген. Естеликтиң гүмбези қызғылт-көк, порталы ашық сарғыш ҳәм ашық қоңыр түсте болып, оның оң тәреп жоқарғы мүйешиндеги тереклер фонында "10" саны ҳәм оның астында болса, көгилдир саялы ақ иреңде "ОН СУМ" сөзлери бар.
Рамканың шетки мүйешлеринде көгилдир иреңли еки нағыс болып, олардың ортасында көгилдир саялы ақ иреңде "10" санлары жайласқан. Нағыслар ортасындағы еки қатарға "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст түсирилген.
Банкнот орайында нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги бар.
Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен жақтыландырылғанда, оның алдынғы тәрепи орайында "10" саны, оң тәрепи төменги мүйешинде алтын нағыс, банкноттың шеп тәрепинде сарғыш иреңдеги нағыслар, тойғын жасыл иреңде банкноттың сериясы ҳәм саны, арқа тәрепинде болса, естеликтиң ашық сарғыш түстеги деталлары менен бирге көгилдир ҳәм жасыл иреңли талшықлар жарқырап көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жыл үлгисиндеги нырқы 25 сум болған банкноты 142x69 мм өлшемдеги ақ қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ жазықлықта Өзбекистан Республикасы Герби формасында түсирилген локаль суў белгиси бар.
Банкноттың шеп тәрепинде оның пүтин ени бойлап қорғаныс жиби прессленген. Онда ақ түстеги "ӨЗБЕКИСТАН" сөзи избе-из тәкирарланған болып, олардың биринде ҳәриплер туўра, екиншисинде қыя жайласқан.
Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан тойғын көк, көк-жасыл, қызғылт-көк-қоңыр ҳәм жасыл иреңлерде, банкноттың арқа тәрепи көк-қызғылт-көк ҳәм ашық қоңыр иреңлерде сәўлеленген.
Банкноттың алдынғы тәрепи орайының тойғын көк иреңдеги жоқарғы бөлиминде тойғын көк саялы ақ иреңде жазылған "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жайласқан. Оның астында шеңбер формасындағы көк-жасыл иреңли нағыс менен оралған сары сызықлы фон астында Өзбекистан Республикасының Герби сәўлеленген.
Төмениректе нағыслы "25" саны сәўлеленген болып, оның төменги бөлиминдеги еки қатарға — "ЖИГИРМА БЕС СУМ" деген сөзлер жайластырылған. Еки тәрептеги "25" санлары ортасында туўры мүйешли рамка жайласқан болып, Онда "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст ашық жасыл жол-жол фонда жазылған.
Банкнот оң тәрепиниң төменги бөлиминдеги нағыс төбесине банкнот шығарылған жылды билдириўши сарғыш-қарақоңыр түстеги "1994" санлары жайластырылған. Банкноттың Орайлық бөлиминдеги нағыс фонында Гербтиң еки тәрепинде жасырын баспа усылында басылған ҳәм қуяш нурларына яки шамға тутып қаралғанда көринетуғын "25" санлары жайластырылған. Банкнот шеп тәрепиндеги Рамканың жоқарғы ҳәм оң тәрепиндеги Рамканың төменги бөлимлериндеги нағыс астында қара ирең менен латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети саннан ибарат номер жайластырылған. Банкноттың кең ақ жазықлығының шеп ҳәм оң тәреплери "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген үзликсиз микротекст менен жийекленген.
Банкнот арқа тәрепиниң нағыслы рамка менен оралған оң бөлиминде Самарқанд қаласындағы "Шоҳи Зинда" архитектуралық естелиги сәўлеленген.
Банкноттың төменги бөлеги сарғыш иреңнен басланып, жиңишке көгис иреңге өтиўши фондағы еки қатарға жасыл ҳәриплер менен "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМЛЫ ТҮРДЕ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст жазылған. Ашық иреңлер менен еки қатарға жазылған "ЖИГИРМА БЕС СУМ" деген текст ҳәм "25" Санлары өзара симметриялық тәризде жайластырылған.
Аспан фонында нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги бар.
Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен жақтыландырылғанда, оның алдынғы тәрепиндеги орайлық бөлиминде "25" саны, Рамканың шеп бөлиминде ашық қарақоңыр нағыс фонының шеткиси ҳәм сары жапырақлар формасындағы элементлер, тойғын жасыл иреңде банкнот сериясы ҳәм саны, оның арқа тәрепинде болса, ашық қарақоңыр деталлар — көгилдир ҳәм жасыл талшықлар жарқырап көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жылғы нырқы 50 сум болған банкноты 142x69 мм өлшемдеги ақ қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ жазықлықта Өзбекистан Республикасының Герби формасындағы локаль суў белгиси бар. Банкноттың шеп тәрепинде оның пүтин ени бойлап өтетуғын қорғаныс жиби прессленген. Онда ақ түстеги "ӨЗБЕКИСТАН" сөзи избе-из көп мәрте тәкирарланған болып, олардың биринде ҳәриплер туўры болса, екиншисинде қыя жайласқан.
Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан тойғын қарақоңыр, қызғыш ҳәм сарғыш, сары ҳәмде гүмис иреңлерде. Банкноттың арқа тәрепи - ашық қарақоңыр, қарақоңыр, ашық көгилдир, ашық қызғылт-көк ҳәм ашық жасыл иреңлерде. Банкнот алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлеги орайында тойғын қарақоңыр саялы ақ иреңде "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жайласқан.
Банкнот орайында қарақоңыр фон ортасындағы алтын фонда гүмис ирең менен сәўлеленген Бухара зергерлиги усылындағы нағыс сәўлеленген.
Нағыстың жоқарғы бөлиминде тойғын қарақоңыр иреңде Өзбекистан Республикасының Герби жайластырылған. Оның әтирапында шеңбер бойлап қыя қарақоңыр сызықлардан ибарат болған сүўрет сәўлеленген болып, Герб астында нағыслы "50" саны, оның астындағы рамкада болса, ашық қарақоңыр ноқатлар ҳәм сызықлар фонында еки қатарға жазылған тойғын қарақоңыр саялы ашық иреңде "ЕЛИЎ СУМ" деген сөзлер жайласқан. Төменги бөлиминдеги сары фонда "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген тойғын қарақоңыр текст сәўлеленген.
Текст нәзик сызық пенен оралған болып, сызықтың жоқарғы бөлиминде "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген тойғын қарақоңыр үзликсиз текст микробаспа усылында басылған. Оны тек лупа арқалы оқыў мүмкин. Кең ақ жазықлықтағы нағыс үстинде Банкнот үлгиси шыққан жылды көрсетиўши "1994" санлары бар.
Банкнот Орайлық бөлегиниң оң ҳәм шеп мүйешлеринде жасырын баспа усылында басылған ҳәм қуяш нурларына яки шамға тутылғанда көриў мүмкин болған "50” санлары бар. Банкнот шеп рамкасының жоқарғы бөлеги ҳәм оң рамкасының төменги бөлиминдеги нағыс астында қара иреңде жазылған латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети саннан ибарат номер көрсетилген.
Банкноттың арқа тәрепинде қурамалы сызықлардан ибарат болған өзине тән рамка ишинде Самарқанд қаласындағы "РЕГИСТАН" тарийхый-архитектуралық ансамбли сәўлеленген.
Рамканың жоқарғы бөлеги түрли формалардағы қурамалы сүўреттен ибарат болып, сүўрет ортасында тойғын қарақоңыр саялы, ақ иреңде жазылған "ЕЛИЎ СУМ" деген сөзлер жайластырылған. Банкноттың орайлық бөлиминдеги нәзик рамка ишинде рамка формасындағы ақ жол болып, онда қарақоңыр менен жазылған "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст бар. Банкнот орайының аспан фонында нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги сәўлеленген.
Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен арнаўлы жақтыландырылғанда, оның алдынғы тәрепи орайында "50" саны, шеп тәрепинде иреңли сарғыш фон ҳәм төменде ашық көгис ирең нағыслар, оң тәрепиниң жоқарғы ҳәм төменги бөлиминде нағыслы сары ирең болып, тойғын жасыл иреңде банкнот сериясы ҳәм номерлери, арқа тәрепте болса, сарғыш-жасыл иреңде сәўлеленген архитектуралық естелик деталлары — көгилдир ҳәм жасыл талшықлар көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1994 жыл үлгисиндеги нырқы 100 сум болған банкноты 142x69 мм өлшемдеги ақ қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ жазықлықта Өзбекистан Республикасы Герби формасы түсирилген локаль суў белгиси бар. Банкноттың шеп тәрепинде оның пүтин ени бойлап қорғаныс жиби прессленген. Онда ақ иреңдеги "ӨЗБЕКИСТАН" сөзи көп мәрте тәкирарланған болып, олардың биринде ҳәриплер туўра болса, екиншисинде қыя жайласқан. Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан қызғылт-көк, ашық қызғылт-көк, көк, көгилдир ҳәм сарғыш иреңлерде, арқа тәрепи болса, тийкарынан көк-көгилдир, қызғылт-көк ҳәм қызғыш-қоңыр түсте.
Банкноттың алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлеги орайындағы көк рамка ишине тойғын көк саялы ақ ҳәриплер менен "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жайластырылған. Төмениректе ақ домалақ, фонда көк ирең менен Өзбекистан Республикасы Герби сәўлеленген. Оның астында "100" саны ҳәм астында " ЖҮЗ СУМ" сөзлери жазылған. Банкноттың төменги бөлиминде ашық сарғыш сызықлы тор рамка жайласқан болып, оның ишинде бир қатарға "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст тойғын қызғылт-көк иреңде жазылған. Банкнот оң тәрепиниң төменги бөлиминде көгилдир ҳәм сарғыш-жасыл иреңли нағыс болып, оның ортасында көгилдир фонда ақ иреңли нағыслы "100" саны жайластырылған. Нағыс үстинде Банкнот шығарылған жылды көрсетиўши "1994" санлары бар. Шептеги ҳәм оң тәрептеги рамкалардың сыртқы, төменги тәрепи үзликсиз микробаспа усылында басылған ҳәм қызғылт-көк сызықлар менен жийекленген болып, лупа жәрдеминде "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген жазыўды көриў мүмкин.
Банкнот оң ҳәм шеп тәреплериниң төменги мүйешлериндеги Орайлық рамкада нағыстың жиңишке фоны астында жасырын баспа усылы менен басылған "100" саны болып, ол қуяш нурларына яки шамға тутылғанда көринеди. Банкнот шеп тәрепиндеги рамканың жоқарғы бөлиминде ҳәм оң тәрепиндеги рамканың төменги бөлиминдеги нағыс астында латын әлиппесиниң еки ҳәрипли сериясы менен жети санлы номери қара иреңде басылған.
Банкноттың арқа тәрепинде қызғылт-көк иреңге өтиўши көк-көгилдир нағыслы рамка ишинде Ташкент қаласындағы "ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ" сарайы сәўлеленген. Рамканың шетки мүйешлеринде көк-көгилдир иреңли еки нағыс болып, олардың ортасында көк-көгилдир саялы ақ иреңде "100" санлары жайласқан. Нағыслар ортасындағы еки қатарға "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст түсирилген.
Банкнот орайында нусқа көшириўге қарсы "X" формасындағы белги бар.
Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен жақтыландырылғанда, оның алдынғы тәрепи орайында "100" саны, оң тәрепи төменги мүйешинде алтын нағыс, Банкноттың шеп тәрепинде сарғыш иреңдеги нағыслар, тойғын жасыл иреңде банкнот сериясы ҳәм саны, арқа тәрепинде болса, естеликтиң ашық сарғыш түстеги деталлары менен бирге көгилдир ҳәм жасыл иреңли талшықлар жарқырап көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң 1997 жыл үлгисиндеги нырқы 200 сум болған банкноты 144x78 мм өлшемдеги ақ қағазда таярланған. Банкнот оң тәрепиниң кең ақ жазықлығында Өзбекистан Республикасының Герби формасындағы локаль суў белгиси бар. Банкнот алдынғы тәрепиниң шеп бөлиминде ени 3- 4 мм, арқа тәрепиниң оң бөлиминде болса, ени 5 мм болған лента формасындағы торлы ақ жазықлық бар. Банкноттың орайында оның пүтин ени бойлап 1,2 мм енли металл қосылған полиэфир қорғаныс жиби өтеди. Онда ақ ирең менен жазылған көп мәрте тәкирарланыўшы "ӨЗБЕКИСТАН" микротексти болып, туўра ҳәм қыя фомалардағы ҳәриплер алмасып келеди.
Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан жасыл-сары , қызғылт-көк-қарақоңыр түсте, арқа тәрепи болса, жасыл-көк-сары иреңлерден ибарат. Банкнот алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлиминдеги тойғын қызғылт-көк иреңли лентада ашық ирең менен "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жайластырылған. Оның астындағы нағыслы рамка ишинде Өзбекистан Республикасы Герби сәўлеленген. Банкноттың төменги орта бөлиминде арнаўлы магнит бояўы қосылған қара ирең менен латын әлиппесиниң еки ҳәрипли сериясы ҳәм жети санлы номери жайласқан. Бул номер Банкноттың оң бөлиминде тәкирарланып келип, оған баспа ўақтында флуоресцент бояў қосылған.
Банкнот орайының төменги бөлиминде нағыслы шағылыстырыўшы элементлер фонында бир-бирин кесип өтиўши түрли иреңдеги "200" ҳәм "СУМ" жазыўлары бар. Банкноттың төменги бөлиминдеги еки қатарға "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА БӘРШЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст жайластырылған. Банкноттың нағыслы элементлери сегиз қырлы формалардан ибарат болып, төменги рамка ишине "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген жазыў металлографиялық баспа усылында басылған болып, банкнот бармақ ушлары менен услап көргенде, бояўдың бөртип шыққанлығы сезиледи. Нағыслы рамка төменги бөлегиниң шеп тәрепинде майда сызықлар болып, олардың анық мүйеши астында "200" санын көриў мүмкин.
Банкнот оң тәрепиниң төменги бөлеги кең ақ жазықлығындағы серия ҳәм номери астында "200" саны жайластырылған ҳәм ол "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген үзликсиз текстлерден ибарат болып, оларды лупа жәрдеминде оқыў мүмкин. Банкноттың жоқарғы бөлиминде арнаўлы қорғаныс бояўы менен басылған нағыс бар. Бул нағыс оны гүзетиў мүйешине қарап өз иреңин өзгертеди ҳәм жасыл иреңнен қызыл иреңге өтип таўланады. Оның астында болса, банкнот үлгиси chiqqan жылды билдириўши "1997" санлары бар.
Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен арнаўлы жақтыландырылғанда, оның алдынғы тәрепинде Өзбекистан Республикасы Герби жазықлығында үш қатарда үстине-үсти түсирилген түрли бәлентликтеги "200" санлары сәўлеленген. Онда пүтин қағаз бойлап тәртипсиз рәўиште көгилдир ҳәм жасыл талшықлар жайластырылған болып, банкноттың сериясы ҳәм номери тойғын жасыл иреңде көринип турады.
Банкноттың арқа тәрепиниң орайында Самарқанд қаласындағы "Шердор" медресесиниң порталынан тийкар етип алынған қуяш көтерип кетип баратыған арысланның сүўрети бар. Арысланның шеп тәрепинде жасыллаў ирең менен нусқа көшириўге қарсы " X" белгиси бар. Банкноттың орайлық бөлегиниң жоқарғы шеп ҳәм төменги оң тәреплеринде Банкнот нырқын билдириўши "200 СУМ" көрсетилген. Банкноттың төменги бөлиминде "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст болып, банкноттың шеп тәрепиниң төменги бөлиминдеги жасыл-көк иреңли нағыс үстинде "200" саны бар. Нағыслы түрли иреңдеги элементлер фонында бири-бирин кесип өтиўши түрли иреңдеги "200" ҳәм "СУМ" жазыўлары бар. Тап сондай жазыўлар - "200" ҳәм "СУМ" шеп тәрептиң жоқарғы бөлиминде жайласқан болып, олардың өлшеми киши ҳәм иреңи бир қыйлы - тойғын жасыл.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң нырқы 500 сум болған банкноты 144x78 мм өлшемдеги қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ майданда Өзбекистан Республикасы Герби көринисиндеги локаль суў белгиси бар. Банкноттың шеп бөлиминде кеңлиги 4 мм болған сызық көринисиндеги тор ақ майдан бар. Банкноттың дерлик орайында оның пүтин ени бойлап кеңлиги 1,2 мм болған металл қосылған полиэфир қорғаныс жиби өтеди. Онда ақ иреңде биресе туўра, биресе қыя ҳәриплер менен жазылған ҳәм көп мәрте тәкирарланыўшы "ӨЗБЕКИСТАН" тексти бар.
Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан ашық жасыл, алша, тойғын қызыл ҳәм қызғылт-көк иреңлерден, арқа тәрепи болса, тойғын қызыл, жасыл ҳәм ҳаўа иреңлерден ибарат. Банкнот алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлиминде тойғын қызғылт-көк иреңли лентада тойғын қызғылт-көк ирең сая түсирилген ашық түстеги "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст бар. Банкноттың шеп тәрепинде бир неше түрли иреңдеги гильоширленген нағыслар фонында Өзбекистан Республикасы Герби сәўлеленген. Нағыслардың оң тәрепинде өткир мүйешли көп қырлы формасында нағыслы элементлер жайластырылған. Өзбекистан Республикасы Герби астында латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети саннан ибарат номер жайласқан. Банкноттың арнаўлы магнит бояўы қосылып, қара иреңдеги усы номери билеттиң төменги бөлиминдеги ақ майданда тәкирарланады. Сүўреттиң оң тәрептеги төменги мүйешинде нағыслы рамка ишинде ашық қызғылт-көк иреңли "500" санлары менен банкноттың нырқы сәўлеленген ҳәм оның үстине ири ҳәриплер менен тойғын қызыл иреңде "СУМ" деп жазылған.
Банкноттың шеп ҳәм оң тәрептеги төменги мүйешлеринде тойғын көк иреңли "500" санлары сәўлеленген болып, банкноттың нырқын билдиреди. Тойғын қызыл иреңли нағыслы рамка астында туўра төртмүйеште "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст бир қатарға жазылған. Банкноттың нағыслы рамкасы, "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" жазыўы, Герб, шептеги ҳәм оң тәрептеги "500" санлары, сондай-ақ, банкноттың кең ақ жазықлығының жоқарғы бөлиминде жайласқан нағыс металлография баспа усылында басылған болып, банкнот бармақ ушлары менен сыйпалап көрилгенде, бояўдың бүртип турғанлығы сезиледи. Нағыслы рамканың оң тәрепиндеги жоқарғы бөлиминде қуяш нурлары яки жақтыға тутып қараған ўақытта көринетуғын ҳәм жасырын баспа усылында "500" саны жайласқан. Банкноттың ақ жазықлығында "500" саны үзликсиз тәкирарланыўшы "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст жазылған болып, ол сызық көринисиндеги микробаспа усылында таярланған ҳәм олар лупа жәрдеминде жақсы оқылады. Тап сондай микротекстли сызық банкноттың жоқарғы бөлиминде нағыслы рамканың даўамы сыпатында жайласқан. Ақ жазықлықтың жоқарғы бөлиминде банкнот шығарылған жылды көрсетиўши "1999" санлары бар. Оның астында
Өзбекистан Республикасы Гербиниң шеп тәрепинде үш қатарға ustma-ust жайластырылған түрли бәлентликтеги "500" Санлары жарқырап көринеди. Банкнот арқа тәрепи орайындағы ҳаўа ирең фонда тойғын қызыл ирең менен ат минип турған Әмир Темурдың ҳәйкели сәўлеленген. Ҳаўа ирең фон түстеги нусқа көшириўге қарсы болған "X" формасындағы қорғаныс белгиси түрли мүйеште көплеп жиңишке сызықлардан ибарат. Ҳаўа ирең фон - шеп ҳәм жоқарғы тәрептеn қулпырып турыўшы лента көринисиндеги гильоширленген сызықлар менен жийекленген. Ҳәйкелдиң оң тәрепинде миллий стильде түрли иреңдеги нағыслы нағыс сәўлеленген. Банкноттың төменги бөлиминдеги туўра төртмүйеште тойғын қызыл ирең менен "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст жазылған.
Түрли иреңдеги нағыслы элементлер фонында оң тәрептеги төменги мүйеште бири-бирин кесип өтиўши "500" ҳәм "СУМ" жазыўлары бар. Сары фонның шеп жоқарғы мүйешинде тап сондай "500" ҳәм "СУМ" жазыўлары бар, бирақ олар кишилеў өлшемде тойғын қызыл иреңде сәўлеленген. Банкноттың шеп төменги мүйешиндеги төменги нағыслы рамка үстинде тойғын қызыл иреңде "500" саны ири өлшемде жазылған. Нағыслы рамка, ат минип турған Әмир Темур ҳәйкели, "500" санлары ҳәм "СУМ" жазыўлары металлография баспа усылында таярланған болып, банкнот бармақ ушлары менен сыйпалап көргенде бояўдың бүртип шыққанлығы сезиледи. Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен жақтыландырылғанда, қағазga тәртипсиз рәўишгте прессленген жасыл ҳәм ҳаўа ирең талшықлар таўланып көринеди.
Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң нырқы 1000 сум болған банкноты 144x78 мм өлшемдеги қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ майданда Өзбекистан Республикасы Герби көринисиндеги ҳәм оның астында жайласқан "1000" саны көринисиндеги локаль суў белгиси бар. Банкноттың шеп бөлиминде кеңлиги 4 мм болған сызық көринисиндеги тор ақ майдан бар. Банкноттың дерлик орайында оның пүтин ени бойлап кеңлиги 1,2 мм болған металл қосылған полиэфир қорғаныс жиби өтеди. Онда ақ иреңде биресе туўра, биресе қыя ҳәриплер менен жазылған ҳәм көп мәрте тәкирарланыўшы "ӨЗБЕКИСТАН" тексти бар.
Банкноттың алдынғы тәрепи тийкарынан ҳаўа ирең, алқызыл ирең, қарақоңыр ҳәм қызғылт-көк иреңлерден, арқа тәрепи болса, қызғылт-көк, жасыл ҳәм ҳаўа иреңлерден ибарат. Банкнот алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлиминде ҳаўа ирең лентада тойғын жасыл иреңли сая түсирилген ашық түстеги "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" деген текст бар. Банкноттың шеп тәрепинде бир неше түрли иреңдеги гильоширленген нағыслар фонында Өзбекистан Республикасы Герби сәўлеленген. Нағыслардың оң тәрепинде сегиз қырлы формасында нағыслы элементлер жайластырылған. Өзбекистан Республикасы Герби астында латын әлиппесиндеги еки ҳәрипли серия ҳәм жети Саннан ибарат номер жайласқан. Банкноттың арнаўлы магнит бояў қосылған қара иреңдеги усы номери билеттиң төменги бөлиминдеги ақ майданда тәкирарланады.
Rasm оң тәрепиниң төменги мүйешиндеги нағыслы рамка ишинде ал-қызыл ирең көринисинде "1000" саны менен Банкноттың нырқы сәўлеленген болып, оның үстине ири ҳәриплер менен тойғын қара-қоңыр иреңде "СУМ" ҳәм "БИР МЫҢ" деп жазылған. Банкноттың шеп ҳәм оң тәрептеги төменги мүйешлеринде тойғын қарақоңыр менен "1000" саны сәўлеленген болып, Банкноттың нырқын билдиреди. Тойғын қарақоңыр нағыслы рамка астындағы туўра төртмүйеште "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ" деген текст бир қатарға жазылған.
Банкноттың нағыслы рамкасы, "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" жазыўы, Герб, Шептеги ҳәм оң тәрептеги "1000" санлары, сондай-ақ, Банкнот кең ақ жазықлығының жоқарғы бөлиминде жайласқан нағыс металлография баспа усылы қолланылған ҳалда таярланған болып, банкнот бармақ ушлары менен сыйпалап көрилгенде, бояўдың бүртип турғанлығы сезиледи.
Нағыслы рамканың оң тәрепиндеги жоқарғы бөлеги қуяш нурлары яки жақтыға тутып қарағанда, жасырын баспа усылында таярланған "UZB" ҳәриплериниң жайластырылғанлығы көринеди. "ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ" микротекстли сызық банкноттың жоқарғы бөлиминде нағыслы рамканың даўамы сыпатында жайласқан. Ақ жазықлықтың жоқарғы бөлиминде банкнот шығарылған жылды көрсетиўши "2001" саны бар.
Банкнот ультрақызғылт-көк нурлар менен жақтыландырылғанда, қағазga тәртипсиз рәўиште прессленген жасыл ҳәм ҳаўа ирең талшықлар менен бирге Рамканың оң бөлеги де таўланып көринеди. Өзбекистан Республикасы Гербиниң шеп тәрепинде үш қатарға үсти-үсти жайластырылған түрли бәлентликтеги "1000" санлары гильоширленген фонда жарқырап көринеди.
Банкнот арқа тәрепиниң орайында ҳаўа ирең фонда қарақоңыр көриснисндеги Темурийлер тарийхы музейи имараты сәўлеленген. Иреңли нусқа көшириўге қарсы болған қорғаныс белгиси "X" көринисиндеги форма, банкнот жазықлығының жоқарғы бөлеги шеп мүйешинде сәўлеленген. Имараттың оң тәрепинде Миллий стильде түрли иреңдеги нағыслар сәўлеленген.
Банкноттың төменги бөлиминдеги туўра төртмүйеште ақ ирең менен "ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ" деген текст жазылған. Түрли иреңдеги нағыслы элементлер фонында оң тәрептеги төменги мүйеште "1000" санлы жазыў бар. Банкноттың шеп төменги мүйешинде нағыслы рамка үстинде тойғын қара-қоңыр иреңде таярланған "1000" саны орташа үлкенликтеги ҳәриплер менен жазылған.
2013 жылдың 1 июлинен баслап Өзбекистан Республикасы Орайлық банки нырқы 5000 сум болған жаңа пул билетлерин айланысқа шығарды. Өзбекистан Республикасы Орайлық банкиниң нырқы 5000 сум болған пул билетлери 144 x 78 мм. өлшемдеги қорғанысланған қағазда таярланған. Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ иреңли жазықлықта Өзбекистан Республикасы Герби ҳәм “5000” саны көринисинде суў белгиси бар. Ақ иреңли жазықлықтың шеп тәрепинден қағаз қатламында голографикалық эффектли ишке қарай батыўша қорғаныс жиби өткерилген.
Билеттиң алдынғы тәрепиниң жоқарғы бөлиминде “ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ” жазыўы бар. Шеп бөлиминде нағыслы элементлер фонында Өзбекистан Республикасы Герби сәўлеленген. Гербтиң төменги бөлиминде жети санлы номери менен еки латын ҳәрибинен ибарат сериясы жайласқан. Нағыслы Рамканың оң ҳәм шеп мүйешлериниң төменги бөлиминде, сондай-ақ, Гербтиң оң тәрепинде билеттиң нырқын билдириўши “5000” саны сәўлеленген. Гербтиң оң тәрепиндеги “5000” саны үстине ири ҳәриплер менен “SO’M” сөзи жазылған. Усы сүўрет жоқарысында билет нырқы сөз менен “BESH MING” көрсетилген.
Нағыслы Рамканың төменги бөлиминде “ӨЗБЕКИСТАН СУМЫ РЕСПУБЛИКА АЙМАҒЫНДА ҲӘММЕ ТӨЛЕЎЛЕР УШЫН ӨЗ НЫРҚЫ БОЙЫНША ҚАБЫЛ ЕТИЛИЎИ ШӘРТ” жазыўы жайласқан. Банкноттың қарақоңыр нағыслы рамкасы, “ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ БАНКИ” жазыўы, Герб, оң ҳәм шеп тәрептеги “5000” санлары бүртип турады, услап көргенде сезиледи. Ақ иреңли жазықлықта жайласқан “5000” саны оның диагоналы бойынша өзгешеленген еки түрли иреңде исленген. Сан жоқарысында билеттиң номери ҳәм сериясы тәкирарланып көрсетилген. Ақ иреңли жазықлықтың жоқарғы бөлиминде қыялық мүйешиниң ҳалатына қарап иреңин бронза иреңинен жасыл иреңге өзгертиўши ҳәм услап көргенде билинетуғын бүртип турыўшы нағыс бар.
Нағыс жоқарысында банкнот шығарылған жыл “2013” көрсетилген. Банкноттың арқа тәрепи шеп бөлиминдеги ақ иреңли жазықлықта суў белгилери көринеди. Ақ иреңдеги жазықлықтың жоқарғы ҳәм төменги бөлимлеринде иреңли нағыслар жайласқан болып, төменги нағыс үстинде “5000” саны сәўлеленген. Банкноттың орайында “ОЛИЙ МАЖЛИС” архитектуралық бинасы, бинасы гүмбезиниң жоқарысында Өзбекистан Республикасының иреңли байрағы сәўлеленген. Сүўреттиң жоқарғы шеп мүйешинде бири-бирин кесип өтиўши “5000” ҳәм “SO’M” жазыўлары бар болып, олардың жоқарысында банкноттың нырқы сөз бенен “BESH MING” көрсетилген.
Олардың төменги бөлиминде түрли бәлентликтеги, қыялық мүйешиниң ҳалатына қарап иреңин жарқын алтын иреңнен ашық жасыл иреңге өзгертиўши еки “5000” санлары жайласқан. Сондай-ақ, банкноттың “5000” сандағы нырқы оның жоқарғы оң мүйешинде де сәўлеленген. Төменги бөлиминде “ӨЗБЕКИСТАН СУМЫН ҚӘЛПЕКИЛЕСТИРИЎ НЫЗАМҒА МУЎАПЫҚ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ” жазыўы жайласқан. Айлансықа шығарылған нырқы 5000 сум болған пул билетлери, ҳәзирги ўақытта айланыстағы пул белгилери ҳәм теңгелер менен бир қатарда, бәрше хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм халық тәрепинен ӨЗ нырқы бойынша бәрше түрдеги төлеўлер ушын ҳеш қандай шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт.