Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

Өзбекистанның ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесине басшылығы жуўмақлары шығарылды

04.08.2017Сиясат

Ташкентте Өзбекистан Республикасының Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң (ИБШ) Сыртқы ислер министрлиги кеңесине басшы сыпатындағы жумысының жуўмақланыўына бағышланған баспасөз брифинги болды.

Жаңа оқыў жылына пуқта таярлық көриў–әҳмийетли ўазыйпа

03.08.2017Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 2017-жыл 2-август күни улыўма билим берииў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери арасында өз-ара интеграцияны тәмийинлеген ҳалда, 11 жыллық орта билимлендириў системасын енгизиў, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў системасын түп-тийкарынан реформалаў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Депутатлар бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты

01.08.2017СиясатДерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

2017-жыл 31-июль күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилис болып өтти. Күн тәртибине 22 мәселе киргизилди. Атап айтқанда, «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы, «Балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден оларды қорғаў ҳаққында»ғы, «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы, «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарлары додаланды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиëевқа

28.07.2017СиясатДерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Уллы Мәртебели Мырза!