Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Депутатлар бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты

2017-08-01 | Сиясат

2017-жыл 31-июль күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилис болып өтти. Күн тәртибине 22 мәселе киргизилди. Атап айтқанда, «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы, «Балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден оларды қорғаў ҳаққында»ғы, «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы, «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарлары додаланды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам жойбарлары 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға муўапық ислеп шығылды.

Соны да атап өтиў керек, усы жыл 12-июль күни парламент ҳәм сиясий партиялардың ўәкиллери менен ушырасыў ўақтында елимиз басшысы тәрепинен билдирилген ўазыйпаларды инабатқа алған ҳалда Нызамшылық палатасында нызам жойбарларының дәслепки тәриздеги додалаўларын шөлкемлестириўге болған көз-қарас қайта көрип шығылды. Атап айтқанда, нызам жойбарлары тек Нызамшылық палатасының өзинде ғана емес, ал орынларда да додаланды. Додалаўларда аймақлық партия шөлкемлериниң, халық депутатлары тийисли Кеңеслериндеги партия топарларының ўәкиллери, сондай-ақ, әпиўайы пуқаралар қатнасты. Мәмлекет басшысының бул басламасы халық арасында кеңнен қоллап-қуўатланды ҳәм нызам жойбарларының буннан былай да пуқта исленип шығылыўына көмеклести.

Буннан тысқары, нызам жойбарларының комитетлердеги, Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялардың фракцияларындағы, Экоҳәрекет депутатлық топарындағы дәслепки тәриздеги додалаўларына Өзбекистан жаслар аўқамының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллери, экспертлер ҳәм қәнигелер мирәт етилди. Усы тәризде ҳәр қыйлы ўәкиллер менен топарлардың, экспертлер жәмийетшилигиниң нызам жойбарын додалаўда мәплери инабатқа алыныўы тәмийинленди.

Депутатлар өз жумысын «Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда додалаўдан баслады. Оның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиўге, олардың жумысына мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң тийкарсыз араласыўының алдын алыўға, бизнес-омбудсман институты жумысының ҳуқықый механизмлерин белгилеўге қаратылғанлығы атап өтилди.

Депутатлар бул нызам исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў ушын кең имканиятлар ашатуғынын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, бул тек өзимиздиң исбилерменлер ушын ғана емес, ал өз бизнесин Өзбекистан Республикасында әмелге асырып атырған шет ел компанияларына да тийисли болып табылады. Нызам жойбары алдынғы шет ел тәжирийбесин, атап айтқанда, АҚШ, Франция, Уллы Британия, Австралия, Канада, Қубла Корея сыяқлы еллердиң тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда ислеп шығылды.

«Балалардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден оларды қорғаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаў ўақтында оны таярлаў балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаўды тәмийинлейтуғын ҳуқықый экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятларды жаратыў зәрүрлигине байланыслы екенлиги атап өтилди. Тийкарғы мақсет – балаларды бузғыншы, олардың руўхый дүньясына зыян келтиретуғын тәсирлерден қорғаў, сондай-ақ, олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлеме тарқалыўының алдын алыў, шеклеў ҳәм қадаған етиўден ибарат. Бул нызам қабыл етилгеннен соң, депутатлардың атап өткениндей, оның қағыйдаларын әмелге асырыў елимиз басшысының турақлы итибары астында әмелге асырылып атырған жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бирине айланады.

Соң депутатлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-февральда қабыл етилген «Нызам ҳүжжетлерин тарқатыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын әмелге асырыў шеңберинде ислеп шығылған «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты. Ҳәзирги күнге шекем ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў тәртиби 20 дан зыят нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет пенен тәртипке салынбақта. Лекин, оларда мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў саласындағы ўәкилликлери айқынластырылмаған. Соның менен бир қатарда, ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў усыллары системаға салынбаған еди. Нәтийжеде әмелиятта бул салада айрықша кемшиликлер менен нуқсанлар көзге тасланбақта. Мәжилисте атап өтилгениндей, нызам қабыл етилгеннен соң, әне усы барлық мәселелер шешиледи.

«Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын басқа нызам жойбары да әмелий көринистеги кемшиликлерди ҳәм нуқсанларды сапластырыўға қаратылған. Додалаўлар процесинде, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилгени атап өтилди. Пуқаралардың мүрәжатларына айрықша итибар қаратыў буннан былай да Өзбекистан Республикасы Президенти сиясатының тийкарғы бағдары ҳәм үстинликлеринен бири болып қалады. Усы мүнәсибет пенен бул саладағы барлық жаңалықлар нызамшылық дәрежесинде беккемленип қойылмақта. Себеби, өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгеннен соң, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўге байланыслы ҳуқықый механизмлер айқынластырылады ҳәм аның көзге тасланады. Бул, соңғы нәтийжеде, усы саладағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын жақсылаўға көмеклеседи.

Нызам жойбарлары қызғын пикир-усынысларға себеп болғанлығын атап өтиў керек. Нызамшылық палатасындағы барлық сиясий партиялардың ҳәм Экоҳәрекет депутатлық топарының ўәкиллери өзлериниң бағдарламалық ҳүжжетлеринен, сайлаўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплеринен келип шыққан ҳалда өз көз-қарасларын билдирди. Депутатлар биринши оқыўда көрип шығылған нызам жойбарларын концептуаллық жақтан мақуллады.

Соның менен бирге, мәжилис даўамында депутатлар нызам жойбарларының жәмийетшилик тәрепинен додаланыўы шеңберин избе-из кеңейтип барыў зәрүрлиги ҳаққында айқын пикир билдирди. Усы мүнәсибет пенен жәмийетшиликтиң кең топарлары ушын қызықлы болған ең әҳмийетли нызам жойбарларын Нызамшылық палатасының рәсмий веб-сайтында жайластырыў  туўралы қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте нызам жойбарларын екинши оқыўға таярлаў шеңберинде олардың жәмийетшилик тәрепинен додаланыўын орынларда тийисли халық депутатлары Кеңеслериниң, аймақлық партия шөлкемлериниң, жаслар, ҳаял-қызлар, кексе әўлад ўәкиллериниң, ҳәр қыйлы салалардың экспертлери ҳәм қәнигелериниң қатнасыўында шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирилди.

Сондай-ақ, бундай әмелият парламенттиң төменги палатасында бир неше мәрте сынақтан өткерилген. Атап айтқанда, бул рет те Нызамшылық палатасының нызам жойбарларын додалаў бойынша мәжилиси Өзбекистан жаслар аўқамының ўәкиллери, нызамшылық палатасының комитетлери жанында жумыс ислеп атырған эксперт топарлары ағзаларының қатнасыўында болып өтти.

Әмелдеги бир қатар нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалардың әҳмийетли екенлигин инабатқа алған ҳалда олардың мәнисин, мазмунын ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндириў зәрүрлиги атап өтилди. Депутатлар елимиз басшысы менен ушырасыўдан соң өзлери ушын тийисли жуўмақлар шығарып алды, билдирилген пикир-усыныслардың дурыс екенлигине исеним билдирди. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысының барлық усыныслары депутатлық корпустың күнделикли жумысына белсене енгизилмекте ҳәм оны жетилистириўге хызмет етпекте.

Мәжилисте Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

***

Мусулмонбек ИБРОҲИМОВ, Өзбекистан жаслар аўқамының ўәкили:

- Мәмлекетимиз басшысының жасларға болған жоқары итибары себепли бүгинги күнде депутатлық корпусы менен, соның ишинде, нызам дөретиўшилиги процесинде жақыннан байланыслар орнатылған. Бүгинги күнде жаслар анаў яки мынаў нызам жойбары бойынша өз пикир-усынысларын билдириў имканиятына ийе. Бул әмелият, өз гезегинде, жаслардың мәплери нызамшылық дәрежесинде есапқа алыныўына имканият жаратпақта. Сондай-ақ, жаслардың ҳуқықый саўатлылық дәрежеси, олардың сиясий ҳәм ҳуқықый мәденияты артып бармақта. Бул жәмийетте нызамға бойсыныўшылық минез-қулқын қәлиплестириўде, ҳуқық үстинлиги принципи сөзсиз әмелге асырылыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Мирзатилла ТИЛЛАБОЕВ, Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлердиң маманлығын арттырыў орайы директорының орынбасары:

- Бүгинги мәжилисте биз депутатлық корпустың нызам дөретиўшилиги процесине, соның ишинде, нызам жойбарларының жәмийетшилик тәрепинен додаланыўына болған өз мүнәсибетин принципиаллық жақтан өзгерткенин көрип, исеним арттырдық. Мәмлекетимиз басшысының парламент, сиясий партиялардың ўәкиллери менен ушырасыўы олардың жумысын жетилистириўде, сайлаўшылар менен еки тәреплеме байланысты беккемлеўде әҳмийетли роль атқарады. Исенимимиз кәмил, нызам жойбарларының орынлардағы жәмийетшилик тәрепинен додаланыўы да нызам жойбарларын пуқта ислеп шығыўда, ҳәр қыйлы қатламлар менен топарлардың пикир-усынысларын инабатқа алыўда үлкен әҳмийетке ийе болады.

Даврон АРИПОВ, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты:

Халық пенен пикирлесиў, пуқаралардың мүрәжатларына айрықша итибар қаратыў, инсан мәплерин инабатқа алыў мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў институтларына адамлардың көз-қарасы, әлбетте, жақсы тәрепке өзгериўине көмеклести. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларға муўапық, депутатлар буннан былай да бул мәселелерге биринши дәрежели итибар қаратады. Сондай-ақ, биз нызам жойбарларының жәмийетшилик тәрепинен додаланыўын өткериўде жергиликли Кеңеслердиң депутатларына шөлкемлестириўшилик-методикалық жәрдем көрсетип барамыз.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться