Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТЛИГИНЕ ТАЛАБАН ХАТАМЖОН КЕТМОНОВ САЙЛАЎДА ДАЎЫС БЕРДИ
2016-12-04 | Cайлаў
Өзбекистан Республикасы Халық демократиялық партиясынан Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабан Хатамжон Кетманов пайтахтымыздың Алмазар районындағы 282-сайлаў участкасына даўыс бериў ушын келди.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинлигин тәмийинлеў, миллий сайланыў нызамшылығын жер жүзилик стандартлар дәрежесинде жетилистириў, оның демократиялық принциплерге толық жуўап бериўине ерисиў мәселелерине үлкен әҳмийет қаратылмақта. Раўажланған мәмлекетлердиң бул бағдардағы алдынғы тәжирийбеси ҳәм миллий үрп-әдетлеримиздиң өз-ара үйлесиўи нәтийжесинде миллий сайлаў нызамшылығымызда халқымыз өзиниң ерк-ықарарын еркин билдириўин тәмийинлейтуғын мәселелер өз көринисин таппақта.
Сайлаў системасы көп партиялылық, ашық-айдынлық, жәриялылық, тең ҳуқықлылық сыяқлы принциплерге сүйенетуғыны, бунда тек ғана даўыс бериў процесинде жасырынлыққа жол қойылыў мүмкинлиги миллий сайлаў системасының жоқары демократиялық талаплары менен нормаларына толық жуўап бериўиниң әмелдеги тағы бир айқын көриниси болып табылады.
Өзбекистан Республикасы Халық демократиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасы халықтың түрли қатламларының мәплерин тәмийинлеў, күшли социаллық қорғаў принциплерине қатаң әмел етиў, әсиресе, кекселерге, айрықша жәрдемге мүтәж пуқараларға, жасларға итибарды еле де күшейтиў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, билимлендириўдиң сапасын ҳәм мазмунын буннан былай да жетилистириў сыяқлы мақсетлерге бағдарланған.
Халқымыз Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўда белсене қатнасты. Елимиз турмысында бул әҳмийетли сиясий процесстиң жоқары дәрежеде өткени ўатанласларымыздың белсенди пуқаралық позициясын, Ўатанымыз тәғдири ушын жуўапкершиликти терең сезиниўин, елимиздиң еркинлигине жуўапкершилик сезими менен жасап атырғанын әмелий түрде дәлилледи.
Жоқары талап ҳәм нормаларға толық жуўап беретуғын сайлаў процесин ўатанласларымыз Өзбекистанымыздың тыныш-татыўлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы, оның айдын келешеги ушын даўыс бергениниң тағы бир дәлили болды.