Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТЛИГИНЕ ТАЛАБАН НАРИМОН УМАРОВ САЙЛАЎДА ДАЎЫС БЕРДИ

2016-12-04 | Cайлаў

Өзбекистан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекистан Республикасы Президентлигине талабан Наримон Умаров 4-декабрь күни Ташкент қаласындағы 550-сайлаў участкасында даўыс берди.

Елимизде демократиялық принциплер тийкарында социаллық-экономикалқ қатнасықларды нызамшылық жолы менен муўапықластырыў, халықтың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин буннан былай да араттырыўға қаратылған реформалар өзиниң нәтийжесин бермекте. Нызам үстинлигин ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеў, экономиканы қоллап-қуўатлаў арқалы тараўға инновацияларды енгизиў, кадрларды мақсетли таярлаў, илимди раўажландырыў, пуқаралық жәмийети институтларының ролин буннан былай да арттырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар дүнья жүзи көлеминде тән алынбақта.

Миллий нызамшылығымызда халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги екени көрсетилген. Пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екени Конституциямызда беккемлеп қойылған. Өйткени сайлаўлар күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған деморкратиялық ҳуқықый мәмлекеттиң ажыралмас белгиси, халықтың өз ерк-ықрарын еркин көрсетиўи, жәмийет ҳәм мәмлекетти басқарыўда пуқаралар қатнасыўының тийкарғы түри болып табылады. Елимиздиң келешеги, оның буннан былай да раўажланыўы сайлаўшылардың ең жоқары демократиялық талаплар ҳәм улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сай, Бас нызамымызда беккемленген қағыйдалар тийкарында өтиўине, сайлаўшылардың белсендилигине ҳәм олар қабыл ететуғын қарарға байланыслы.

Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў миллий нызамшылығымыз ҳәм халықаралық нормаларға толық сәйкес түрде, жәриялылық, теңлик тийкарында өтти. Онда сайлаўшылар өзиниң ерк-ықрарын еркин билдирип, халқымыздың абаданлығы, перзентлериниң келешеги ушын даўыс берди.

Поделиться