Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

БӘРЕКАЛЛА СИЗГЕ, ЎАТАНЫМЫЗДЫҢ АБЫРОЙЫН АРТТЫРҒАН СПОРТШЫЛАР

2016-08-24 | Спорт

«Рио-2016»дан олимпиадашыларымыз Ўатанымызға 4 алтын, 2 гүмис, 7 қола медальды алып келди

Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен XXXI жазғы Олимпиада ойынларында табыслы қатнасқан спортшыларымыз елимизге қайтып келди. 23-август күни Ташкент аэропортында усы абыройлы жарыс жеңимпазлары, сыйлы орын ийелери ҳәм қатнасыўшылары салтанатлы күтип алынды.

Усы мүнәсибет пенен бул жерге мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң, жәмийетшиликтиң ўәкиллери, спортшылар, олимпиадашылардың ата-аналары ҳәм жақынлары, журналистлер жыйналды.

…Спортшыларымыз отырған самолёттың қоныўына еле ўақыт бар. Дәсте-дәсте гүл көтерген ўатанласларымыздың кеўли толып-тасқан, қуўанышының шеги жоқ. Әсиресе, Олимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болып Ўатанымыздың даңқын дүньяға және де кең таратқан спортшыларымыздың ата-аналары, жақынлары айрықша қуўанышқа бөленген.

«Бәрекалла ата баласы, қайыл қалдырдыңыз!». Улы Ҳасанбойды қушағына басып усындай деп айтыўды кеўлине түйген, перзенти менен болажақ ушырасыў мәўритлерин интизарлық пенен күтип атырған Маъруфжон Ҳайтбаевты сәўбетлесиўге тарттық:

- Толқынланып баратырман, етим титиркенип кетпекте, ақыры улым чемпионS – дейди Маъруфжон аға.

-Улымның жеңиси тек ғана аўылымыздың халқын емес, ал пүткил Өзбекистан халқын руўхландырып жиберди. Балам, мақтанды демең, перзентлерим, әсиресе, Ҳасанбойдың Ўатанымыздың даңқын дүньяға таратып, ел-журтымызға хызмет етип атырғанынан иш-ишимнен мақтанышқа бөленемен. Спортшыларға бәрқулла ғамхорлық көрсетип атырған Президентимиз ҳәм халқымыздың исенимин ақлағанынан шексиз қуўанышлыман. Егер мүбәрек ғәрезсизлик болмағанда улым Ширмонбулақтағы тамашалардан арыға өте алмайтуғын еди. Оның жеңиси елимизде спортқа, әсиресе, балалар спортына қаратылып атырған жоқары итибардың әмелдеги көриниси болып есапланады.

…Саат 21:00. «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясының спортшыларымыз минген арнаўлы авиалайнери Ташкентке қонғаны жәрияланды. Асығып күтилген демлер жетип келди. Пүткил дүньяның нәзери қаратылған Рио майданларында Өзбекистанның даңқын таратқан спортшыларымыз мәмлекетимиздиң байрағын бәлент көтерген ҳалда ана Ўатанамыздың топырағына қәдем таслады. Кернай-сурнай намалары жаңлады. Дилбар қызлар оларға гүллер усынды.

Салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Н.Йўлдошев, Өзбекистан халық артистлери Э.Комилов, О.Назарбеков, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, таэквондо бойынша жәҳән чемпионы Д.Холжигитова, Олимпиада чемпионы Ҳасанбой Дўстматовтың анасы Д.Хайтбаевалар Президентимиз Ислам Кәримовтың басшылығында жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик инсанлар болып жетилисиўи, спорт пенен турақлы шуғылланыўы, өзиниң талантын ҳәм имканиятын көрсетиўи ушын жаратылған кең шараятлар жоқары нәтийжелер берип атырғанын айрықша атап өтти. Өзбекистанның спорт дүньясында жаңа бет ашқан олимпиадашыларымызды усы жоқары жеңислер менен қутлықлады. Өзбекистан халық шайыры С.Саййид олимпиадашыларымыздың жеңисине бағышланған қосығын оқыды.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын алған спортшыларымыздың атынан шығып сөйлеген Ҳасанбой Дўстматов, Руслан Нурудинов, Шаҳобиддин Зоиров, Фазлиддин Ғойибназаров, Бектемир Мелиқўзиев бундай жоқары итибар ҳәм ғамхорлық ушын Президентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Келешекте буннан да жоқары жеңислерди қолға киргизиўге ўәде берди.

- Бизди бундай үлкен салтанат пенен күтип алғанынан қуўанышлымыз, - дейди XXXI жазғы Олимпиада ойынларының гүмис медалы ийеси Шахрам Ғиёсов. – Бул итибар ҳәм ғамқорлық бизиң келешекте және де жоқары табысларға ерисиўимизге күш-қуўат бағышлайды. Пурсаттан пайдаланып, пүткил халқымызды ғәрезсизлигимиздиң 25 жыллық байрамы менен қутлықлайман.

- Жасларға үлкен исеним билдиретуғын, қандай да бир абыройлы жарысқа кетсе салтанатлы түрде узатып, байрам етип күтип алатуғын ел дүньяда аз. Ҳәзир қуўанғанымнан толып-тасып баратырман. Ҳәммеси ушын рахмет, - дейди XXXI жазғы Олимпиада ойынларының бронза медалы ийеси Диёрбек Ўрозбоев. – Олимпиада тек ғана мен ушын емес, ал пүткил сайланды командамыз ушын әўметли болды. Биз жаслардың қолға киргизип атырған бундай табысларымыз ғәрезсизлигимиздиң шарапаты, Президентимиздиң меҳир-итибары, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўы себепли болмақта.

Спортшыларымыздың шын жүректен шыққан сөзлерин тыңлап, өзине исеними беккем екенлигин сезип, исенимли ҳәрекетлерин бақлап, ата-аналардың көзлериндеги қуўаныш жасларын көрип усындай азат ҳәм абат Ўатанның перзенти екенинен адамның кеўли шексиз қуўанышқа толады. Ул-қызларымыздың қыялынан «Мен де мине усы ағаларым, апаларымдай болсам, ата-анам, жақынларым, Президентимиз, халқымыз маған да усындай исеним билдирсе, «Балаларым, мениң перзентлерим! Шекти бәрқулла жоқары қойып жасаң. Ертеңги күн бизики, сиздей күш-ғайратлы жаслардики», деп қоллап-қуўатлап турса, буннан артық бахыт бар ма!!», деген әрманға толы ойлар өтеди.

Қыялларға берилесең. Неге 25-30 жыл бурын бир-еки адасып шығып қалған спортшыны инабатқа алмасақ, қалған талантларымыз, айтыў керек болса, Тойтепадан арыға өте алмаған, ҳаўазы еки дәрья аралығында қалып кеткенs Неге, әсирлер даўамында дүнья илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан Беруний, Ибн Сино, Ал-Хорезмий, Мырза Улығбек сыяқлы онлаған илимпазлар, Әмир Темур, Жалаладдин Мангуберди сыяқлы уллы сәркардалар, жаўырыны жерге тиймеген Маҳмуд Палўандай палўанларды тәрбиялаған халық бирден талантсыз болып қалған баs Жоқ, әлбетте. Өзбекистан жери бәрқулла талантларға бай болған. Буны әййемги тарийх қайта-қайта дәлиллейди.

Жаўын менен қуяштың нуры үйлеспесе, айқулақ нур таратпайды. Ыссылық көрмеген нәл көкке көтерилмейди… Инсан да усындай: азат болса ғана уллы мақсетлер менен жасайды, раўажланыў менен тең қәдем таслайды. Буның үстине, Президентимиз айтқанындай, пәрўаз ушын зәрүр майдан, қанат болса екенs! Өндирис, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да салаларда талантлар ҳәммени ҳайран қалдырып жүзеге шыға береди. Жеңимпазлар, чемпионлар жетисе береди.

…Олимпиада жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери, қатнасыўшылары, олардың ата-аналары ҳәм жақынлары кабриолет сыяқлы үсти ашық автобусқа отырып избе-из жолға шықты. Жеңимпаз спортшыларымызды күтип алыў ушын жыйналғанлардың изи көринбейди. Олар жолдың шетинде тырна қатар дизилип спортшыларымызды қолларындағы байрақшаларды желбиреткен ҳалда тарийхый жеңис пенен қутлықлайды. Шексиз қуўанышқа толы даўыслардан, алғыслардан етиңиз титиркенип кетеди. Қаламыз халқының жанып турған көзлери, гүлдей ашылған жүзлери дүньяны өзине тартқан журт пуқарасы екенинен мақтанып атырғанын сүўретлейди. Бәрекалла сизге, Ўатанның абыройын арттырған спортшылар!

«Рио-2016»да Ўатанымыздың абыройын мүнәсип қорғаған спортшыларымыз мыңлаған күтип алыўшылар менен биргеликте Өзбекистан Миллий олимпиада комитетине жетип келди. Кернай-сурнай намалары жаңлады. Айқын жеңислери менен пүткил халқымызды қуўантқан спортшыларымызға зер шапан кийгизилди.

Елимизде ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан ҳәр тәреплеме бәркамал, ҳеш кимнен кем болмаған әўладты тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары етип белгиленди. Физикалық тәрбия ҳәм спорт улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Барлық салалар қатарында спорт та жедел раўажланды.

Дәстүрий өткерилип киятырған үш басқышлы спорт системасы – «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада жарыслары жасларды спортқа кеңнен тартыўда, профессионал спортшыларды тәрбиялаўда айрықша орын ийелемекте. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен дүнья көлеминде бақланбаған улыўма жаңа система – Балалар спортын раўажландырыў қорының дүзилгени бул бағдардағы жумыслардың көлемин және де кеңейтиў, жаңа басқышқа көтериў ҳәм избе-из даўам еттириўде әҳмийетли фактор болмақта.

Пүткиллей жаңа тийкарда қурылған тәлим-тәрбия, спорт ҳәм мәденият дәргайларында заманагөй билим және кәсип-өнерлерди пуқта ийелеген, еркин пикирлейтуғын, Өзбекистанның уллы келешегин өзиниң күш-қуўаты, ақыл-парасаты менен қуратуғын жас әўлад кәмалға келмекте. Олар абыройлы халықаралық жарысларда, олимпиада ҳәм жәҳән чемпионатларында ҳеш кимнен кем емеслигин, сондай-ақ, ҳеш қашан кем болмайтуғынлығын әмелде дәлиллеп атырғаны бәршемизди қуўандырады.

Бурын халқымыздың тилинде «шетки аўыл», «узақ аймақ» деген «атама»лар болатуғын еди. Көриниси де соған сәйкес: шаң көшелер, пәс, ылай менен сыбалған үйлер. Шараятын айтпаса да бола береди. Бүгин «шетки аймақ» деген атама жазба ҳәм аўызеки сөзимизден, түсинигимизден өшкен. Аўыл шараяты қаладағы сыяқлы. Қараң, «Рио-2016»да жеңимпаз ҳәм сыйлы орын йиеси болған спортшыларымыздың көпшилиги 20-25 жаста. Олар ғәрезсизлик жылларында туўылып ержеткен, ғәрезсизлик имаратларында саўат ашқан, спорттың әдисин алған. Жасларымыздың дүньяның белгили чемпионларын тез жеңгенин бақлап, тәлим-тәрбия ҳәм спорт салаларында әмелге асырылған жумыслардың айқын нәтийжесин көресиз.

Бул, Президентимиздиң егер биз Өзбекистанның пүткил дүньяға танылыўын қәлесек, елимиздиң қайсы аймағында болыўына қарамастан, жылт еткен талант ийелерин излеп табыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға бәршемиз жуўапкер екенлигимизди умытпаўымыз керек, деген сөзлериниң әмелий көриниси болып табылады. Буны спортшыларымыздың бир ғана жазғы Олимпиада ойынларындағы қатнасқаны мысалында да көриў мүмкин.

1996-жылы Атлантада болып өткен жазғы Олимпиада ойынларында ўатанласларымыз бир гүмис ҳәм бир бронза медальды қолға киргизген. 2000-жылы Сидней қаласында болып өткен жарысларда спортшыларымыз бир алтын, бир гүмис ҳәм еки қоланы елимизге алып келген. Афинада 2004-жылы өткерилген беллесиўлерде спортшыларымыздан екеўи минбердиң биринши, және екеўи үшинши ҳәм биреўи екинши текшесин бәнт еткен болса, 2008-жылғы Пекин Олимпиадасында олар 6 медальды қолға киргизген: 1 алтын, 2 гүмис, 3 қола. Олимпиадашыларымыз 2012-жылы Лондоннан бир алтын, еки қола менен қайтып келген. «Рио-2016»да ўатанласларымыздың 4 алтын,  2 гүмис, 7 қоланы қолға киргизгени Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 25 жыллық қуўанышы менен жасап атырған халқымызға мүнәсип саўға болды.

Итибар берсеңиз жасларымыз Олимпиададан ҳеш қашан медальсыз қайтпаған.

Ғәрезсизлик жылларында спорт саласында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесин талқылаў ушын және бир мысал. «Рио-2016»да дүньяның еки жүзден аслам мәмлекетинен спортшылар қатнасты. Олардың арасынан 87 мәмлекеттиң спортшылары ғана минберге көтерилди. Алтын медальды қолға киргизгенлер және де аз – 59 дана. Өзбекистанның спортшылары 13 медаль жыйнап, улыўма командалық есапта 21-орынды бәнт етти. Өзбекистан спорт делегациясы Азия мәмлекетлериниң арасында төртинши, ҒМДА мәмлекетлери арасында екинши, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орынды ийеледи.

Боксшыларымыз 3 алтын, 2 гүмис ҳәм 2 бронза медальды қолға киргизип, Куба, АҚШ, Уллы Британия ҳәм Россия сыяқлы бокс ең раўажланған мәмлекет спортшыларын артта қалдырып, дүньяда биринши орынды ийеледи.

Президентимиздиң 2013-жыл 25-февральдағы «Өзбекистан спортшыларын 2016-жылы Рио-де-Жайнейро қаласында (Бразилия) болып өтетуғын XXXI жазғы Олимпиада ҳәм XV жазғы Паралимпия ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы қарары спортшыларымыздың усы абыройлы жарыста жоқары нәтийжелерди ийелеўинде әҳмийетли қолланба болды.

Рио-де-Жанейрода болып өткен Олимпиада ойынларында 70 спортшымыз академиялық ескек есиў, байдарка  ҳәм каноэда ескек есиў, көркем гимнастика, бокс, дзюдо, жеңил атлетика, аўыр атлетика, спорт гимнастикасы, стол тенниси, жүзиў, таэквондо (WTF), теннис, трамполин, оқ атыў, еркин ҳәм грек-рим гүреси сыяқлы бир қатар спорт түрлери бойынша беллести. Олардың арасында Олимпиада ойынлары ҳәм жәҳән чемпионатларының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери болған тәжирийбели спортшылар менен бир қатарда усы жарыста туңғыш мәрте қатнасып атырған жас спортшылылардың көп екенлиги елимиздиң спорт потенциалының артып атырғанынан дәрек береди.

Нәтийже күтилгенинен де зыят болды. XXXI жазғы Олимпиада ойынларында боксшыларымыздан Шаҳром Ғиёсов, Бектемир Мелиқўзиев гүмис, Рустам Тўлаганов, Муроджон Аҳмадалиев, дзюдошылар Ришод Собиров, Диёрбек Ўрозбоев, еркин гүрес бойынша Елмурад Тасмурадов, Ихтиёр Наврўзов, Магомед Ибрагимов Өзбекистан спорт делегациясының есабына бир-бирден қола медаль қосты.

XXXI жазғы Олимпиада ойынларының ең әҳмийетли ўақыяларынан бири бокс беллесиўлеринде жүз берди. 49 килограмм салмақ категориясындағы беллесиўлерде өзбек боксшысы Ҳасанбой Дўстматов мексикалы Хоселито Веласкес, қазақстанлы Биржан Жакипов, АҚШ ўәкили Нико Мигель Хернандести жеңип, финальға шықты.

Ҳасанбойдың финал басқышындағы жеңисин көрмеген – жарыстағы дәслепки алтын медалымызды тақатсызлық пенен күтпеген ўатанласларымыз болмаса керек. Мәселен, биз беллесиўди жораларымыз бенен бирге көрдик. Олимпиада алтын медалы ушын шешиўши беллесиў теңсиз өтти. Әтираптан «Ур!», «Жық!», «Бос келме, Ҳасанбой!», деген даўыслар қулаққа еситиледи. Соңғы раундты ҳәмме тик турған ҳалда бақлады. Жуўмағында Ҳасанбой колумбиялы Юберхен Мартинести жеңип, минбердиң ең жоқары текшесине көтерилди.

Ҳасанбой Олимпиада ойынларында ең айқын гүреслерди алып барғаны ушын «Рио-2016» олимпиадасының ең жақсы боксшысы сыпатында Вэл Баркер кубоги менен сыйлықланды.

Таныс, бийтаныс ҳәмме бир-бирин жеңис пенен қутлықлады – алтын медаль мүбәрек!

Үйге қайтып атырғанда, адамды қуўандыратуғын, кеўлинде Ўатанына деген муҳаббатын және де толып-тастыратуғын әжайып көриниске көзимиз түсти: көпшилик машиналардың артқы айнасына «Рио-2016» белгиси жабыстырылған. Төменги бөлегине Өзбекистанның байрағы қыстырылған. Жүргенде тынымсыз желбирейди.

Спорт—тынышлық, аўызбиршилик елшиси. Адамларды бирлестиреди, кеўлинде ўатансүйиўшилик сезимин толып-тастырады. Траспорт айдаўшысы болсын, пүткил халқымыз болсын Риодағы Олимпиадада тек ғана Өзбекистанның байрағы жоқары көтерилиўин қәледик. Тек өзимиздиң байрақты көриўди, гимнимизди еситиўди қәледик.

Тап усындай болды. Шүкир!

Аўыр атлетикашы Руслан Нурудинов та Олимпиада алтын медалы менен сыйлықланды. Ол штанганы дәс көтериўде 194, силкип көтериўде 237, еки гүрес жуўмағына бола 431 килограмм нәтийжени көрсетип, Олимпиада ойынларының жеңимпазы болды. Оның силкип көтериўдеги көрсеткен нәтийжеси Олимпиаданың жаңа рекорды сыпатында белгили сала қәнигелери тәрепинен кеңнен тән алынды. Шет ел ғалаба хабар қураллары өзбек перзентин мақтап мақалалар жазды.

Мине олардан бир үзинди: «Нурудинов 2012-жылы Лондон олимпиадасында 4-орынды ийелегеннен соң оның шеп дизесинде жарақат пайда болды. Сол себепли ол 2013-жылдан 2015-жылға шекем спорт жарысларында қатнаса алмады. Руслан сол ўақытларда өзинде үлкен күш ҳәм ерк-ықрар таўып, және спорт жарысларына қайтыў ҳаққында ойлады ҳәм бүгин усындай жоқары шекти ийеледи». Agence France – Presse.

«Ол силкип көтериўде 237 килограмм нәтийже менен Олимпиада ойынларының жаңа рекордын орнатты. Еки гүрес жуўмағы бойынша алтын медальды қолға киргизди. Усы ўақытқа шекем Орайлық Азия мәмлекетлери арасында ҳеш бир аўыр атлетикашы бундай табысқа ерисе алмаған». www.nbcwashington.com

Елимиз спортшылары халқымызды қуўантыўды, алтын медальлардың санын көбетиўди, Ўатанымыздың абыройына-абырой қосыўды даўам етти.

- Жарыста конголы Дивал Малонган, ҳиндстанлы Манож Кумар, АҚШ ўәкили Гари Рассел, россиялы Виталий Дунайцевти, финалда Әзербайжанның абыройын қорғаған Лорензо Коллазо Сотомайорды жеңип, алтын медальға ийе болдым, - дейди XXXI жазғы Олимпиада ойынларының жеңимпазы Фазлиддин Ғойибназаров. – Менде финальдағы гүрес, айрықша, үлкен тәсир қалдырды. Рингке шыққанымда дәслеп ўатанласларым қоллап-қуўатлаған болса, екинши ҳәм үшинши раундта залдағы тамашагөйлердиң «Uz-be-kis-tan!», «Uz-be-kis-tan!» деген даўыслары қулағыма еситиле баслады. Жеңиске ерисиўимди тек ўатанласларымыз ғана емес, пүткил дүнья халқы да қәлеп атырғанын аңладым. Төреши қолымды көтергенде көзимнен жас атылып шықты. Сол мәўритте түйген сезимлеримди сөз бенен тәриплеп бере алмайман. Әҳмийетлиси, исенимди ақладым, Ўатанамыздың байрағы бәлентке көтерилди, гимнимиз дүнья бойлап жаңладыS

Риодағы жарысқа қатнасыўымды сайлап алыў басқышынан баслағанымда ўақты келип Ҳасанбой Дўстматов, Шаҳром Ғиёсов, Бектемир Мелиқўзиев ҳәм Фазлиддин Ғойибназаров қатарында бокс беллесиўлериниң финалына жоллама алыўым қыялыма да келмеген еди, - дейди жазғы Олимпиада ойынларының жеңимпазы Шаҳобиддин Зоиров. - Қарсыласларымды жеңген сайын Президентимиз, ўатанласларымыз билдирген исеним жуўапкершилиги артты. Финал беллесиўине кирисиўден алдын устазым «сен бул жерге тек ғана өзбекистанлы боксшы емес, ал Өзбекистанның жүзи де болып келгенсен. Жүзиң жерге қарамасын», деди. Жуўмақ шығардым. Нәтийжеси мәлим!

Боксшыларымыз Ҳасанбой Дўстматов, Шаҳобиддин Зоиров, Фазлиддин Ғойибназаров, аўыр атлетикашымыз Руслан Нурудиновтың жеңиси ҳүрметине XXXI жазғы Олимпиада ойынларында Өзбекистан Республикасының байрағы көтерилип, мәмлекетлик гимни жаңлады.

Булар елимиздиң барлық аймақларында жас талант ийелерин анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, оларды жоқары дөретиўшилик пәрўазларға қарай хошаметлеўге қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжеси сыпатында Өзбекистан жасларының дүньяда ҳеш кимнен кем емеслигин көрсетип атырғанынан және бир дәрек болып есапланады.

Салтанатлы мәресимде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Өзбекистан Республикасының Бас министри Ш.Мирзиёев қатнасты.

Бекзод ҲИДОЯТОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА ның  хабаршылары

 

Поделиться