Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти АҚШ делегациясын қабыллады

2021-10-05 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-октябрь күни Америка Қурама Штатлары Мәмлекетлик хаткериниң биринши орынбасары Уэнди Шарман басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклигин және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Уэнди Шерман мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Жозеф Байден, вице-президенти Камала Харрис ҳәм Мәмлекетлик хаткер Энтони Блинкенниң қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Америка тәрепи мәмлекетимиздиң суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин, сондай-ақ, жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасын исенимли қоллап-қуўатлайтуғыны айрықша атап өтилди.

Тәреплер кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жеделлик пенен раўажланып баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Еки мәмлекет арасындағы Стратегиялық шериклик қарым-қатнастың усы жылдың ақырына шекем Вашингтон қаласында болып өтетуғын биринши мәжилисиниң күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүр екени атап өтилди.

Сиясат ҳәм қәўипсизлик, саўда, инвестиция ҳәм инновациялар, аўыл хожалығы, энергетика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, гуманитар алмасыўлар сыяқлы баслы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдарлық билдирилди.

Пандемияға қарсы гүресиўде, соның ишинде, әмелдеги глобал бағдарлама шеңберинде мәмлекетимизге вакциналар жеткерип бериў мәселесинде көрсетилип атырған жәрдем ушын Америка тәрепине айрықша миннетдаршылық билдирилди.

Регионаллық, соның ишинде, «АҚШ-Орайлық Азия» қарым-қатнасы және Саўда ҳәм инвестициялар бойынша шекленген келисим кеңеси шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, Аўғанстанда пайда болып атырған жағдай бойынша толық пикир алысылды. Өзбекстанның аўған халқына жәрдемлесиў ҳәм қоңсы мәмлекетте узақ мүддетли тынышлық орнатылыўы ҳәм оның экономикалық тиклениўине хызмет ететуғын жойбарларды алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлери жоқары баҳаланды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться