Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Республикасы Президенти Қырғыз Республикасының сайланған Президенти менен телефон арқалы сөйлести

2021-01-12 | Сиясат

11-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасының сайланған Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сәўбетлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Садир Жапаровты болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси және Қырғызстан Конституциясына өзгерислер киргизиў бойынша референдумның табыслы өткерилгени менен шын жүректен қутлықлады.

Бул оғада әҳмийетли сиясий илажлардың жуўмақлары мәмлекеттиң турақлылығын ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў ушын беккем тийкар жарататуғынына исеним билдирилди.

Өз гезегинде, Садир Жапаров Өзбекстан Президенти ҳәм көп миллетли халқына заманагөй қәўиплерди жеңип өтиўде ҳәм коронавирус пандемиясының ақыбетлерине қарсы гүресиўде  туўысқан Қырғызстанға көрсетилип атырған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Телефон арқалы сөйлесиўи ўақтында  еки тәреплеме  қатнасықлар ҳәм регионналлық  бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Усы жылы Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да  беккемлеў, оларды сапалы жаңа мазмун менен байытыў дәўири болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан-Қырғызстан көп қырлы бирге ислесиўин раўажландырыў бағдарында бәринен бурын ерисилген келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Булар, бәринен бурын, Мәмлекет шегараларын делимитациялаў бағдарындағы қоспа жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, товар алмасыўды көбейтиў, санаат, энергетика ҳәм аўыл хожалығында  кооперацияны күшейтиў, аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўды кеңейтиў, нәтийжели транспорт коммуникацияларын раўажландырыў бойынша регионналлық жойбарларды әмелге  асырыў мәселелери ҳәм басқа тәреплер.

Ҳүкиметлераралық коммиссиялардың жумысын жеделлестириў, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша бир қатар илажлар өткериўге келисип алынды.

Халықаралық шөлкемлер ҳәм регионналлық структуралар шеңберинде  анық ҳәм конструктивлик қатнасықты даўам еттириў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўдан еки тәреп те мәпдар екенлиги атап өтилди.

Сәўбетлесиў  ашық-айдын ҳәм дослық руўхында өтти.

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться