Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы кеңесиниң баслығы М.Ерниязов сайлаўда даўыс берди
2019-12-23 | Cайлаў
Республикамызда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге сайлаўлар шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Нөкис қаласындағы 42-санлы сайлаў участкасында болып, мүнәсип талабанларға даўыс берди. Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Зина Казбекованың атап өткениндей, аймақта жәми 2479 сайлаўшы болып, соннан 52 сайлаўшы биринши мәрте даўыс береди. Сондай-ақ, 57 майыплығы болған сайлаўшыға үйлеринде даўыс бериў шөлкемлестирилмекте.
Республикамыздағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге сайлаў өткериўши барлық 622 сайлаў участкасында сайлаўшылар ушын шараятлар жаратылған. Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық 6378 сайлаў өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда мүддетинен алдын даўыс берди. Сайлаўлардың барысын сырт еллердиң ҳәм халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшылары бақлап бармақта.
Ҳәр бир сайлаўшы «Жаңа Өзбекстан-жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткерилип атырған сайлаўларға белсене қатнасып, мәмлекетимиздиң келешеги, халқымыздың ертеңги абадан турмысына бийпарық емеслигин әмелде көрсетпекте.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги