Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан – Россия: парламентлераралық байланыслар кеңеймекте

2019-09-06 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасында Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитети, Өзбекстан Республикасы парламенти менен Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасы арасындағы байланыслар бойынша парламентлераралық дослық топары ағзаларының ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм экономикалық тараўларды модернизациялаўда парламент, сиясий партиялардың ролин буннан былай да күшейтиў мақсетинде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы сырт ел мәмлекетлериниң парламентлери менен байланысларды күшейтиў үстинде жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, парламентлераралық дослық топарларын шөлкемлестириў бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Нызамшылық палатасының депутатлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда парламентлераралық дослық топарлары сырт ел мәмлекетлериниң парламентлери менен байланысларды беккемлеўде әҳмийетли платформа болып хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Россия Федерациясы менен илим, билимлендириў, мәденият, көркем өнер, спорт, туризм тараўларындағы бирге ислесиў избе-из раўажланбақта. Еки мәмлекеттиң халықлары бир-бириниң мәденияты ҳәм әдебиятына ҳүрмет пенен қарайды. Москва қаласында уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайының естелиги, пайтахтымызда рус шайыры Александр Пушкинниң естелиги қойылған. Мәмлекетимизде Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиаллары ашылған. Билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўдиң нәтийжесинде 2019/2020-оқыў жылында мәмлекетимиздиң 100 ге шамалас жигит-қызлары Россиядағы жоқары билимлендириў орынларында билим алатуғын болды.

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлериниң сиясий ерк-ықрары еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм раўажландырыўда тийкар болып хызмет етпекте. Мәмлекетлеримиз арасындағы сөйлесиўлерди жеделлестириўде парламентлердиң орны ҳәм әҳмийети де барған сайын артып бармақта. Парламентлераралық байланыслар еки мәмлекет парламентлери ўәкиллериниң ушырасыўлары арқалы беккемленбекте. Ҳәзирги ўақытта Россия Федерациясының Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасында Өзбекстан парламенти менен бирге ислесиў бойынша депутатлардың топары бар.

Ушырасыўда Россия Федерациясының Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасының баслығы В.Володин басшылығындағы делегациясының Өзбекстанға күтилип атырған сапар етиўине байланыслы мәселелер додаланды. Сапар етиў даўамында Россия Федерациясының Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасы ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасы арасында парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойылыўы режелестирилген.

Қатнасыўшылар усы жылы декабрь айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине өткерилетуғын сайлаўларға Россия Федерациясының Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик думасынан бақлаўшыларды шақырыў бойынша усыныслар билдирилди. Халықаралық байланыслар ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеў бойынша келешекте әмелге асыратуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться