Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында

2018-06-25 | Сиясат

2018-жыл 24-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Режеп Таййип Эрдўғонды Түркия Республикасының Президенти лаўазымына қайта сайланғаны мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, жумысында үлкен табыслар тиледи.

Халықларымыздың көп әсирлик дослығы ҳәм еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары бүгинги күнде жоқары пәтлер менен раўажланып атырғаны ҳәм беккемленип баратырғаны терең қанаатланыўшылық пенен айрықша атап өтилди.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, еллеримиз арасындағы кең көлемли ҳәм көп қырлы бирге ислесиў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе зәрүр мәселелер бойынша пикир алысты.

Сөйлесиў соңында Президентлер барлық тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға таяр екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

Поделиться