Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халық аралық саяхатшылық форумы

2023-02-10

Әмелдеги жыл 10 -11 ўаевралъ күнлери Самарқанд қаласында «International Travel Bazaar 2023» халық аралық саяхатшылық форумы өткериледи

Самарқанд туризм форумы Орайлық Азияда саяхат тәжирийбесин қәлиплестириўшилер ҳәм туризм хызметлерин сатыўшылар ушын жыл илажы болып, раўажланыў, шериклик ҳәм жаңа шешимлерди излеўге қаратылған.
 
Самарканд туризм форум - бул саяхатшылық тараўы қәнигелери ҳәм биз менен бирге раўажланып, дәрамат алыўды қәлейтуғынлар ушын жаратылған платформа болып табылады. Ол жағдайда 200 ден артық қонақлар : туроператорлар ҳәм гидлар, реставраторлар, мыйманханашылар ҳәм туризм менен байланыслы кәрханалар, дөретиўшилик индустрия ҳәм мәмлекет секторы ўәкиллери реал жағдайлар, қыйыншылықлар ҳәм саяхат тендентсиялары ҳаққында гәплесиў ушын жыйналады.
 
Форумда еки күн даўамында 9 мәмлекеттен 40 дана баянатшы өз билимлерин Орайлық Азиядағы кәсиплеслери менен болыўады.
 
Соның менен бирге, Өзбекстан, Израил, АҚШ, Германия, Киргизстан, Казахстан ҳәм Россияның белгили әмелиятшы ҳәм де тараўдың жетекшилери қатнасыўында социал тармақларда жеке бренд жаратыў бойынша семинарлар, ресторан хызмети ҳәм уқып сабақлары шөлкемлестириледи.
 
Форумда көргезбе ҳәм гастрономик зоналар, Б2Б ўаорматындағы ушырасыўлар, соның менен бирге, инновциялық туризм өнимлери презентациясы да жойбарластырылған.

Поделиться