Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити

2022-11-11

Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткериледи

Усы жылдың 10-11-ноябрь күнлери Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммити өткериледи. Бул ҳаққында Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.

Саммитте Евроазияның әҳмийетли стратегиялық аймақларында жайласқан түркий дүнья еллери басшылары қатнасыўы нәзерде тутылған.

Өзбекстан шөлкемниң әҳмийетли ағзаларынан бири болып есапланады. Усы ўақытқа шекем мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған 30 дан артық басламаның айырымлары әмелиятқа енгизилген.

ТМШ Самарқанд саммити ағза мәмлекетлер арасындағы барлық бағдарлардағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтереди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться