Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

“Шарқ тароналари” X халықаралық музыка фестивалы

2015-08-25

Әлле қашан ғалабалық байрам түсине енген бул фестиваль Өзбекистан Республикасы Президенти Ислам Кәримовтың басламасы менен 1997-жылдан баслап ЮНЕСКО ның қәўендерлигинде өткерилип келинбекте.

“Шарқ тароналари” X халықаралық музыка фестивалы Республикамыздың мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, Өзбекистан Республикасының сыртқы ислер министрлиги, Миллий телерадиокомпаниясы, “Ўзбекнаво” эстрада бирлеспеси, мәмлекетлик композиторлар аўқамы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң жәрдеминде ҳәр еки жылда бир мәрте өткериледи.

Фестивальдың тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары төмендегилерден ибарат: миллий музыка көркем өнери дүрданаларын кеңнен ен жайдырыў, сақлаў ҳәм жетилистириў, өсип киятырған жас әўладты миллий дәстүрлерге муҳаббат руўхында тәрбиялаў, ҳалықаралық мәдений байланысларды буннан былай да кеңейтиў.

“Шарқ тароналари” музыка фестивалының бағдарламасы шеңберинде түрли мәмлекетлерден келген миллий музыка атқарыўшылығы үлгилериниң көрсетилиўи, сондай-ақ, музыкатаныўшылар, композитор ва атқарыўшылардың қатнасыўындағы илмий-әмелий әнжуман өткериў режелестирилген.

Дүнья жүзи халықларының дәстүрий музыка көркем өнериниң әжайып дүрданаларын өзинде жәмлеген “Шарқ тароналари” музыкалық фестивалының рәң-бәрең бағдарламасы, жылдан-жылға, тек Өзбекистан ушын ғана емес, ал Орайлық Азия регионы, және фестивальда қатнасатуғын еллер ушын да әҳмийетли илажға айланып бармақта.

Поделиться