Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

1-июль — Өзбекистан Республикасының миллий валютасы — сўм айланысқа киргизилген күн

2016-07-01

Қүдиретимиз ҳәм мақтанышымыз тымсалы

Ғәрезсизлик жылларында елимизде әмелге асырылған үлкен жумыслар, избе-из реформалар ҳәм шексиз жаңаланыўлар ҳаққында сөз кеткенде, экономикамыздың раўажланыўы, макроэкономикалық көрсеткишлердиң өз-ара үнлеслиги, инфляция дәрежесиниң пәслиги, халықтың абаданлығының артып атырғаны менен бир қатарда миллий валютамыз турақласып, банк системасы барған сайын беккемленип атырғанын мақтаныш пенен тилге аламыз.

Шынында да, Президентимиз Ислам Кәримовтың 1994-жыл 16-июньдеги «Өзбекистан Республикасының миллий валютасын айланысқа киргизиў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық 1994-жыл 1-июльден айланысқа киргизилген миллий валютамыз елимиз ғәрезсизлигиниң тийкарғы белгилеринен бири ҳәм әҳмийетли раўажланыў факторы болды.

Дүнья тәжирийбесинен мәлим болғанындай, ғәрезсиз пул бирлигин енгизиўдиң бирден ҳәм басқышпа-басқыш әмелге асырыў усыллары бар.

Биринши ҳалда бул процесс қысқа ўақытта ҳәм тийкарынан тосаттан әмелге асырылады. Бунда халықтың қаржы фондының муғдарын сақлап қалыў мақсет етип қойылмайды. Миллий валютаға өтиўдиң бул усылын таңлаған айырым мәмлекетлер пуқараларының қандай қыйыншылықларға дус келгени мәлим.

Өзбекистанда бул процесс те миллий раўажланыў факторларына муўапық басқышпа-басқыш әмелге асырылды. Дүньяның ҳеш бир мәмлекетинде бир пул бирлигинен басқасына өтиўде халық мәплери Өзбекистандағыдай айрықша итибарға алынбаған. Буны миллий валютаны енгизиўге таярлық басқышы сыпатында сўм-купонға өтиўден баслап бақлаў мүмкин. Елимизде сўм-купон айланысқа кириўи менен шеттен кирип киятырған, қәдирин жоғалтқан пулдың жолы тосылды.

Халқымыздың ырысқы-несийбеси болған арзан өнимлердиң басқа республикаларға «ағып кетиўи»ниң алды алынды. Соның менен бирге, дәраматларын ески пулда топлап келген халыққа оны алмастырыў ушын имканият жаратылды.

Елимизде халықтың материаллық аўҳалын жақсылаў мақсетинде мийнет ҳақы, пенсия, стипендиялар турақлы арттырылып барылды. Экономикалық жақтан ақсаған кәрханаларға өзлерин тиклеп алыўы ушын процентсиз банк кредитлери ажыратылды. Миллий пул бирлигин енгизиў менен байланыслы объектив қыйыншылықлар усылайынша сапластырылды ҳәм 1994-жыл 1-июльден ҳақыйқый вальюта — сўмға өтиў процеси халық ушын қаржы жоғалтыўларсыз әмелге асырылды.

Бүгин исенимли айтыўымыз мүмкин, Өзбекистанда базар экономикасы талапларына жуўап беретуғын беккем экономиканың тийкары жаратылды. Онлаған тармақ ҳәм салаларға тийкар салынды, физикалық ҳәм руўхый жақтан ескирген кәрханалар заманагөй, жоқары өнимли техника ҳәм технологиялар менен үскенеленди.

Сўмның айланысқа киргизилиўи Ўатанымызда нәтийжели пул-кредит системасын жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдем, экономикалық ғәрезсизликке ерисиўге бағдарланған тийкарғы қураллардан бири болды. Өзбекистан өз миллий валютасының турақлылығы ҳәм беккемлилигине шеттен қарыз алмастан, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў, ҳәрекеттеги ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы еристи.

Президентимиз Ислам Кәримов тәрепинен ислеп шығылған Кризиске қарсы илажлар бағдарламасы елимиздиң қаржы-экономикалық, бюджет, банк-кредит системасының турақлылығын тәмийинлеў имканиятын берди. Атап айтқанда, сўмның сатып алыў баҳасын арттырыў мақсетинде ишки базарды елимизде таярланған өнимлер менен толтырыў, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, пул-кредит сиясатының избе-излигин, тутыныў товарлары менен нақ пул үнлеслигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылғаны барлық салаларда өзиниң нәтийжелерин бермекте.

Глобал қаржы-экономикалық кризис ҳәм де көплеген мәмлекетлерде даўам етип атырған экономикалық машқалалар, атап айтқанда, мәмлекеттиң қарызлары ҳәм бюджеттиң жетиспеўшилиги тереңлескенине қарамастан, Өзбекистанда экономиканың жетекши тармақларын турақлы раўажландырыўға ерисилмекте.

Соңғы жылларда раўажланған еллердиң халықаралық рейтинг көрсеткишлери кескин пәсейип атырған бир пайытта «Мудис», «Стандарт энд Пурс» ҳәм «Фитч рейтингс» халықаралық рейтинг агентликлери елимиздиң банк системасы жумысын «турақлы» деп баҳаламақта. Бул елимиздиң экономикалық потенциалы халықаралық экспертлер тәрепинен тән алынғанының дәлили болып есапланады. Бүгинги күнде елимиздеги дерлик барлық коммерциялық банклер жоқары рейтинг дәрежесине ийе.

Соны  айрықша атап өтиў керек, миллий валютамыздың әмелдеги халықаралық операциялар бойынша алмастырылыўы елимизде ерисилген макроэкономикалық турақлылық, экономиканы және де либералластырыў, исбилерменликти раўажландырыў, сырт елли инвесторларды тартыў ушын беккем тийкар жаратты.

Бүгин елимизге келген сырт елли мийманлар, исбилерменлер ҳәр қандай хызмет яки өним ҳақысын төлеўден алдын өз пулын өзбек сўмына алмастырыўға умтылады. Бул дүнья валюталары менен айланыста пулымыздың күши, сатып алыў қуўатының артып атырғанынан дәрек береди.

Миллий валютадан ҳәммемиз ҳәр күни пайдаланамыз. Оны көргенимизде қәлбимизде миллий мақтаныш сезимлери оянады. Өйткени, пулымыз тек ғана елимиздиң экономикалық қүдиретиниң емес, ал халқымыздың руўхый, ағартыўшылық ҳәм мәдений потенциалының айнасы саналады. Оны қолына алған инсанның көз алдында Самарқандтағы Регистан майданы, Тиллокари, Шердар медреселери, Әмир Темур мақбарасы сыяқлы тарийхый естеликлер, сондай-ақ, пайтахтымыздағы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының имараты, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан мәмлекетлик академиялық үлкен театры, «Истиқлол» көркем өнер сарайы, Әмир Темурдың уллы естелигиниң көринислери сәўлеленеди. Бул көринислер елимиздиң өзине тән «шақырыў қағазы»на айланған, десек асыра айтпаған боламыз.

Әйне пайытта ғәрезсизлигимиз, ески қалаларымыз, уллы ата-бабаларымыздың қутлы тойлары мүнәсебети менен юбилей теңгелери де шығарылмақта. Булардың барлығы халқымызда, әсиресе, өсип киятырған жас әўладта милий мақтаныш сезимлерин беккемлеўде, оларды ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тарбиялаўда әҳмийетли орын тутпақта.

Миллий валютамыз елимиздиң потенциалын және де арттырыў менен бирге, халқымыздың мақтанышын, ертеңги күнге исенимин беккемлеўге хызмет етпекте.

Поделиться