Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халықаралық мийўе-овощь ярмаркасы

2016-07-16

Илаж Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 1-июньдеги «Халықаралық мийўе-овощь ярмаркасын шөлкемлестириў ҳәм оны ҳәр жылы өткерип барыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткериледи.

Халықаралық мийўе-овощь ярмаркасын өткериўден тийкарғы мақсет:

жаңа ҳәм қайта исленген мийўе-овощь өнимлерин сыртқы базарларға алып шығыўдың заманагөй халықаралық талаплары менен стандартларына сәйкес келетуғын нәтийжели, жаңа базар механизмин қәлиплестириў;

Өзбекистанда экологиялық таза, тутыныў өзгешелиги бойынша теңи-тайы жоқ овощь, мийўе, жүзим ҳәм палыз өнимлерин жетистириўдиң оғада үлкен имканиятлары, сондай-ақ, олардың санаат тийкарында қайта исленген таяр сапалы өнимлери ҳаққында сырт еллердеги қайта ислеўши ҳәм саўда компанияларын кеңнен хабардар етиў;

бирге ислесиўши шериклерди излеў ҳәм олардың арасында мийўе-овощь өнимлерин жеткерип бериў шәртнамаларын дүзиўде қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм бул бойынша ҳәр тәреплеме көмеклесиў, мийўе-овощь өнимлерин жетистириўшилер, қайта ислеўши кәрханалар ҳәм де сырт еллердеги импорт етиўши компаниялар, дүньяға белгили маркетинг структуралары арасында  турақлы, узақ мүддетли кооперациялық байланыслар системасын қәлиплестириў;

жәҳән мийўе-овощь өнимлери базарының раўажланыў тенденцияларын ҳәм перспективаларын терең талқылаў, елимиздиң өним жетистириўшилерин ҳәм қайта ислеўши кәрханаларын сыртқы базарларда турақлы қарыйдары көп болған өнимлерди ислеп шығарыўға, келеси жыл ҳәм орта мүддетли перспективаға мөлшерленген буйыртпалар портфелин қәлиплестириўге бағдарлаў мақсетинде оларды кең көлемде хабардар етиў.

Бул ярмарка усы жылдың 12.07-14.07 күнлери Ташкент қаласында «Өзэкспоорай» Миллий көргизбе орайы» АЖның көргизбе майданларында шөлкемлестириледи. 

Поделиться