Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Сайлаў
Сайлаў процесиниң белсенди қатнасыўшысы 07.11.2016Cайлаў2016-жыл 5-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўды сәўлелендириў бойынша Республикалық баспасөз орайында Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў дәўиринде сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын буннан былай да арттырыў бойынша мәҳәллелерде үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелерине бағышланған республикалық семинар өткерилди. Илаж «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры республикалық басқармасы тәрепинен Орайлық сайлаў комиссиясы, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилди. |