Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сайлаў процесиниң белсенди қатнасыўшысы

2016-11-07 | Cайлаў

2016-жыл 5-ноябрь күни Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўды сәўлелендириў бойынша Республикалық баспасөз орайында Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў дәўиринде сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын буннан былай да арттырыў бойынша мәҳәллелерде үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелерине бағышланған республикалық семинар өткерилди. Илаж «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры республикалық басқармасы тәрепинен Орайлық сайлаў комиссиясы, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде шөлкемлестирилген илажға Өзбекистан Республикасы Әдиллик,  Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлери, Бас прокуратура, Ташкент мәмлекетлик юридика университети, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети, «Нураний» қоры, Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы, Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайы, Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты, Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Жаҳон» мәлимлеме агентлиги, Миллий телерадиокомпания, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының жуўаплы хызметкерлери, пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекистан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры республикалық басқармасының баслығы Ж.Иноғомов ҳәм басқалар Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың басшылығында елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, елимиз турмысының барлық саласын түп-тийкарынан жаңалаў және модернизациялаў бағдарында әмелге асырылған реформалардың нәтийжесинде пуқаралардың өз ерк-ықрарын еркин билдириўи, сайлаў ҳәм сайланыў бойынша конституциялық ҳуқықларының толық жүзеге шығарылыўын тәмийинлейтуғын демократиялық стандартларға сәйкес болған сайлаў системасы жаратылғанын атап өтти.

Жәмийетимиздиң сиясий-экономикалық ҳәм руўхый турмысының ажыралмас бөлеги сыпатында мәҳәлле институтының ҳуқықый тийкарларын жаратыў, олардың заман талапларына сәйкес түрде жетилистирилиўи нәтийжесинде бүгинги күнде бурын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли болған отыздан аслам ўазыйпа пуқаралар жыйынлары тәрепинен орынланып, мәҳәллелердиң халқын социаллық қоллап-қуўатлаў, жеке исбилерменлик ҳәм шаңарақлық бизнести раўажландырыў орайларына айланып атырғаны атап өтилди.

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 2016-жыл 7-октябрьде тастыйықланған Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў дәўиринде сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын буннан былай да арттырыў бойынша өткерилетуғын илажлар бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы ҳәр тәреплеме пикир жүргизилди. Бул бағдарлама шеңберинде ислеп шығылған Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаўға таярлық көриў дәўиринде сайлаўшылардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша мәҳәллелерде үгит-нәсият илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша илажлар режесине муўапық үгит-нәсият жумыслары избе-из әмелге асырылмақта.

Мәҳәллелерде «Мен жеке өзим даўыс беремен», «Бизиң шаңарағымызда ҳәр биримиз өз даўысымызға ийемиз», «Мениң даўысым Ўатанымыздың келешегине байланыслы», «Биз таңлаў ҳуқықына ийемиз», «Сайлаўшылар дизиминде барсыз баs» сыяқлы темаларда үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Семинарда Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылатуғын илажларда пуқаралар жыйынларының баслықларының, жәмийетлик комиссиялардың орны, «Өзбекистан Республикасы Президентин сайлаў ҳаққында»ғы нызамның мазмуны ҳәм әҳмийети, участкалық сайлаў комиссияларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде мәҳәлле белсендилериниң роли темаларында баянатлар тыңланды. Сайлаўға таярлық көриў дәўиринде мәҳәллелерде үгит-нәсият илажларын избе-из даўам еттириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сайлаў кампаниясы илажларында халықтың жәмийетлик-сиясий белсендилигин буннан былай да арттырыў бойынша үгит-нәсият жумысларының избе-из алып барылыўы, сайлаўшылардың белсенди қатнасыўы мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң келешектеги раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин түсинип жетиўине хызмет ететуғыны атап көрсетилди.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң баслығы А.Арипов шығып сөйледи.

Поделиться