Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

Шавкат Мирзиёев: Бундай қәўипли апатшылыққа ҳеш қашан итибарсыз қарап болмайды

08.07.2020СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июль күни видеоселектор мәжилиси алдында коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Банк тараўында стратегияның орынланыўы ҳәм трансформация процеси додаланды

06.07.2020СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Президент Шавкат Мирзиёев 6-июль күни банк активлеринде жеке меншик сектордың үлесин 15 проценттен 60 процентке арттырыўға қаратылған 2020-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы банк системасын реформалаў стратегиясын әмелге асырыў және мәмлекеттеги коммерциялық банклердиң трансформация процесин жеделлестириў бойынша мәжилис өткерди.

Өзбекстан Президенти АҚШ Президентине қутлықлаў жоллады

04.07.2020СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июль күни Америка Қурама Штатларының Президенти Дональд Трампқа мәмлекеттиң Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.

Шавкат Мирзиёев Беларусь Президентин қутлықлады

04.07.2020СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Беларусь Республиканың Президенти Александр Лукашенконы Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады.

Япония, Корея Республикасы ҳәм БАӘ менен экономикалық бирге ислесиў перспективалары додаланды

03.07.2020СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-июль күни мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм сыртқы саўда жумысы прогноз көрсеткишлериниң быйылғы ярым жыллығындағы орынланыўын додалаў, сондай-ақ, Япония, Корея Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери менен тийкарғы қоспа жойбарлардың алып барылыўын және саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын көрип шығыўға бағышланған видеоәнжуман түринде мәжилис өткерди.