Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Сиясат

Халықтың турмыс абаданлығын арттырыў – тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады

16.06.2017СиясатДерек: ӨзА

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 16-июнь күни пайтахтымыздың Учтепа районында болды.

ШБШ Регионаллық терроризмге қарсы структурасы атқарыў Комитети имаратының алдында Ҳиндстан ҳәм Пакистан мәмлекетлик байрақлары көтерилди

15.06.2017ШБШ

Пайтахтымыздағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық терроризмге қарсы структурасы (РТҚС) ның Атқарыў комитетинде 15-июнь күни Ҳиндстан Республикасы ҳәм Пакистан Ислам Республикасының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, мәмлекетлик байрақлары көтерилди.

Нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў–барлық ийгиликли мақсетлеримизге ерисиўдиң ең әҳмийетли шәрти

14.06.2017Сиясат

Усы жыл 13 июнь күни Ташкент қаласында суд уйымлары системасында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Оған Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басшылары, Бас министр, Судьялар жоқарғы кеңесиниң ағзалары, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы судының баслығы, елимиздиң ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық судлардың судьялары қатнасты. Видеоконференция байланысы арқалы өткен мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлардың, Ташкент қаласының, қалалардың ҳәм районлардың ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары аймақлық бөлимлериниң басшылары, ветеранлар, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.