Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ШБШ Регионаллық терроризмге қарсы структурасы атқарыў Комитети имаратының алдында Ҳиндстан ҳәм Пакистан мәмлекетлик байрақлары көтерилди
2017-06-15 | ШБШ
Пайтахтымыздағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық терроризмге қарсы структурасы (РТҚС) ның Атқарыў комитетинде 15-июнь күни Ҳиндстан Республикасы ҳәм Пакистан Ислам Республикасының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, мәмлекетлик байрақлары көтерилди.
Ҳиндстан менен Пакистанның ШБШ ағзасы статусына ийе болғаны мүнәсибети менен шөлкемлестирилген усы илажда ШБШ РТҚС Атқарыў комитети, министрликлер менен ведомстволар, елимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық корпуслардың ўәкиллери қатнасты.
ШБШ регионаллық терроризмге қарсы структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Евгений Сисоев, Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Анвар Носиров ҳәм басқалар Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң өз жумысында өз-ара исеним ҳәм мәпдарлық мәсләҳәтлесиў, биргеликте раўажланыўға умтылыў принциплерине исенимли әмел ете отырып, өткен дәўир ишинде абыройлы халықаралық шөлкемге айланғанын атап өтти.
ШБШ ның глобал экономикалық-социаллық, халықаралық әҳмийетке ийе машқалаларды сапластырыўдағы, дүньяда қәўипсизликти, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдеги әҳмийети ҳәм тәсири артып атырғаны шөлкемге ағза болыў, бақлаў ҳәм пикирлесиў бойынша шериклердиң қатарына қосылыў тилегин билдирип атырған еллердиң көбейип атырғанында айқын көринбекте.
Быйылғы жылдың 8-9-июнь күнлери Астана қаласында болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекетлик басшылары кеңеси мәжилисинде Ҳиндстан менен Пакистан шөлкемге ағза болды. Еки мәмлекеттиң ШБШ ға ағза мәмлекет статусын алыў жолындағы миннетлемелери ҳаққындағы меморандумларына ШБШ ның 2016-жыл Ташкентте болып өткен саммитинде қол қойылған еди.
– Бүгинги мәресимде қатнасыў мен ушын үлкен бахыт, – деди Ҳиндстан Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси Винод Кумар. – ШБШ ның Астана саммитинде Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Моди Ҳиндстанның ШБШ ға ағза мәмлекетлер менен байланыслары узақ тарийхқа барып тақалатуғынын, өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет сиясий ҳәм экономикалық бирге ислесиўдиң тийкары екенин атап өтти. Ҳиндстанның ШБШ ағзалығына қабыл етилгени ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
– Пакистанның ШБШ ағзалығына қабыл етилиўин қоллап-қуўатлағаны ушын Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлерден миннетдармыз, – деди Пакистан Ислам Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси Риаз Хусайн Бухарий. – Пакистан өз-ара исеним, теңлик, мәдений түрли-түрлиликке ҳүрмет пенен қатнас жасаўға ҳәм улыўмалық раўажланыўға умтылыў принциплерине толық әмел етеди. Елимиздиң ШБШ ағзалығына қабыл етилгени оның шөлкемге ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиўин ҳәр салада буннан былай да раўажландырыўға үлкен үлес қосады.
Ҳиндстан менен Пакистанның ШБШ ағзасы статусына ийе болыўы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа жийеклерин ашыўға, регионда ҳәм дүньяда тынышлықты және турақлылықты, избе-из раўажланыўды тәмийнлеўде ШБШ ның ролин арттырыўға хызмет етеди. ШБШ жумысындағы саўда-экономикалық байланысларды, транспорт, инвестиция, туризм ҳәм басқа да салаларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў имканиятын кеңейтеди.
Нодира МАНЗУРОВА, ӨзА ның хабаршысы