Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Экономика
Япония, Корея Республикасы ҳәм БАӘ менен экономикалық бирге ислесиў перспективалары додаланды 03.07.2020СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлигиӨзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-июль күни мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм сыртқы саўда жумысы прогноз көрсеткишлериниң быйылғы ярым жыллығындағы орынланыўын додалаў, сондай-ақ, Япония, Корея Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери менен тийкарғы қоспа жойбарлардың алып барылыўын және саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын көрип шығыўға бағышланған видеоәнжуман түринде мәжилис өткерди. |