Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Экономика

Бюджет-салық системасы ашық-айдынлық принципине тийкарланады

20.06.2018ЭкономикаДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында бюджет системасын қайта көрип шығыў, бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң халқымыз ушын ашық-айдын болыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өткен еди. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы ашық-айдынлық, ел бюджетиниң бөлистирилиўи ҳәм жумсалыўындағы  анықлық ҳақыйқый халық ҳәкимиятын қәлиплестириў ҳәм пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың әҳмийетли шәрти болып табылады.