Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Бюджет-салық системасы ашық-айдынлық принципине тийкарланады
2018-06-20 | Экономика
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында бюджет системасын қайта көрип шығыў, бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң халқымыз ушын ашық-айдын болыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өткен еди. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы ашық-айдынлық, ел бюджетиниң бөлистирилиўи ҳәм жумсалыўындағы анықлық ҳақыйқый халық ҳәкимиятын қәлиплестириў ҳәм пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың әҳмийетли шәрти болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында «Бюджеттиң ашық-айдынлығы ҳәм бюджет-салық тараўындағы қәўиплерди баҳалаў» темасында шөлкемлестирилген семинар елимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды таллаў, мәмлекет қаржыларын мақсетли жумсаў бойынша мәлимлемени жәриялаўдың халықаралық өлшемлери бойынша пикир алысыў имканиятын берди.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банки менен бирге шөлкемлестирилген илажда парламент ағзалары, тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, банк-қаржы, салық системасының қәнигелери, изертлеў институтлары, Халықаралық валюта қорының жетекши экспертлери қатнасты. Илажда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлерин бөлистириў ҳәм жумсаўдағы анықлық, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы мағлыўматлардың ашық-айдынлық принциплери додаланды.
Өзбекстан Халықаралық валюта қорының мағлыўматларды тарқатыўдағы кеңейтилген улыўма нормаларына қосылған. Ол шөлкемниң 2018-жыл 3-майдағы билдириўинде өз көринисин тапқан. Сол тийкарда елимизде халықаралық қаржы институтлары, жеке меншик сектор ҳәм илимий топар ўәкиллериниң қатнасыўында мәмлекетлик қаржы системасын басқарыўды реформалаў, ишки ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар ушын бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша комплексли илажлар ислеп шығылмақта.
– Бюджет системасын, мәмлекетлик мақсетли қорлардың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм орынлаў ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етип барыў бюджеттиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти,-дейди Қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Исмонжон Мамажанов. -Усыларды инабатқа ала отырып, Қаржы министрлиги және БМШтың Раўажланыў бағдарламасы биргеликте елимиздиң 2018-жыл ушын мөлшерленген бюджети орынланыўын жәриялаўды режелестирген. Бул мағлыўмат пуқаралар ушын түсиникли тилде, қосымша пикирлер ҳәм инфографика тәризинде ислеп шығылды. Ҳүжжет жақын күнлерде халықтың итибарына усынылады.
Илаж қатнасыўшылары елимизде бюджет-салық сиясаты тараўында заман талапларына жуўап беретуғын жаңа реформалардың әмелге асырылып атырғанын, бунда халықаралық әмелиятты ҳәм тәжирийбени үйрениў тийкарында миллий көзқараслар қайта көрип шығылып атырғанын атап өтти.
Семинар шеңберинде халықаралық экспертлер бюджет-салық есабы, мәмлекетлик қаржы статистикасын дүзиўди улыўмалық тән алынған көрсеткишлер тийкарында алып барыў, қаржылардың қамтылыўы, бюджетти орта мүддетли режелестириў ҳәм бағдарламалық қаржы менен тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелерде өз усыныслары менен қатнасты.
– Орта мүддетке бюджетти режелестириў раўажланған еллердиң тәжирийбесинде көп ушырасады,- дейди Халықаралық валюта қорының кеңесгөйи Мат Крук. – Ол бюджет қаржыларын бөлистириўшилер ҳәм бюджет шөлкемлери ушын өз жумысының перспективаларын узақ дәўирге прогнозлаў имканиятын береди. Өзбекстанда да усы жылдан орта мүддетли бюджет ислеп шығылды, биз буны жоқары баҳалаймыз. Оның басқышпа-басқыш, мақсетли әмелге асырылыўында өз-ара пикирлесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў үлкен әҳмийетке ийе.
Есап бериў дәўиринде мәмлекетлик бюджет қаржыларының нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлери, мақсетли қорлар қаржыларының белгиленген өлшемлер шеңберинде орынланыўы бойынша мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе. Пикирлесиў даўамында мәмлекетлик бюджет дәраматларының қәлиплесиўи ҳәм қәрежетлериниң жумсалыўында макро-фискаль тенденцияларды таллаў ҳәм қаржы көрсеткишлерин улыўма баҳалаў мәселелериниң зәрүрлиги атап өтилди.
Экспертлердиң пикиринше, Өзбекстан Халықаралық валюта қорының салық-бюджет тараўында анықлық мәселелери бойынша кодексине муўапық өткерилген баҳалаў процесинде белсене қатнаспақта. Бул елимиздиң салық-бюджет мағлыўматларының жәриялылығын тәмийинлеўде халықаралық жәмийетшиликке интеграцияласыў жолындағы умытылысын көрсетеди.
Илаж соңында елимиздиң Халықаралық бюджет бирге ислесиў шөлкеми тәрепинен өткерилетуғын бюджеттиң ашық-айдынлығы сораўында қатнасыўы бойынша перспективада орта мүддетли ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўға келисип алынды.
Улуғбек ШОНАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги