Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мәденият

Қызғын қутлықлаўлар

22.03.2021СиясатДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Президент «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасынан кимлерди сыйлықлады?

04.03.2021ҲүжжетлерДерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен, елимизде әзиз ҳәм қәдирдан ҳаял-қызларға мүнәсип ҳүрмет көрсетиў, апа-сиңлилеримиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орнын ҳәм абырайын арттырыў, өзиниң көп жыллық нәтийжели мийнети, бай әмелий тәжирийбеси менен шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты беккемлеў, перзентлеримизди Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысларына үлкен үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымызды мүнәсип қәдирлеў мақсетинде және елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформаларда белсене қатнасып, жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абадан турмысын жетилистириў жолында баслама ҳәм ибрат көрсетип киятырғаны ушын бир топар ҳаял-қызлар ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.