Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қызғын қутлықлаўлар

2021-03-22 | Сиясат

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Қутлықлаўларда мәмлекетимизде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар ҳәм жаңаланыўларда ерисилген салмақлы жетискенликлер ҳәм үлкен табыслар айрықша атап өтилген.

Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирген.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан және өзимниң атымнан Сизди ҳәм Сиз арқалы Өзбекстан ҳүкиметин ҳәм халқын Өзбекстанның дәстүрий байрамы Наўрыз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Сизиң исенимли басшылығыңыз астында кейинги жылларда Жаңа Өзбекстанды қурыў жедел даўам еттирилмекте, мәмлекетти раўажландырыўдың барлық бағдарларында әжайып табысларға ерисилмекте, буннан болса Өзбекстанның жақсы қоңсысы ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериги сыпатында Қытай қызғын қуўанбақта.

Мен Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақтаман ҳәм Сиз бенен биргеликте еки мәмлекет ҳәм халық тыңабаданлдығы жолында еки тәреплеме қатнасықларды жаңа тарийхый шараятларда үзликсиз раўажландырып барыўға таярман.

Сизге беккем денсаўлық, мәмлекетшилик жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Дос Өзбекстан халқына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Сизге  ҳәм Өзбекстан халқына Наўрыз тыныш, бахытлы ҳәм абадан болыўын тилеймен.

Аўғанстанда урысқа шек қоятуғын, турақлы ҳәм дипломатиялық шешимди тәмийинлейтуғын тынышлық  процесин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы биргеликтеги жумысларымызда Наўрыз байрамы бизге тынышлық оғада әҳмийетли байлық екенлиги ҳаққында еслетпе болып хызмет етеди.

Быйылғы жылы Өзбекстанның ғәрезсизлигине  30 жыл толады. Кейинги жылларда Сиз әҳмийетли реформаларды әмелге асырдыңыз ҳәм мениң Администрациям бул  жетискенликти даўам еттириў ушын мәмлекетиңиз бенен бирге ислесиўге таяр.

Биз, сондай-ақ, бес жыл бурын Мәмлекетлик хаткер Жон Керри басшылығында басланған «C5+1» сөйлесиўи шеңбериндеги бирге ислесиў даўам ететуғынына үмит етемиз.

Сизге ҳәм Өзбекстан халқына усы жаңа жылда ҳәм жаңа бәҳәр мәўсиминде ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Наўрыз мүбәрек!

Ҳүрмет пенен,

Жозеф Робинетт БАЙДЕН,

Америка Қурама Штатлары Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Бәҳәр аййямы – Наўрыз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Жаңаланған өмир басланатуғынан дәрек бериўши муқаддес Наўрыз тәғдири ҳәм өтмиши бир болған туўысқан халықларымызға әўмет ҳәм раўажланыў алып келсин.

Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы улыўма мәнаўий қәдириятлар ҳәм дослыққа, стратегиялық шерикликке тийкарланған өз-ара пайдалы, кең көлемли қатнасықлар буннан былай  да жедел раўажлана берсин.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар, туўысқан өзбек халқына болса тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Нурсултан НАЗАРБАЕВ,

Қазақстан Республикасының

Биринши Президенти – Елбасы

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм ўатанласларыңызды Наўрыз әййямы менен шын жүректен  қутлықлайман.

Жоқары мәнаўий қәдириятларды өзинде жәмлеген бул пайызлы бәҳәрий байрам мәнаўий жаңаланыў, раўажалыныў ҳәм үйлесимликке шақырады. Жүреклеримизге жақсылық ҳәм шадлық, бахыт сезимин ҳәм айдын келешекке үмит бағышлайды.

Бизиң уллы ҳәм улыўма мийрасымыз сыпатында Наўрыз Қазақстан ҳәм Өзбекстан халықларының дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли орын тутады, еки мәмлекеттиң стратегиялық шериклигин беккемлеўге хызмет етеди.

Усы әййям күнлеринде, ҳүрметли Шавкат Миромонович, мәмлекетиңиздиң раўажланыўы ҳәм избе-из раўажланыўына қаратылған барлық жақсы ҳәрекетлериңизге үлкен табыслар, туўысқан өзбек халқына болса абаданлық ҳәм тынышлық тилеймен.

Наўрыз ҳәр бир үйге берекет ҳәм абаданлық алып келсин!

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,

Қазақстан Республикасы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, әзиз туўысқаным!

Халықаралық Наўрыз әййямы мүнәсибети менен Сизге ҳәм Сиз арқалы туўысқан Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларымды  жоллаўға  және абаданлық ҳәм раўажланыў тилеўге руқсат еткейсиз.

Пүткил адамзат бай мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги сыпатында тән алынған Наўрыз байрамы тәбияттың ояныўы, тиришилик салтанаты ҳәм бәҳәр гөззалығының белгиси есапланады. Өз-ара ҳүрмет, тынышлықты сүйиўшилик ҳәм жақсы қоңсышылық дәстүрлерин өзинде жәмлеген бул пайызлы байрам халықларымыздың аўызбиршилигин ҳәм дослығын беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе.

Бул әжайып әййям Сиз ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына бахыт-ығбал, шадлық ҳәм жаңа табыслар алып келсин!

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм дос Өзбекстанның халқын халықаралық Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди жоллаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.

Ата-бабаларымыздың қәдирли мийрасы болған бурынғы Наўрыз бүгинги күнде Жер шарының түрли мүйешлериндеги миллионлаған адамлар ушын бәҳәр, тәбияттың ояныўы, өз-ара  татыўлық ҳәм ҳүрмет, раўажланыў жумыслары ҳәм жақсы нийетлердиң белгиси екенлигин атап өтиўден қуўанышлыман.

Мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықлары мүбәрек Наўрыздың турақлы дәстүрлерине сүйенген ҳалда  буннан былай да иркинишсизраўажланып баратуғынына, жаңа мәнис ҳәм мазмун менен байып, және де кеңейетуғынына ҳәм беккемленетуғынына исенемен.

Бүгинги байрам қуўанышынан пайдаланып, Сизге, әзиз достым ҳәм туўысқаныма беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа жеңислер, дос Өзбекстан халқына болса – тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Наўрыз мүбәрек!

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қырғызстан халқы атынан ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын бәҳәрий Наўрыз әййямы менен қутлықлайман!

Ата-бабаларымыз бурыннан бул байрамды жақсы ой ҳәм жақсы нийетлер менен күтип алған, келешекке үмитлерин Наўрыз бенен баланыстырған.

Еки мәмлекет арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм дослыққа тийкарланған стратегиялық шериклик халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да беккемленип баратуғынына беккем исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өз атымнан ҳәм Әзербайжан халқы атынан Сизге ҳәм сиз арқалы туўысқан  халықларымыздың бай миллий мәнаўий мийрасын  өзинде жәмлеген Наўрыз байрамы мүнәсибети менен жақсы тилеклеримди билдиремен.

Тәбиятты оятыўшы, адамларға жаңа кейпият үлестириўши бул бәҳәрий байрам өз-ара татыўласыў, дослық ҳәм аўызбиршиликти билдиреди.

Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў Наўрыздың жақсы қәдириятларын жоқары қәдирлейтуғын халықларымыздың ерк-ықрары менен буннан былай да кеңейип, беккемленип барыўына исенемен.

Бул пайызлы әййямда Сизге беккем денсаўлық, жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса – тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳам АЛИЕВ,

Әзербайжан Республикасы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллаҳи ва баракатуҳу.

Ҳүрметли Президент Мырза!

Әййемги Наўрыз, бәҳәр мәўсими және ҳижрий-шамсий 1400 жылдың кирип келиўи мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаны және Өзбекстан Республикасының уллы халқын шын жүректен қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Бәҳәр шебер бир сүўретши сыяқлы тәбият көксине сүўрет салып, жердиң жүреги ҳәм руўхына тиришилик ҳәм жаңаланыў нәпесин бағышлап, жақсылық көринисин жер бетине жаяды. Үмит ҳәм қуўаныш  бағышлайтуғын және қайғыдан қутқарыўшы меҳр-муҳаббатқа толы әййемги Наўрыз жаңаланыў ҳәм жаңа көзқарас белиси болып есапланады.

Биз адамлар да тәбият сыяқлы мәўсимниң жаңаланыўы менен жүрегимиз ҳәм руўхымызды бәҳәр кейпияты менен толықтырамыз, шаршаў ҳәм димарсызлықтан қутылып, руўх ҳәм ой-пикирдиң тетиклиги және денсаўлық ушын имканият жарата аламыз, деп үмит етемен.

Өткен жылы пүткил дүньяда COVID-19 пандемиясы тарқалыўы және оның көплеген  экономикалық ҳәм социаллық ақыбетлериниң гүўасы болдық. Жаңа жылда мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди және де кеңирек жолға қойып, коронавирус инфекциясы тарқалыўын қадағалаўға алыў ҳәм тоқтатыўға ерисемиз, Наўрыз болса халықларымыз ушын  жаңа бир дәўирди баслап береди және  дүньяның барлық мәмлекетлерине қуўаныш, берекет, денсаўлық ҳәм  тынышлық алып келеди, деп үмит етемиз.

Қәдир Аллаҳтан Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға, денсаўлық ҳәм табыс, Өзбекстан Республикасы халқына берекетли турмыс ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Ҳасан РУҲОНИЙ,

Иран Ислам Республикасы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллаҳи ва баракатуҳу.

Ҳүрметли Президент Мырза!

Жаңа 1400 ҳижрий-шамсий жыл ҳәм халықаралық Наўрыз байрамы кирип келиўи мүнәсибети менен Аўғанстан халқы атынан Сиз, Уллы Мәртебели Мырза ҳәм дос Өзбекстан Республикасы халқына өзимниң қызғын қутлықлаўларымды тилеймен.

Аўғанстан халқы қоңсы мәмлекетлер ҳәм халықаралық  дослар менен биргеликте бул қутлы сәне, әййемги дәстүримиз ҳәм бир мәдений мийрасымыз болған Наўрыз байрамын белгилеп атырғанынан  қуўанышлыман.

Наўрыз байрамы бир-бирине дос болған халықларымыз арасындағы дослық, аўызбиршилик, бирге ислесиў ҳәм жақынлықты беккемлеў ҳәм  тереңлестириўде ески қәдириятымыз сыпатында  инкар етип болмайтуғын абырайға ийе болып есапланады.

Тәбияттың бул көркем әййямы  алып келетуғын  гөззалыққа шүкирлик билдирген ҳалда, дослық қатнасықлар, әҳмийетли регионаллық жойбарлар ҳәм бағдарламалар бойынша жумыслардың кеңейиўине, экономикалық раўажланыў ҳәм исенимлилик турақлы болыўына телеклеспиз.

Бул пайызлы байрам мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаны және бир мәрте қутлықлаған ҳалда, Сизге беккем денсаўлық, Өзбекстан халқына болса турақлы бахыт ҳәм үлкен раўажланыў тилеймен.

Ашраф ҒАНИ,

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллаҳи ва баракатуҳу.

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға қызғын қутлықлаўымды ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаўдан  оғада қуўанышлымыз.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, дос Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Салмон ибн Абдулазиз Ол САУД,

Еки муқаддес мешит хызметкери,

Саудия Арабстаны Патшасы

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ассалаўма әлейкум ва раҳматуллаҳи ва баракатуҳу.

Сиз Уллы Мәртебели Мырзаға қызғын сәлемлеримди жоллап, Сизге беккем денсаўлық ҳәм бахыт, ақылға уғрас басшылығыңызда дос халқыңызға раўажланыў және дос мәмлекетиңизге жетилисиў ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Наўрыз байрамы жақынласып келиўи мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға қызғын қутлықлаўымды жоллаған ҳалда быйылғы жыл Сизге ҳәм халқыңызға берекет ҳәм шадлық алып келиўин тилеймен.

Достымыз, Уллы Мәртебели Президент Мырза, бизлерди бирлестирип туратуғын дослық қатнасықларын беккемлеўге ҳәм шериклик қатнасықларын халықларымыздың мәплери жолында және де раўажландырыўға таяр екенлигимизди атап өтемиз.

Байрамыңыз мубәрек болсын!

Сизди Алланың өзи панасында сақласын.

Шайх Муҳаммад бин Рошид ол МАКТУМ,

Бирлескен Араб Әмирликлериниң

Вице-президенти, Бас Министри,

Дубай әмирлигиниң ҳәкими

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Мырза!

Израиль халқы ҳәм мәмлекети атынан Сиз, шаңарағыңыз ҳәм өзбек халқын бахытлы ҳәм абадан Наўрыз байрамы менен қутлықлыйман. Өзбекстан Республикасы бәҳәрдиң молшылығы, дәрьяларда суўдың молшылығынан ҳәм тәбияттың таўсылмас байлықларынан қуўаныўыңызды  тилеймен.

Мың жыллар даўамында Өзбекстан ҳәм Израиль халықлары тәбияттың ояныўы ҳәм жаңаланыўынан дәрек бериўши уллы бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўин белгилеп келген. Наўрыз ҳәм Фисиҳ байрамларын белгилейтуғын екенбиз,  өтмиштеги ҳәм ата-бабаларымыздың дәстүрлери мәмлекетлеримизди байланыстырып турыўды даўам етеди және еки тәреплеме қатнасықларымызды кеңейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Ҳүрмет пенен,

Реувен РИВЛИН,

Израиль Мәмлекетиниң Президенти

   *   *   *

Сондай-ақ,

Палестина Мәмлекетиниң Президенти Маҳмуд АББОС,

Саудия Арабстаны Патшалығының мийрасқоры, Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, қорғаныў министри Муҳаммад ибн Салмон ибн Абдулазиз Ол САУД,

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол НАҲАЁН,

Евроазия экономикалық комиссиясы коллегиясының баслығы Михаил МЯСНИКОВИЧ,

Түркий тиллес мәмлекетлер кеңесиниң Бас хаткери Бағдад ӘМРЕЕВ,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Владимир НОРОВ  ҳәм басқалар қутлықлаўлар жоллаған.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться